Өткен күни Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы тәрепинен Нөкис қаласындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 5-6-7-класс оқыўшылары ушын «Робототехниканың раўажланыўы ҳәм оның ҳәзирги ўақыттағы қолланылыўы» темасында мастер-класс өткерилди.
Мастер-класс сабақларында филиалдың мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўы бойынша кәсиплик билимлендириў кафедрасының баслығы Ю.Қутлымуратов, үлкен оқытыўшысы Ҳ.Омарова ҳәм 4-курс студенти З.Мақсетбаевлар тәрепинен әмелий сабақлар өтилип, тараўдың өзгешеликлери туўралы түсиниклер берилди.
Мастер-класс даўамында оқыўшылар аралықтан басқарылып турған киши техникалардың ҳәрекетлениўин көрип, буған үлкен қызығыўшылық билдирди ҳәм қәнигелерден мәлимлеме-технологиялары ҳәм робототехника ҳаққында өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен усындай мастер-класслардың шөлкемлестириўи, әлбетте, ҳәзирги заманагөй технологиялар раўажланған дәўирде керекли болған усы тараўға қызығатуғын жаслар санының артыўына хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги