Кувейттиң «The Times Kuwait» газетасында Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комисиясының басшысы Танзила Норбоеваның елимизде мийнет қатнасықларының раўажланыўына бағышланған мақаласы басып шығарылды.

Кейинги жыллары Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, мийнет қатнасықлары ҳәм мийнет базарын раўажландырыў, халықтың турмыс сапасын жоқары дәрежеге көтериў ҳәм инсан мәплерин тәмийинлеўге қаратылған ҳәрекетлер БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерине ҳәр тәреплеме сәйкес келиўи мақаланың тийкарғы мазмун-мәнисин қурайды.

Сондай-ақ, материалда «Халық мәмлекетлик уйым ушын емес, мәмлекетлик уйымлар халық ушын хызмет етиўи керек» ҳәм «Жәмийет реформалар басламашысы» принциплери тйикарында да ашып берилген.

– Мәмлекетимиз басшысының сиясий ерк-ықрары себепли инсан ҳуқықлары менен кепиллигин тәмийинлеў, мәжбүрий мийнетке, соның ишинде, балалар мийнетин сапластырыў бойынша анық нәтийжелерге ерисиў мүмкин екенлиги дәлилленди,-деп жазады Т.Норбоева. – Мийнет қатнасықлары тараўында әмелге асырылып атырған илажлар әллеқашан дүнья жәмийетшилигиниң нәзерин өзине қаратты. Мәселен, «Cotton Campaign» халықаралық коалициясының Өзбекстанға қарсы «пахта бойкоты» бийкар етилди.

Сенат баслығы 2016-жылдан баслап Өзбекстанда системалы түрде балалар мийнети сапластырылып баслағаны, 2021-жылға келип мәмлекет АҚШтың адам саўдасы бойынша есабатында орнын жақсылап, екинши категорияға ийе болғанын айрықша атап өтти. 2019-2021-жыллары усы бағдарда миллий көлемде 32 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилген, Халықаралық миграция шөлкеминиң бир қатар конвенция ҳәм билдириўлери ратификацияланған.

Автор ресупбликамызда Халықаралық мийнет шөлкеминиң жәрдеминде Бәнтлик стратегиясының ислеп шығылып атырғаны ҳаққында да мағлыўмат берген. «Ҳәзирги ўақытта мийнетке уқыплы халықтың саны 20 миллионға шамалас, бәнтлиги тәмийинленген пуқаралар 15 миллион, жумысқа мүтәжлар 1,5 миллионды қурайды», делинеди мақалада.

2021-2025-жылларға мөлшерленген мүнәсип мийнетти тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик бағдарламаға қол қойылғаны, Өзбекстан БМШ системасының реформасы жаңа талапларын есапқа алған ҳалда мәмлекетлик бағдарламаны бириншилерден болып ислеп шыққанына айрықша итибар қаратылған.

Б.Худойбердиев,

ӨзА