Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Ғайрат Фозилов Швеция Патшалығының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси (резиденциясы Стокгольм қаласында жайласқан) етип тайынланған Томас Данестадты қабыллады. Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети хабар берди.
Өзбекстан сыртқы сиясат уйымы басшысының орынбасары исеним жарлығын қабыл етип, Елшини жаңа лаўазымға тайынланғаны менен қутлықлап, оған уллы ҳәм жуўапкершиликли лаўазымдағы жумысында табыс тиледи.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан- Швеция күн тәртиби және халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери додаланды.
Сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм тәреплерди қызықтырған басқа да тараўларда өз-ара пайдалы байланысларды жеделлестириў бойынша усыныслар көрип шығылды.
ӨзА