Бүгинги күни елимизде муқаддес Рамазан айы ҳүким сүрмекте. Пүткил Ислам дүньясы ушын еӊ муқаддес деп саналатуғын бул айдыӊ пазыйлетлерин санап таўыса алмайсаӊ.
Сондай-ақ, Рамазан айында халқымыз бир-бирине көбирек жақсылықлар ислеп, оларға жәрдем көрсетиўге умтылған. Жетим-жесирлердиӊ басларын сыйпап, кем тәмийинленген шаӊарақларға қайыр-сақаўат көрсеткен.
Бул дәстүр бүгинги күни де еле даўам етпекте. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети дене мәденияты факультети жәмәәти де халқымыздыӊ бул әжайып дәстүрин жаслар арасында және де кеӊ ен жайдырыў, адамлар арасында бир-биреўге мийирманлық, жақсылық үлгилерин көрсетиў мақсетинде Нөкис қаласындағы « Қос-көл» мәкан пуқаралар жыйынында болып, жыйын баслығы Убайхан Халмуратов пенен биргеликте бир қатар кем тәмийинленген шаӊарақларда болып, олардыӊ ҳал-жағдайларынан хабар алды ҳәм бир неше түрдеги азық-аўқатлық затларды тапсырды.
Әлбетте, университет жәмәәти ҳәм студент-жасларыныӊ көрсеткен бул қайырлы ислерине кеўли толған пуқаралар илаж шөлкемлестириўшилерине өзлериниӊ миннетдаршылықларын билдирди
Гүлназ Қаниязова,
Бердақ атындағы ҚМУ Дене мәденияты факультети тьюторы