Усы жылдың 25-апрель күни социаллық тармақларда тарқалған бир топар қызлар тәрепинен бир қызды урып атырған жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Баспасөз хызмети рәсмий мағлыўмат берди.
Усы жағдай бойынша Нөкис қаласы Ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы тәрепинен алып барылған оператив сорастырыў даўамында пуқара Л.А.ның аўыз-еки көрсетпесине бола, усы жылдың 7-март күни саат шама менен 21:00 лер шамасында Нөкис қаласында жасаўшы Ю.С., Ж.Д., К.А.,М.Д. ҳәм Хожели районында жасаўшы Б.Г.лар өз-ара жәнжеллесип қалып, ҳәр түрли уят сөзлер менен мазақлаған. Буған шыдай алмаған Л.А С.Ю менен жәнжеллескен ўақтында С.Ю.диң жанындағы таныслары усы жәнжелге қосылып, Л.А.ны урып таслаған
Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы Ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы Тергеў бөлими тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги