Президентимиздиң басламасы менен әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде Елликқала районында нәл егиў, тәрбиялаў ҳәм сақлаўға байланыслы илажлар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, пуқаралар жыйынларындағы бос жер орынларында нәл егиў, қайырлы басламаларды әмелге асырыў, аймақларындағы жап-салмаларды тазалаў, егилген нәллерди азықландырыў ҳәм форма бериў, абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылмақта.
-Бул жумыслар жәмәәтимиз тәрепинен қоллап-қуўатланбақта,-дейди «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Елликқала районлық бөлимшесиниң баслығы Бахрам Юлдашев.-Атап айтқанда, райондағы 150 жәрдемге мүтәж кем тәмийинленген шаңараққа фондтың есабынан 2000 мийўе, 400 түптен аслам өнимдарлығы жоқары болған жүзим нәли тарқатылды.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте
Қарақалпақстан хабар агентлиги