Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
2022-жыл 18-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тарыўының ўәкиллери менен өткерилген «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» атамасындағы ашықтан-ашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Халыққа көрсетилип атырған басланғыш медициналық-санитариялық жәрдемниң сапасын жақсылаў, медицина хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;
басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринен узақта жайласқан мәҳәллелерде 2022-жыл даўамында мәҳәлле медицина пунктлерин шөлкемлестириў кестеси 2-қосымшаға муўыпық тастыйықлансын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев, А.Иноятов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-ноябрьдеги ПП-6110-санлы Пәрманы менен тастыйықланған шаңарақлық шыпакерлик пунктлерин ҳәм шаңарақлық поликлиникаларды шөлкемлестириў кестесине муўапық 2022-жылы 136 жаңа шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалар және 2023-жылы 140 жаңа шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумысын жолға қойыў илажларын көрсин.
- Шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң тийкарланған усынысларына муўапық жергиликли бюджет қаржылары есабынан Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келискен ҳалда шөлкемлестирилетуғыны;
аймақларда шаңарақлық шыпакерлик пунктлериниң тармағын буннан былай да кеңейтиў ушын 2023-жыл 1-январьдан баслап орынлардағы шаңарақлық поликлиникалар тийкарында шаңарақлық шыпакерлик пунктлери шөлкемлестирилетуғыны;
шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиника ҳәм районлық (қалалық) көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақты саат 20:00 ге шекем создырылатуғыны және оларда ислейтуғын медицина хызметкерлерине 2022-жыл 1 июньнен баслап қосымша үстеме ҳақы белгиленетуғыны;
2022-жыл 1-майдан баслап басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринен узақта жайласқан мәҳәллелерде мәҳәлле медициналық пунктлери шөлкемлестирилетуғыны;
халықтың профилактикалық медициналық тексериўлери, скрининг бағдарламалар ҳәм патронаж хызмети тек ғана Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған тәртипке муўапық ҳәм белгиленген мүддетлерде әмелге асырылатуғыны, басқа шөлкемлердиң бул процесске араласыўына жол қойылмайтуғыны белгиленсин.
- 2022-жыл 1-июльден баслап алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың шыпакерлери ушын «Аўыл шыпакери» бағдарламасы шеңберинде:
алыс ҳәм шетки аймақлардағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс ислеп атырған барлық шыпакерлердиң айлық мийнет ҳақысына қосымша 2 миллион сум муғдарында ҳәр айлық үстеме белгиленеди және оларға ипотека тийкарында турақ жай сатып алыўда турақ жай баҳасының 50 процентине шекемги бөлеги, бирақ базалық есаплаў муғдарының 500 есесинен аспаған муғдарда жергиликли бюджет қаржылары есабынан қаплап бериледи;
алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз үш жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынақларысыз қабыл етиледи.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери бир ай мүддетте шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардағы шыпакерлерге болған талапты мәҳәллелер кесиминде анықлаў, шыпакерлерди тартыў ҳәм зәрүрликке қарай келешекте оларға турақ жай ажыратыў илажларын көрсин.
Министрлер Кабинети Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте жаңаланған алыс ҳәм шетки аймақлардың дизимин тастыйықласын.
- 2022-жыл 1-сентябрьден баслап шыпакерлердиң жеке тәртипте шаңарақлық шыпакерлик жумысын жүргизиўге рухсат берилсин.
жеке тәртипте шаңарақлық шыпакерлик жумысын жүргизиў ушын өз алдына медициналық мәкеме ашыў талап етилмейтуғыны ҳәм бул категориядағы шыпакерлерге өз үйинде ямаса ижараға алынған имаратта медициналық хызмет көрсетиўге рухсат берилетуғыны;
жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлерге өзине бириктирилген халыққа бийпул көрсетилип атырған хызметлер ушын төлем Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы берилетуғыны;
жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлик жумысын жүргизиў тәжирийбеси дәслеп 2022-жылдың ақырына шекем Сырдәрья ўәлаятында, кейин ала басқышпа-басқыш басқа аймақларға да енгизилетуғыны белгиленсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте үш ай мүддетте жеке тәртиптеги шаңарақлық шыпакерлик жумысын жүргизиўдиң талапларын ҳәм оның жумысын қаржыландырыў тәртибин тастыйықласын және әмелиятқа енгизсин.
- Районлық (қалалық) көп тармақлы орайлық поликлиникаларда мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызмет көрсетиў түрлеринен тысқары хызмет түрлерин төлемли тийкарда шөлкемлестириўге рухсат берилсин.
төлемли хызметлерден келип түскен қаржылардың 75 процентке шекемги бөлеги районлық (қалалық) көп тармақлы орайлық поликлиникалардың медицина хызметкерлерин хошаметлеўге қаратылатуғыны белгиленсин.
- 2022-жыл 1-августтан баслап шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў бойынша жаңа рейтинг системасы енгизилсин. Онда:
аймақта артықша салмақтан қутылыў, дурыс аўқатланыў принциплерине әмел етиў, физикалық белсендиликти арттырыў, инфарк, инсульт, қантлы диабет, онкология сыяқлы кеселликлердиң алдын алыў бойынша көрсеткишлер тийкарғы норма болады;
ҳәр алты айда унамлы көрсеткишлерге ерискен медицина хызметкерлери хошаметленеди және ең жақсы нәтийже көрсеткен медицина мәкемеси сыйлық ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады;
бул система 2022-жылы Ташкент қаласының Алмазар районындағы 11 және Наманган ўәлаятының Уйчи районындағы 12 шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда, 2023-жылдан баслап басқышпа-басқыш барлық аймақларға енгизиледи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте үш ай мүддетте ҳәр бир аймақ халқының медициналық көрсеткишлеринен келип шығып, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникалардың жумыс нәтийжелилигин баҳалаў бойынша жаңа рейтинг системасын ислеп шықсын ҳәм әмелиятқа енгизсин.
- 2022-жыл 1-сентябрьден баслап медицина системасы басшыларының халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине және мәкан пуқаралар жыйынларына есап бериў тәртиби енгизилсин.
районлық (қалалық) көп тармақлы орайлық поликлиникасы, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм шаңарақлық шыпакерлик пунктлериниң баслықлары мәкан пуқаралар жыйынларына;
районлық (қалалық) медицина бирлеспелериниң басшылары халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслерине;
ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармаларының баслықлары халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеслерине есап беретуғыны белгиленсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (О.Фозилкаримов) 2022-жыл 1-октябрьге шекем басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериндеги медициналық әсбап-үскенелерди хатлаўдан өткерсин.
Онда:
насаз медициналық әсбап-үскенелерди анықлап, оларды саз ҳалатқа келтириў ямаса жаңасына алмастырыў ушын зәрүр қаржыларды есап-санақ етиў;
Денсаўлықты сақлаў тараўы ушын Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын қаржылардың есабынан медициналық әсбап-үскенелердиң есабын ҳәм қадағалаўын жүргизиў бойынша электрон бағдарлама (платформа)ны 2022-жылы Сырдәрья ўәлаятында тәжирийбе тәризинде енгизиў ҳәм тәжирийбениң нәтийжелери бойынша 2023-жылдан баслап басқа да аймақларға басқышпа-басқыш енгизиў илажларын көрсин.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) хатлаўдың нәтийжесинен келип шығып, медициналық әсбап-үскенелерди (физиотерапиялық, лабораториялық, тексериў ҳәм басқалар) саз ҳалатқа келтириў ямаса жаңалаў ушын зәрүр қаржыларды ажыратыў бойынша усыныс киргизсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев):
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Шерматов) менен биргеликте 2022-жыл 1-ноябрьге шекем мәмлекет тәрепинен халыққа бийпул көрсетилетуғын медициналық хызметлер ҳәм берилетуғын дәри препаратларының көлеми ҳаққында мағлыўматларды бериў имканиятын беретуғын мобиль қосымшаны жаратсын ҳәм әмелиятқа енгизсин;
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем Әндижан, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы медициналық жоқары оқыў орынлары клиникаларының нейрохирургия бөлимлери тийкарында юридикалық статусқа ийе болмаған аймақлараралық нейрохирургиялық орайларды шөлкемлестирсин.
- Өзиниң мәҳәллесинде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаған, жеке үлги көрсеткен медицина хызметкерлери ҳәм жәмийетлик ўәкиллери ушын «Халық саламатлығы сақшысы» көкирек белгиси шөлкемлестирилсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) еки ай мүддетте «Халық саламатлығы сақшысы» көкирек белгиси ҳаққындағы режен жойбарын тасыйықлаў ушын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-июньнен баслап қан менен тиккелей ислесип атырған мәмлекетлик медициналық мәкемелердиң хызметкерлерин гепатит «В» кеселлигине қарсы бийпул шаншыў әмелияты енгизиледи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте усы бәнтте нәзерде тутылған илажды әмелге асырыўға зәрүр қаржылардың Мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев) Қаржы министрлиги (Т.Ишметов), Мәмлекетлик қамсызландырыў қоры (Ф.Шарипов) менен биргеликте ҳәр жылы 1000 ға шекем жеңилликке ийе болмаған, узақ жыллар даўамында мәмлекетлик медициналық мәкемелерде мийнет етип атырған наўқас медицина хызметкерлерине Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының қаржылары есабынан жоқары технологиялық операцияларды өткериў әмелиятын жолға қойсын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.Мусаев), Мәмлекетлик медициналық қамсызлардырыў қоры (Ф.Шарипов) еки ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған медицина хызметкерлерин емлеўге жибериў тәртибин тастыйықласын.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар пенен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев, денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары А.Ш.Иноятов, денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары О.Р.Фозилкаримов, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының атқарыўшы директоры Ф.Р.Шарипов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиевке жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-ноябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясына мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 25-апрель