Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң баспасөз хызмети тәрепинен дүньяның бир қатар мәмлекетлеринде тарқалып атырған белгисиз инфекция балалардың баўырына зыян келтирип атырғаны ҳаққында хабар етилген еди.

Министрликтиң атап өтиўинше, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми кеше болып өткен брифингте бул қәўипли кеселлик бойынша қосымша мағлыўмат берди.

Атап өтилиўинше, бул вирустың белгилери гепатит белгилери менен жүдә уқсас. Бирақ тексериўлерде гепатиттиң ҳеш бир, яғный А, В, С, D ҳәм Е түрлерине тийисли емеслиги мәлим болды. Ҳәзирге шекем бул кеселликке шатылған балалардың саны Уллы Британияда 114, Испанияда 13, АҚШта 9, Данияда 6, Ирландияда 5, Израилда 2 баланы қурамақта. Нидерландия ҳәм Италияда да төртеўден инфекция анықланды.

Сондай-ақ, Франция ҳәм Норвегияда да екеўден, Бельгия ҳәм Руминияда болса  биреўден белгисиз вирус анықланды. Анализлерге қарағанда, наўқаслардың арасында бир айлық нәрестеден 16 жасар жас өспиримге шекем бар. Ең жаманы олардан биреўи қайтыс болды. Ҳәзир кеселлик жуқтырғанлардың он процентиниң өмири қәўип астында. Оларға опаратив түрде баўыр трансплантациясын өткериў талап етилмекте.

ЖДСШның билдириўинде қәстеликте қарын аўырыўы, диарея, қайтарыў сыяқлы белгилер болатуғыны айтылады. Көпшилик жағдайларда жоқары дене температурасы бақланып атырғаны жоқ. Бирақ дәслепки анализлерге бола, 74 наўқас балада аденавирус белгилери бақланған. Соған қарамастан, қәнигелер кеселликтиң келип шығыўы қайсыдур түрге тийисли болған вируслар менен байланыслы, деген анық жуўмақты айтыўға асыққаны жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги