Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине кириўде ең жоқары балл жыйнаған 200 жас ушын Президент гранты енгизилген.

Грантта жеңимпаз болған студентлерге Президент мәмлекетлик стипендиясы тайынланады ҳәм төленеди.

Онда студентке:

– Президент гранты ушын белгиленген стипендия екинши курстың оқыў жылы басынан айма-ай төленеди ҳәм усы мүнәсибет пенен оған улыўма шәртлерде белгиленетуғын стипендия тайынланбайды;

– оқыў семестриниң жуўмағына бола кеминде бир пәннен өзлестириў көрсеткиши «жоқары» баҳа болмағанда, Президент грантының ийелерине келеси оқыў семестри даўамында улыўма тәртипте белгиленетуғын стипендия тайынланады ҳәм төленеди;

– гезектеги оқыў семестриниң жуўмағы бойынша барлық пәнлер бойынша өзлестириў көрсеткиши тек ғана «жоқары» баҳа болғанда, Президент гранты ушын белгиленген стипендия қайта тайынланады ҳәм төлеп бериледи;

– оқыўдың ақырына шекем Президент грантын үзликсиз алған студентлер бакалавриат тәлим бағдарына сәйкес ҳәм түрлес қәнигелик бойынша магистратураға кириў имтиханларысыз қосымша мәмлекетлик грант тийкарында студентликке қабыл етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги