Францияның әмелдеги Президенти Эммануэль Макрон сайлаўдың екинши басқышында 58,55 процент даўыс топлады, деп мәлим етти мәмлекеттиң ишки ислер министрлиги жүз процент даўысты есаплап шыққаннан кейин.

Макронның қарсыласы, «Миллий бирлесиў» ультра оң партиясының жетекшиси Марин Ле Пен 41,45 процент даўыс пенен шекленген. Ол өзиниң жеңилгенин тән алғаны айтылмақта, бирақ французлар алдындағы миннетлемесин орынлаўда даўам етиўге ўәде берген. Ле Пенниң билдириўинше, оның партиясы енди парламентлик сайлаў ушын үлкен гүрести баслайды.

Даўыс бериў жергиликли ўақыт пенен саат 20:00 де жуўмақланған. Сайлаўда даўыс бериўшилердиң 63,23 проценти қатнасқаны мәлим болды.

Франция Президенти 5 жыллық мүддетке сайланады. Даўыс бериўде мәмлекеттиң 49 миллион пуқарасы қатнасыў ҳуқықына ийе. Сайлаўдың биринши басқышы 10-апрельде болып өткен еди, онда 12 талабан қатнасқан. Сол ўақытта мәмлекеттиң әмелдеги басшысы 27,84 процент, Ле Пен болса 23,15 процент даўыс топлаған еди.

Франция Конституция судының баслығы сайлаў жуўмақларын рәсмий түрде 27-апрель күни жәриялайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги