Ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде өткерилип атырған илажлар даўам етпекте.

Усындай илаж Тақыятас районында да өткерилди.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, «Жаслар қанаты», «Ҳаял-қызлар қанаты» белсендилери биргеликте усы райондағы Балалар үйине барып, ол жерде аймақтағы партия белсендилери менен биргеликте абаданластырыў илажларын өткерди.

Илаж қатнасыўшылары тәрепинен «Жасыл мәкан» илажы шеңберинде балалар үйи әтирапындағы атызларға 100ге шамалас мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды.

Жойбар шеңберинде егилген нәллердиң кейинги тәрбиялаў жумысларын партияның аймақлық басланғыш шөлкеминиң ағзалары өз жуўапкершилигине алды.

Орынларда бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги