Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинде, ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги менен биргеликте «Туризмди үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыў айлығы» шеңберинде ушырасыў шөлкемлестирилди.
Оған тараў қәнигелери, туризм тараўы менен шуғылланып атырған исбилерменлер, туроператорлар ҳәм усы тараўда билим алып атырған студент-жаслар қатнасты.
Атап өтилгениндей, өткен жыл даўамында республикамызда туризм ҳәм спорт тараўларында инвестициялық жойбарлар шеңберинде 16 жойбар иске түсирилген. Усы жойбарлар шеңберинде 16 миллиард сумлық инвестиция қаржылары өзлестирилген. Сондай-ақ, 69 жаңа жумыс орынлары жаратылған болып, быйылғы жылдың өткен дәўири даўамында туризм ҳәм оған байланыслы хызмет көрсетиў тараўлары бойынша инвестициялық жойбарлар шеңберинде 44 миллиард сумлық инвестиция қаржылары өзлестирилип, 8 жойбар иске түсирилген.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында жәми 288 мәдений мийрас ҳәм зыярат объектлери дизимнен өткерилген болып, солардың 131и археологиялық, 24и архитектуралық, 88и монументал объектлер, ал 45и дыққатқа ылайық орынлар болып, соннан 40тан аслам мәдений-мийрас объектлери туризм бағдарларына киргизилген.
Ушырасыўда тараў қәнигелери тәрепинен мийманхана бизнеси, туроператорлардың жумысы, елимиздеги музейлер, ең белгили саяхат жөнелислери ҳәм аймақта туризмди раўажландырыўда қарақалпақ өнерментшилигиниң әҳмийети ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Қатнасыўшылар айтылған мағлыўматлардан келип шығып, республикамызда туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша пикир-усынысларын билдирип, қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги