Рамазан ҳайыты алдында Өзбекстан делегациясы Чеченстанға барған ҳәм чечен жетекшиси Рамзан Қодировқа Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атынан қутлықлаў ҳәм арнаўлы саўға тапсырған.
Қодиров Телеграм каналында жазыўынша, ол Өзбекстан басшысының атынан «Пои калон ансамбли» 3D -сүўретти естелик саўғасын қабыл етип алған. Пои Калон – Бухарадағы архитектуралық комплекс болып, оның қурамына Калан минарасы, Калан мешити ҳәм Мир Араб медресеси киреди.
«Саўғаға қарап, оны қай жерге қойыўды ойлап атырман. Президент қалай ҳайран қалдырыўды биледи», деп жазған ол.
Сүўрет 115х70 см. көлемде болып, 3,4 кг. гүмистен таярланған, майдан ҳәм гүмбез алтын менен қапланған, нағысы болса алтын жапырағынан исленген.
«Әлбетте, Шавкат Миромонович, өзиниң мәмлекети ҳәм халқы ушын көп жумыслар ислеп атыр, дүнья бойынша Өзбекстан позициясын беккемлеп, дослық байланысларды күшейтип атыр. Өзбекстан халқының усындай уллы мәртебели президенти бар екенлиги олардың бахыты, деп билемен», деп жазған Рамзан Қодиров.
Қарақалпақстан хабар агентилиги