Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Тура Боболов басшылығындағы делегация  республикамызда болып, 2022-2023-жыллары  даўамында әмелге асырылатуғын жойбарлар, олардың орынланыў барысы менен танысты.

Нөкис халықаралық аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев салтанатлы жағдайда күтип алды.

Елимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық республикамыз халқының турмыс абаданлығын арттырыў, аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңадан исблерменлик субъектлерин шөлкемлестириў арқалы жумыс орынларын жаратыў, халықты қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыў бойынша Тақыятас районына Сурхандәрьялы ўәлаяты бириктирилген еди.

Мийманлар дәслеп район орайындағы Сурхандәрья ўәлаятының штабында болып, әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Атап өтилгениндей, ўәлаят ҳәкимлиги тәрепинен районда 2022-2023-жыллары  даўамында улыўма баҳасы 239,6 миллиард сумлық 19 жойбар әмелге асырылыўы ҳәм 1372 жаңа жумыс орнының жаратылыўы режелестирилген.  Атап айтқанда, санаат тараўында 10, аўыл хожалығында 4, хызмет көрсетиў тараўында 5 жойбар әмелге асырылады.

Бүгинги күни «Астана килем» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң «Кооперация тийкарында жүннен жип ийириў ҳәм гилем тоқыў хызметин шөлкемлестириў» жойбары тәрепинен ҳаял-қызлар гилем тоқыўға үйретилмекте. Сондай-ақ, басқа жойбарларға жерлерди аукционға шығарыў жумыслары алып барылмақта. Райондағы 20 шаңараққа инкубатор, 50 шаңараққа тигиў машиналары берилди.

Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигинде  Найманкөл аўыл пуқаралар жыйынында бир сотыхлы 100 парник қурып берилмекте. Районның суўғарыў системасын жақсылаў мақсетинде «Кенегес» каналының 5,7 километр ҳәм «Сүўенли» каналының 1,5 километр бөлеги тазаланды. Нәтийжеде 500 гектар суўғарылатуғын жер майданының суўғарыў системасы жақсыланды. Пиллешилик ҳәм бағшылықты раўажландырыў мақсетинде ўәлаят тәрепинен 7000 түп тут, 10000 түп мийўе ҳәм саяманлы терек нәли алып келинип, егилди. «Найманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында ўәлаят қәўендерлигинде «Аталар шайханасы»ның қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Мийманлар райондағы «Жаслар бағы»нда болды. Сондай-ақ, бир қатар улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумыслары менен танысты.

Илаж район орайындағы стадионда республикамыз ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы гала концерт пенен даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Т.Боболов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы