Арқа-батыс әскерий округинде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери, бир қатар министрликлер, кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген «Жас шегарашылар» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.
Ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўы ҳәм келешеги оның саламат ҳәм бәркамал жас әўладына байланыслы. Бүгинги миллий қәдириятлар, халықлардың мәденияты менен өзлигине қәўиплер, жат идеяларды сиңдириўге болған урыныўлар күшейип баратырған глобалласыў дәўиринде өсип киятырған жасларды бундай иллетлерден қорғаў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.
Президентимиз тәрепинен елимизде ҳәр тәреплеме раўажланған, заманагөй билим ҳәм көнликпелерди пухта ийелеген, ана ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдирият және дәстүрлерге, кексе әўлад ўәкиллерине ҳүрмет, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхындағы жасларды тәрбиялаўға айрықша әҳмийет берилмекте. Олардың санасына миллий мақтаныш, Ўатанды сүйиўшилик, мийнетти сүйиў сыяқлы уллы пазыйлетлерди сиңдириў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Усындай илажларды избе-из даўам еттириў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыста 6 команда қатнасты. Қызғын ҳәм маўасасыз өткен жарыс жуўмағында Тахтакөпир районының «Қалқан-2» командасы биринши, Қоңырат районынның «Үстирт шегаралары» командасы екинши, Әмиўдәрья районының «Бургут» командасы үшинши орынды ийеледи.
Жарыс жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан командаларға шөлкемлестириўшилер, сондай-ақ, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан бөлими тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы