Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университинде 550 орынға мөлшерленген студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылды.
Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары С.Бузрукханов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳәм оны «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламасы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги «Республика жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлерди турақ жай менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў ҳақында»ғы қарары тийкарында, жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлерди турақ жай менен қамтып алыў дәрежесин арттырыў, барлық қолайлықларға ийе заманагөй студентлер турақ жайларын қурыў ушын қосымша шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Студентлер турақ жайының қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары ушын университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 14 миллиард сумнан зыят пул ажыратылып, «Инвест Строй Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип питкерилди. Заманагөй жойбар тийкарында қурылған студентлер турақ жайы 1 миллиард 21,7 миллион сумлық мебель үскенелери, музлатқыш, кир жуўыў машиналары, электр плиталар, телевизор ҳәм басқа да керекли турмыслық техникалар менен тәмийинленди.
Судентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, кеўилли дем алыўы ушын барлық шараят жаратылған. Президентимиз тәрепинен алға қойылған 5 басламаны жаслар арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде заманагөй мәлимлеме технологиялары, көмпьютер бөлмелери, мәлимлеме-ресурс орайы, түрли дөгереклер, соның менен бирге дем алыў, аўқатланыў ҳәм жуўыныў бөлмелери бар. Қәнигелердиң атап өткенинидей, келеси жылы усындай 550 орынға мөлшерленген студентлер турақ жайы пайдаланыўға тапсырылады.
Илаж қатнасыўшылары бул жерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери