Өзбекстан Республикасы Президентиӊ 2018-жыл 7-февральдағы қарарында белгиленген талапларды орынлаў мақсетинде, Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы мектептиӊ педагоглар жәмәәти дем алыс күнлери республикамыздыӊ бир қатар тарийхый орынларына саяхат етти.
Атап айтқанда, олар туризм тараўында бүгинги күни республикамыздыӊ мақтанышына айланған көп мыӊ жыллық тарийхқа ийе Әмиўдәрья районындағы Шылпыққала, Елликқала районындағы Топыраққала, Беруний районындағы Қызылқала ҳәм халқымыз тәрепинен муқаддес деп есапланатуғын тарийхый зыярат орны Султан Ўәйис баба мәдений естеликлеринде болып, бул жерлердиӊ пайда болыў тарийхы ҳәм бүгинги жағдайы менен жақыннан танысты.
-Ол жерде сырт елли көплеген саяхатшыларды ушыраттық,-дейди бизге мектеп муғаллими Тайыр Бекниязов.-Бул саяхатшылар ушын елимиздиӊ тарийхы ҳәм тәбияты оғада қызық екен. Сонлықтан олар бул жердеги ҳәр бир экспонатқа айрықша итибар менен нәзер таслайды. Саяхат даўамында бизлер де ата-бабаларымыз тәрепинен жаратылған бул тарийхый ескерткишлердиӊ тарийхын жақсы билиўимиз ҳәм оны қәстерлеп сақлаўымыз зәрүр екенлигин түсинип жеттик.
Шынында да мектеп жәмәәтиниӊ бул саяхаты муғаллимлерде өзгеше сезимлер оятып, олардыӊ руўхый дүньясыныӊ байыўына унамлы тәсир етти деп ойлаймыз. Себеби, «мыӊ мәрте еситкеннен, бир мәрте көрген жақсы» дегениндей, бул тарийхый орынларды өз көзиӊ менен көргенге не жетсин.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы