Нөкис қаласында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының «Өзбекстанның жасыл тиклениўи» жойбары шеңберинде «Жасыл раўажланыў, жасыл экономика, жасыл өсиў ҳәм гендерлик мәселелер» атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Семинарға Мойнақ, Тахтакөпир, Бозатаў районларындағы исбилермен ҳаял-қызлар, ҳаял-қызлар шөлкемлериниң белсендилери, жәми 45 ҳаял-қыз қатнасты.

Семинардың мақсети – усы мақсетли үш районда дәрамат табыўды үйретиўши илажлар арқалы жергиликли ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўдеги имканиятын арттырыў болып есапланады. Семинарда алған билимлери олар тәрепинен келешекте бизнес режелерин таярлаўында ҳәм ҳаял-қызлар ушын «жасыл» жумыс орынларын жаратыў арқалы дәрамат алыў мақсетинде өз жумысларын шөлкемлестириўде қолланылады.

– Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының «Өзбекстанның жасыл тиклениўи» жойбары 2021-жылдың январь айынан басланған болып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Наманган ўәлаятында өз жумысларын алып бармақта,-дейди жойбар қәнигеси Қаршы мәмлекетлик университетиниң экология кафедрасы оқытыўшысы Т.Рахимов. –  Жойбардың мақсети аз углеродлы жасыл бизнес модельлерин ҳәм  пандемиядан  соң жумыс орынларына бай экономикалық тиклениў ушын жасыл шешимлерди қоллап-қуўатлайтуғын инвестициялар ушын каталитик қатнас жасаўды тәмийинлеўден ибарат болып есапланады.

Жойбар шеңберинде Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ, Бозатаў ҳәм Тахтакөпир районларынан жасыл технологияларды раўажландырыў арқалы жергиликли халық ҳәм оның социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары ушын жумыс орынларын жаратыў ҳәм дәрамат дәреклерин арттырыўға қаратылған 9 жойбар таңлап алынып, БМШтың Раўажланыў Бағдарламасы тәрепинен керекли техникалар ҳәм үскенелер менен тәмийинленди. Сондай-ак, бул жойбарлар өзлериниң өндирисинде ҳәм хызмет көрсетиўлеринде экологиялық таза усыллардан пайдаланған ҳалда инновациялық технологиялардан пайдаланады ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўде «жасыл» жумыс орынларын жаратады.

Мойнақ районы бойынша жүнди қайта ислеў арқалы өним ислеп шығарыў, жасыл технологияларды қолланған ҳалда (тамшылатып суўғарыў үскенеси ҳәм қуяш панеллери) теплица жаратыў ҳәм қуяш энергиясы менен ислеўши инкубатор жәрдеминде қусшылықты раўажландырыў бағдарындағы жойбарларға керекли үскенелер алып берилди. (қуяш панеллери, қуяш нуры жәрдеминде суў ысытқышлар (водонагреватель), теплица ҳәм суў насослары)

Тахтакөпир районы бойынша 3 жойбар – үй қапталындағы жер майданынан нәтийжели пайдаланып отырған қыйтақ жер ийеси ҳәм стоматологиялық хызмет көрсетиўши ҳәм сүт өнимлерин қайта ислеўши исбилерменлердиң ҳәрекетин қоллап-қуўатлаўға қаратылған болып, солар тийкарында жаңа дәрамат дәреклерин жаратыў, халықтын бәнтлик дәрежесин кеңейтиў, ҳаял-қызларды хожалық ислерине тартыў нәзерде тутылған. Бул жойбарларға жасыл технологиялар есапланған қуяш панельлери, қуяш жәрдеминде суў ысытқыш, суў насослары ҳәм сүт өнимлерин сақлаў ушын суўытқышлар алып берилди. Нәтийжеде халыққа сапалы стоматологиялық хызметлер көрсетиў ҳәм сапалы сүт ҳәм сүт өнимлериниң жеткерип берилиўи тәмийинленеди.

Ал, Бозатаў районы бойынша қоллап-қуўатланған жойбарлар мектептиң социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўға, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге, аўыл-хожалығы ҳайўанлары ушын азықлық ислеп шығарыўдың жасыл технологияларға тийкарланған ҳалда жаңа усылларын енгизиўге қаратылған болып, оларға да жойбар тәрепинен қуяш панеллери, суў насослары ҳәм суў ысытқыш орнатып берилди.

«Өзбекстанның жасыл тиклениўи» жойбары 2022-жылы 30-майға шекем даўам етеди.

Семинар тренингте қатнасыўшыларға экология, жасыл технология, фермерлик, дийқаншылық, жумысты бөлип алып ислеўши хожалық, экологияны қорғаў, бизнестиң хызмет көрсетиў түри, хожалықты алып барыў бойынша жасыл технологиялардың қолланылыўы есапқа алынған бизнес-жоба дүзиў, жеңил санаат ҳәм туризмде киши исбилерменлик, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў бағдарында исбилерменликти жолға қойыў сыяқлы бир қатар мәселелер ҳаққында мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Қатнасыўшылар топарларға бөлинип, өз аймағындағы машқалалардың бири ҳаққында мағлыўматлар берип, оның шешимин табыўға ҳәрекет етти ҳәм пикир-усынысларын билдирип, алған билимлерин әмелий сынап көрди. Семинар-тренинг жуўмағында қатнасыўшыларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги