Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 23-апрель күни Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы Қарақалпақстан бөлими, сондай-ақ, Мойнақ районлық ҳәкимлиги шөлкемлестириўинде миллий ат ойынлары ашық турнири болып өтеди.
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети ашық турнир Мойнақ қаласына кирер жердеги «Мойнақ» стелласы әтирапында болып өтетуғынлығын мәлим етип, турнир бағдарламасын жәриялады.
Ашық турнир саат 09:00 де концерт бағдарламасы менен басланады. 10:00 ден баслап «Қыз қуўыў» жарысы, атта жүрип жерден теңге алыў, ат үстинде палўанлар гүреси, 3 айлаўға жорға, 5, 7 ҳәм 10 айлаўға ат шабысы, командалық ҳәм аламан көкпар ойынлары сыяқлы жарыслар өткериледи. Буннан соң турнир жеңимпазларын сыйлықлаў ҳәм жабылыў мәресими болып өтеди.
Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң қосымша етиўинше, турнир өткерилетуғын орында тамашагөйлер ушын аўқатланыў ҳәм саўда орынлары, арзанластырылған баҳада азық-аўқат өнимлери ярмаркасы да шөлкемлестириледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.