«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы басшылары тәрепинен исленген жумыслар бойынша «Елабад» посёлкалық пуқаралар жыйыны турғынларына есабат бериўи дәстүрге айланбақта. Буннан гөзленген мақсет, әмелге асырылып атырған жумыслар менен халықты жақыннан таныстырыў, өз гезегинде халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм биргеликте шешимин табыў болып табылады. Бул бағдардағы жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар бойынша қоспа кәрхана баслығы Жаҳонгир Мустафаев пенен сәўбетлестик.
-Кәрхана тәрепинен ушырасып атырған машқалаларды шешиў ҳәм өндиристи кеңейтиў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
-Бул бағдарда шөлкемлестириўшилер менен биргеликте илажлар ислеп шығылды. Президентимиздиң 2021-жыл 13-февральдағы «Химия санааты кәрханаларын буннан былай да реформалаў ҳәм қаржылай саламатландырыў, жоқары қосымша қунлы химиялық өнимлер ислеп шығарыўды раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде «Uz-Kor Gaz Chemical» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы менен биргеликте атмосфераны патаслаўшы 20,6 мың кубметр карбонат ангидрид пайдаланылған газди қайта ислеў жойбары әмелге асырылды. Бул кәрханамыздың өндирислик қуўатлылығын және де арттырып, жылына қосымша 10 мың тоннаға шамалас кальцийлестирилген сода ислеп шығарыў мүмкиншилигин берди. Өз гезегинде бул сап пайда ҳәм рентабельлиликти арттырды. Анығырақ айтатуғын болсақ өткен жылғы сап пайда алдыңғы жылға салыстырғанда дерлик 15 есеге артты.
-Алынған сап пайда есабынан қандай жумыслар режелестирилген?
-Быйылғы жылы Президентимиздиң республикамызға сапары ўақтындағы ушырасыўда «Елабад» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағынан «Жаңа Өзбекстан» массивин қурыў бойынша усынысымыз мақулланды. Жойбар тийкарында аймақта заманагөй қалаша қурыў талаплары бойынша қурылыс жумыслары әмелге асырылады. Бул жерде көп қабатлы турақ жайлар, социаллық тараў, базар инфраструктурасы ҳәм инженерлик объектлерди жайластырыў бойынша бас реже ислеп шығылды. Усыған муўапық массив ушын 200 гектар жер майданы ажыратылды.
Биринши басқышта 352 квартираға мөлшерленген 9 көп қабатлы турақ жай, 8 саўда дүканы, 180 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурылады. Екинши басқышта 352 квартираға мөлшерленген 9 көп қабатлы турақ жай, 8 саўда дүканы, 180 орынға мөлшерленген мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў режелестирилген. Буннан тысқары, 180 орынға мөлшерленген улыўма билим бериў мектеби, 50 орынға мөлшерленген аўыллық шыпакерлик пункти, пуқаралар жыйыны имараты, спорт саўалландырыў комплекси қурылады. Буларда, әлбетте, сап пайда есабынан қаржылар пайдаланылады. Жойбарды әмелге асырыўдан гөзленген тийкарғы мақсет, заводтың жумысшыларын турақ жай менен тәмийинлеў болып табылады.
–Жумысшылардың социаллық жақтан қорғалыўы қай дәрежеде?
-Белгили болғанындай, сап пайданың артыўы менен жумысшылардың мийнет ҳақылары да көбейди. Буннан басқа жыл даўамында берилетуғын сыйлық пулларының муғдары да арттырылды. Усы жылдың апрель айынан баслап кәрханада ислеўшилердиң мийнет ҳақысы 10 процентке көбейтилди.
Жәмәәтимизде ислеўшилердиң 40 процентин 30 жасқа шекемги жаслар қурайды. Көпшилик жергиликли жаслар жоқары оқыў орынларында билим алыў имканияты болмағанлығынан сыртқы тәлим бағдары бойынша билим алмақта. Кәрханаға маман, жоқары мағлыўматлы хызметкерлерди бириктириў, басшы лаўазымларға резервке алыў, олардың билим алыўы ушын қосымша шараят жаратыў мақсетинде сыртқы тәлим бағдары бойынша билим алып атырған 24 хызметкерге жәми 235 миллион сум шәртнама пулы кәрхананың есабынан төлеп берилди. Өткен дәўир ишинде хызметкерлердиң саламатлығын беккемлеў ушын санаторийлерге 58 жоллама берилди. Жолламалардың дерлик 80 процентиниң кәрхана ҳәм кәсиплик аўқамлары есабынан төлеп берилиўи олар ушын әдеўир жеңиллик болып табылады. Жазғы дем алыс ўақытларында балалардың саламатлығын беккемлеў мақсетинде Нөкис қаласындағы «Туран», Тақыятас қаласындағы «Айдын жол», Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыў орайларына 115 балаға бийпул жоллама берилди. Кәрхана хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын Бухара, Хийўа, Нөкис қалаларына, Мойнақ районына саяхатлар шөлкемлестирилип, түрли спорт жарыслары турақлы өткерилип келинбекте.
-Халықтан келип түсип атырған мүрәжатлар менен ислесиў қандай жолға қойылған?
-Аймақта жасаўшы халықтан келип түсип атырған ҳәр бир мүрәжат жумысшы топар тәреппинен үйренилип, кәрхана менен келисилген ҳалда қәрежетлерди төлеп бериў жолға қойылған. Усы күнге шекем 430 хызметкерге 235 миллион сум материаллық жәрдем көрсетилди. Хызметкер жасайтуғын турақ жайларда, жатақханаларда оңлаў жумыслары алып барылды. Келип түсип атырған мүрәжатларды есапқа алған ҳалда, патасланған суўды қайта ислеў усылында шорланған жерлерди өнимдарлы жерлерге айландырыў бойынша жумыслар қолға алынса, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеўге, экологиялық машқалалардың азыйыўына, топырақ өнимлардығының артыўына хызмет етеди. Солай екен, халықтың машқалаларын сапластырыў, олардың талап ҳәм өтинишлерин үйрениў, дәртин тыңлаў, машқалаларды илажы болғанынша орнында сапластырыў кәрхана басшыларының бәрқулла дыққат-итибарында болады.
Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы