2022-жыл 28-апрель күни Сенаттың жигирма бесинши жалпы мәжилиси шақырылады. Соның ушын ҳәзирги күнлерде Сенат комитетлери тәрепинен жалпы мәжилисте додаланыўы нәзерде тутылған мәселелер дәслепки түрде көрип шығылмақта.
Соның ишинде, Суд ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң мәжилисинде «Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамы додаланды.
Атап өтилиўинше, әмелдеги нызамшылықта турақ жай мүлк ийелери ширкетлериниң көп қвартиралы турақ жайға тутас жер участкасын абаданластырыў бойынша және халыққа басқа да хызметлер көрсетилген ҳәм жумыслар орынлаған жағдайда, хызметлер көрсетиў ушын тийисли салық төлемлеринен азат етилген. Бирақ бул жеңилликлер басқарыў шөлкемлериниң жумысында қолланылмай атырғанлығы ҳәр қыйлы келиспеўшиликлерди пайда етпекте.
Бул бослықларды сапластырыў мақсетинде ислеп шығылған бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине, Өзбекстан Республикасының Салық кодексине және «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Комитет мәжилисинде «Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.
«Халықаралық коммерциялық арбитраж ҳаққында»ғы нызам нормаларының әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуаллық кодексине және «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сенаторлар додаланған нызамлар бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.
Буннан соң сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының прокуратура уйымларының 2021-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты додаланды.
Атап өтилиўинше, прокуратура уйымлары тәрепинен 4 мың 187 пуқараға 7 миллиард сум кешиктирилген мийнет ҳақы ҳәм басқа да төлемлер өндирип берилген. Соның менен бирге, 29 миллиард сумлық мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер талан-тараж етилгенлиги анықланып, тийисли илажлар көрилген.
халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы нызам бузылыўы жағдайларын сапластырыў менен бир қатарда 170 мыңға шамалас пуқара, соның ишинде, 46 мың 802 жас ҳәм 34 мың 804 ҳаял-қыз прокуратураның жәрдеми менен жумысқа жайластырылған.
Сондай-ақ, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың шараятын жақсылаў мақсетинде прокурорлар секторларында жасайтуғын 152 мың 598 шаңараққа ҳәр тәреплеме жәрдем берилген. 146 мың 365 шаңарақ жергиликли Кеңеслердиң қарарлары тийкарында жәрдемге мүтәж шаңарақлар дизиминен шығарылған.
Исбилермелик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, олардың жумыс жүргизиўине тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыў мақсетинде 29 мыңнан артық исбилермен ҳәм инвесторларға, соның ишинде, 481 ине имарат, 3 мың 532 сине жер, 1 мың 496 сына лицензия ҳәм руқсатнамалар, 9 мың 243 ине кредит ажыратылыўында әмелий жәрдем берилген.
Физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен мүрәжатлардың 269 мың 906 сы тиккелей прокуратура уйымларында шешилген. 312 мың 386 пуқара қабыл етилип, машқалаларын шешиў илажлары көрилген.
Сондай-ақ, мәжилисте прокуратура уйымлары тәрепинен жолға қойылған кемшиликлер атап өтилди. Соның ишинде, халықтың саламатлығын сақлаў, репродуктивлик саламатлықты, аналықты ҳәм балалықты қорғаўды тәмийинлеўдеги машқалалар ақыбетинде жуқпалы кеселликлер ҳәм нәрестелер өлимшилиги сезилерли дәрежеде артқан.
Ҳаял-қызлар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы ўазыйпаларды орынлаўдың жетерли тәмийинленбегенлиги ақыбетинде республика бойынша 750 мың 50 жас, 856 мың 595 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленбеген. 27 мың 931 жас және 9 мың 759 ҳаял-қыз жынаят ислеген.
Сондай-ақ, исбилерменлерге өз ўақтында әмелий жәрдем берилмегени себепли 46 мың 985 исбилерменлик субъекти өз жумысын сапластырған. 10 мың 258 и жумысын ҳәр қыйлы себеплерге бола тоқтатқан.
Додалаў даўамында машқалаларды сапластырыў бойынша зәрүр усыныслар берилди. Жуўмағында көрилген мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы