«Kinder» бренди өнимлерине байланыслы болған Сальмонелла инфекциясының биринши жағдайы Испанияда анықланған. Бул ҳаққында «El Mundo» хабар бермекте.

Европа кеселликлердиң алдын алыў ҳәм қадағалаў орайы (ECDC) Испанияда «Kinder» шоколадын пайдаланыў нәтийжесинде келип шыққан сальмонеллёздиң биринши жағдайы ҳаққында хабар берди. Жергиликли денсаўлықты сақлаў уйымлары бактерияның және еки итималлық жағдайын да тексермекте.

ECDC кейинги бюллетениндеги мағлыўматларға қарағанда, Европа Аўқамына ағза мәмлекетлерде сальмонелла инфекциясының 85 усыған уқсас жағдайлары әллеқашан тастыйықланған.

Атап өтилиўинше, шама менен еки ҳәпте алдын Испанияның азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм аўқатланыў агентлиги сальмонеллёз ҳәўиж алғаны ҳаққындағы хабардан кейин Киндер өнимлериниң айырым партияларын қайтарып алыў басламасы менен шыққан еди.

Бурын, Бразилия «Kinder» бренди астындағы өнимлердиң экспортын қадаған еткени ҳаққында хабар берген едик.

Қарақалпақстан хабар агентлиги