Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан «Адолат» cоциал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңеси Орайлық аппараты, Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Жаңа Өзбекстанның тынышлығы, абаданлығы ҳәм раўажланыўы жолында бирлесейик!» сүрени астында конференция өткерилди.
Конференцияға Өзбекстан «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси Орайлық аппараты хызметкерлери, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси белсендилери, депутатлар, Өзбекстан Жаслар аўқамы ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери, университеттиң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Конференцияны партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Н.Қайпбергенов алып барды.
Өзбекстан «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси баслығының орынбасары А.Раҳмонов, Өзбекстан «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси Орайлық аппаратының басқарма баслығы Г.Саидова, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқық ҳәм басқарыў кафедрасы аға оқытыўшысы, юридика илимлериниң кандидаты Х.Қабулов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларға кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде пүткил инсанияттың тынышлығына қәўип салып атырған терроризм, экстремизм, диний қарама-қарсылық, нызамсыз миграция, адам саўдасы, жумыссызлық, кәмбағаллық сыяқлы глобал машқалалар күшейип атырған бир дәўирде елимиз келешеги болған жас әўладтың санасында идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.
Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы да мәмлекетимиздиң келешеги саламат ҳәм ҳәр тәреплеме жетик раўажланған жаслардың қолында, деп есаплайды. Дүньяның ҳәр қыйлы регионларында ушырасып атырған қарама-қарсылықлар, турақсызлық ҳәм келиспеўшиликлер даўам етип атырған бир шараятта биз жасларымызды, өз перзентлеримизди ҳәр қыйлы зыянлы тәсирлерден қорғаўымыз зәрүрлигин естен шығармаўымыз керек.
– Ҳәзирги ўақытта орынларда «Адолат» СДП Уставында белгиленген Өзбекстанның ғәрезсизлигин беккемлеў бағдарындағы демократиялық процесслерди жеделлестириў, тынышлық ҳәм турақлылықты үгит-нәсиятлаў мақсетинде аймақларда «Жаңа Өзбекстанның тынышлығы, абаданлығы ҳәм раўажланыўы жолында бирлесейикӘ» сүрени астында конференциялар ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестириў белгиленген болып, дәслепки илаж республикамыздан басланды,-дейди партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баспасөз хаткери Б.Жүзбаев. – Конференцияда «Жаңа Өзбекстан – инсан қәдири үстин болған жәмийет ҳәм халықшыл мәмлекет», «Жаңа Өзбекстан жаслары – үшинши ренессанс жаратыўшылары», «Кеңпейиллик, миллетлераралық татыўлық ҳәм руўхый бирлик – тынышлығымыздың гиреўи» темаларында баянатлар тыңланды. Қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси, әҳмийети ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Конференцияда атап өтилген мәселелерге студент-жаслар да өз пикир-усынысларын, мүнәсибетлерин билдирип, қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Күнниң екинши ярымында Өзбекстан «Адолат» СДП Сиясий Кеңеси баслығының орынбасары А.Раҳмоновтың басшылығындағы конференция қатнасыўшылары Елликқала районына барды. Президентимиздиң басламасы менен өткерилип атырған «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары шеңберинде райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң әтирапына мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды.
Мектепте «Бәркамал әўлад» жаслар дөретиўшилик орайы муғаллимлери тәрепинен «Тынышлық – мениң көзқарасымда» атамасындағы сүўретлер көргизбеси шөлкемлестирилди.
Соң усы мектепте «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы – инсан қәдири үстинлиги ушын!» Раўажланыў жолында бирлесейик!» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилип, көркем өнер шеберлериниң атқарыўында тынышлық ҳәм татыўлықты улығлайтуғын қосық ҳәм намалар атқарылған концерт бағдарламасы қойып берилди.
Өткерилген илажлар даўамында бир топар дөретиўши жаслар партияның диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги