Нөкис районында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында Қарақалпақстан Республикасы менен Самарқанд ўәлаяты мәденияты ҳәм өнери фестивалы болып өтти.
Фестиваль шеңбериндеги илажлар «Саламатлық ушын 5000 қәдем» акциясы менен басланды. Халқымыз, соның ишинде, жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды ғалабалық спортқа қызықтырыў мақсетинде шөлкемлестирилген илажға кәрхана, мәкеме ҳәм оқыў орынларынан, пуқаралар жыйынларынан жаслар қатнасты.
Президентимиздиң басламасы менен алға қойылған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңбериндеги «Әҳмийетли 40 күнлик» акциясы өткерилди. Оған район ҳәм Самарқанд ўәлаятынан келген нуранийлар, жаслар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Халықларымыз арасында өз-ара дослықтың белгиси ретинде ҳәр бири мийўе ҳәм саяманлы терек нәллерин екти.
Фестиваль шеңберинде бир қатар спорт түрлеринен өткерилген жарыслар көпшиликте айрықша қызығыўшылық оятты. Үш күн даўам еткен мини футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги ушын өткерилген жарысқа посёлкалық, мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларынан 10 команда қатнасты. Жарыс жуўмағында биринши орынды «Ақманғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны, екинши орынды «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйыны, үшинши орынды «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны командалары ийеледи. Сондай-ақ, волейбол бойынша Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң кубоги ушын өткерилген жарыс қызықлы болып өтти. Онда биринши орынды «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны, екинши орынды «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйыны, үшинши орынды «Төктаў» аўыл пуқаралар жыйыны командалары қолға киргизди.
Район орайындағы пайызлы орынлардың биринде «Нуранийларды қәдирлеймиз!» сүрени астында үш әўлад ўәкиллериниң ушырасыўы болып өтти. Онда Нөкис районы ҳәм Самарқанд ўәлаятынан узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нуранийлар, бүгинги күни түрли тараўларда жемисли мийнет етип атырған пидайылар ҳәм келешегинен үмит күттиретуғын жаслар қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер, елимизде Президентимиздиң басламасы менен кексе әўлад ўәкиллерин социаллық қоллап-қуўатлаў, жаслардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Бүгинги бахытлы турмысымыз, халықларымыз арасындағы дослықты жырлаўшы қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды. Бир кесе чай үстинде үш әўлад ўәкиллерининң пикир алысыўлары болды.
Самарқанд ўәлаятынан келген мийманлар топарларға бөлинген ҳалда районның шетки аймақларында болып, халық пенен ушырасты. Бул жерде жаслар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Биргеликте түрли илажлар өткерилди.
-Нөкис районы менен ҳәр тәреплеме байланысларымыз беккемленип атыр,-дейди кинематография агентлиги Самарқанд ўәлаяты аймақлық бөлиминиң баслығы Фармон Розиқов.-Фестивальда кинодөретиўшелеримиз тәрепинен сүўретке алынған «Жаннан әзиз» ҳәм «Үмитли дүнья» көркем фильмимиз бенен қатнасып, Нөкис районы турғынларына көрсеттик. Алдағы ўақытлары қарақалпақстанлы кәсиплеслеримиз бенен бирге ислесиў бойынша келисип алдық.
Район орайында «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында гала концерт болып өтти. Илаж алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кубоги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкиминиң кубоги ушын өткерилген спорт жарысларының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Самарқанд ўәлаяты көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы бәршеге жоқары кейпият бағышлады.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери