Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы департамент ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қоңырат районы бөлимлери тәрепинен исбилерменнен пул өндириўди мақсет еткен пуқара усланды.

Пуқара Р.А. “SH.” жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығының исенимине кирип, оған танысларының жәрдеминде район орайынан 5000 АҚШ долларына қурылыс объектин алып бериўди ўәде еткен. Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў бойынша өткерилген оператив илажда ол жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң ис жүргизиўшисинен 3000 АҚШ долларын алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги