Социаллық тармақларда Ташкент аэропорты жанындағы темир жолдан вагон-вагон әскерий техникалар алып өтилгени, бул әскерий техникалар қай жерге, не ушын алып кетилгени бизге қараңғы, деген мағлыўматлар тарқалған.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң тийкарғы илажлар режесине муўапық ҳәр жылы оңлаў заводлары тийкарында капитал ҳәм орта оңлаўдан шығарылған әскерий техникаларды армияларда реже бойынша алмастырыў жумыслары әмелге асырылып барылатуғынын билдиремиз.

Социаллық тармақларда тарқалған видеода әне усы процесслер, яғный тәмийнат ҳәм жеке қурамды тасыўға мөлшерленген техникалардың армияларға жиберилиўи сәўлеленген.

Қорғаныў министрлигиниң

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти

Қарақалпақстан хабар агентлиги