Президенттиң «2022-2024-жылларға мөлшерленген «Бизнес ҳаял-қызлар» мәмлекетлик бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары жойбары додалаўға қойылды.

Атап өтилиўинше, исбилерменлик ҳәм өзин-өзи бәнт етиў жумысын басламақшы болған жумыссыз, соның ишинде, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға жумысын баслаўға керек болған әсбап-үскене, мийнет қуралларын сатып алыў ушын 7 миллион сумға шекемги субсидиялардың муғдары 10 миллион сумға шекем арттырылады.

Халықты исбилерменликке тартыў қоры тәрепинен «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызлар кредит алыўда қамсызландырыў полиси төлемин қаплап бериў ҳәм мийнетке жарамлы майыплығы болған ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеген жумыс бериўшилер ушын 6 ай даўамында ҳәр айда базалық есаплаў муғдарының 2 есесинен кем болмаған муғдарда субсидиялар ажыратыў тәртиби енгизиледи.

Сондай-ақ, «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызларға өз қыйтақ жеринде гүл ҳәм мийўе-овощ жетистириў ушын ыссыхана қурыў, шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм пал ҳәррешиликти жолға қойыў ушын ҳәким жәрдемшилериниң усынысы тийкарында 35 миллион сумға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылыўы белгиленбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги