Тереклер ҳәм путаларды суўғарыў ҳәм азықландырыў:
– қала ҳәм районлар орайларындағы көшелерде – ҳәкимликлер сондай-ақ, өзлери жумыс ислеп атырған имараттан көшеге шекемги аралықта шөлкемлер;
– ишки көшелер, мәҳәллелер аймақлары ҳәм көп қабатлы турақ жайлар аралығы ҳәм әтирапында – мәҳәлле, жеке меншик турақ жай мүлк ийелериниң ширкетлери, өзлери жумыс ислеп атырған имараттан көшеге шекемги аралықта шөлкемлер;
– шөлкемлердиң аймақларында – жер ийелери;
– автомобиль жоллары бойларында – Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитетиниң шөлкемлери;
– темир жоллар бойларында – «Өзбекстан темир жоллары» АЖ шөлкемлери;
– дәрья, сай, канал, салмалар бойларында – ҳәкимликлер ҳәм суў хожалығы уйымлары;
– фермерлердиң жерлеринде ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленген басқа жерлерде – жер ийелери;
– резерв жерлерде – ҳәкимликлер тәрепинен әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги