Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Аймақларда әмелге асырылып атырған исбилерменлик жойбарларын қаржылай қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик басламаларының өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў арқалы киши ҳәм орта исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде:
- Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банктиң киши исбилерменлик субъектлериниң жумысын қаржыландырыў ушын коммерциялық банклерге Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан 300 миллион АҚШ доллары эквивалентинде кредит линиясын ажыратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Кредит линиясы коммерциялық банклерге 7 жыл мүддетке, соның ишинде, 3 жыллық жеңилликли дәўир менен 10 процент ставкада миллий валютада ажыратылатуғыны;
коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў (буған қурылыс, саўда, дәлдалшылық тараўындағы жойбарлар, сондай-ақ, акцизден келип шығатуғын товарларды ислеп шығарыўшылар, мәмлекетлик кәрханалар ҳәм устав қорында (капиталында) мәмлекеттиң үлеси болған юридикалық тәреплер және айланба қаржыларды толықтырыў жағдайлары кирмейди) ушын жыллық 14 процент ставкада, 5 жылға шекемги мүддетке, соның ишинде, 2 жылға шекем жеңилликли дәўир менен 5 миллиард сумға шекем муғдарда ажыратылатуғыны;
исбилерменлик субъектлериниң жумыс ислеў дәўири 6 айға шекем болғанда 1 миллиард сумға шекем, 6 айдан 1 жылға шекем болғанда 2 миллиард сумға шекем, 1 жылдан 2 жылға шекем болғанда 3 миллиард сумға шекем, 2 жылдан 3 жылға шекем болғанда 4 миллиард сумға шекем ҳәм 3 жылдан асқанда 5 миллиард сумға шекем кредитлер ажыратылатуғыны;
кредит линиясы қаржыларының кеминде 70 проценти Нөкис қаласынан, ўәлаятлардың админстративлик орайынан ҳәм ўәлаятқа бойсынатуғын қалалардан тысқары аймақларда жумыс алып барып атырған исбилерменлерге ажыратылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Усы қарар шеңберинде ажыратылған кредит линиясынан нәтийжели пайдаланыўды муўапықластырыў Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаков тәрепинен әмелге асырылады ҳәм оған төмендеги ўазыйпалар жүкленеди:
кредит қаржыларына талап ҳәм жойбарлардың перспективалы ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыўға қаратылғанынан келип шығып, кредит линиясы ресурсларын аймақлар (Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар) ҳәм коммерциялық банклер кесиминде бөлистириў;
жойбарлаў фабрикалары ҳәм жойбарлаў топарлары тәрепинен коммерциялық банклер менен биргеликте жойбарлаў ҳәм жойбар алдынан ҳүжжетлериниң сапалы ҳәм қысқа мүддетлерде ислеп шығылыўын тәмийинлеў;
исбилерменлик субъектлери және коммерциялық банклер тәрепинен кредит линиясы қаржылары нәтийжели ҳәм мәнзилли жумсалыўы үстинен системалы мониторинг жумысларын шөлкемлестириў;
министрлик, уйым ҳәм аймақ басшыларының кредит қаржыларын өзлестириў жойбарларын әмелге асырыў ҳәм белгиленген мүддетте иске қосыў ҳаққындағы есабатларын тыңлап барыў.
- Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры (Ш.Вафаев) ресурслар аймақлар ҳәм коммерциялық банклер кесиминдеги бөлистириўге муўапық коммерциялық банклердиң талапнамасы келип түскеннен соң үш күнлик мүддетте коммерциялық банклерге жайластырылыўын тәмийинлесин.
- Коммерциялық банклерге Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ажыратып атырған қаржылардың исбилерменлик субъектлери тәрепинен мақсетли жумсалыўы ҳәм қайтарылыўы үстинен системалы мониторинг және қадағалаў усыныс етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Қаржы министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте усы қарардан келип шығып «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаковқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 19-апрель