Өзбекстан Республикасы Өсимликлер крантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен мийўели бағларға үлкен зыянын тийгизетуғын «черешня шыбыны» (Rhagoletis cerasi), «алма мийўехоры» (Сydia pomonella), шығыс мийўехоры» (Grapholita molesta) сыяқлы зыянкеслерге қарсы ғалаба түрде гүрести шөлкемлестириў мақсетинде 2022-жылдың 11-апрелинен 27-апрелине шекем «Әҳмийетли он бес күнлик» жәрияланған еди.
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен усы «Әҳмийетли он бес күнлик» илажлары шеңберинде аўыл хожалығы хызметкерлери менен биргеликте бағ майданларында мониторинг жумыслары алып барылмақта.
Атызларға орнатылған феромон тутқышларға түскен зыянкеслерди тексериў-феромониторинг илажлары әмелге асырылып, мониторинг даўамында карантин астындағы өнимлерде зыянкеслер анықланған жағдайларда олар белгиленген тәртипте зыянсызландырылып (фумигация), усы зыянкеслердиң аўыл-хожалығы өнимлерине унамсыз тәсири, оның пайда болыўының алдын алыў илажлары туўралы түсиник жумыслары алып барылмақта.
– Мәселен, «алма қурты» зыянкеси 30 түрдеги мийўели ағашларға зыянын тийгизеди. Көбирек алма, ерик, ғоза, қәрелилердиң тийкарғы зыянкеси болып есапланады,-дейди агентликтиң баспасөз хаткери М.Пирниязова. – Ол жылына 3 мәрте әўлад береди.
Алма қуртының ҳәр бир әўладына химиялық гүрес алып барылады. Бунда индоксакарб (аваунт, антовант) 15 процентли 0,4 л/га. ҳәм эмамектин бензоат асосли (проклейм, протект) 5 проценти 0,5 кг/га. Химиялық қуралларынан пайдаланыў унамлы нәтийже береди.
Илажларда аўыл хожалығы хызметкерлерине мийўе ағашларының зыянланыўының алдын алыў илажларының өз ўақтында әмелге асырылыўының әҳмийети түсиндирилип, оған қарсы гүресиў усыллары әмелий көрсетилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги