Қарақалпақстан Республикасының Ферғана ўәлаятына бириктирилген Бозатаў районынан келген 72 нураний ҳәм ветеранлар Әндижан қаласындағы темир жол вокзалында күтип алынды.
Дем алыўшылардың биринши топары Ферғана районындағы «Чимян» дем алыў орнына алып келинди. Илажда ўәлаят ҳәкиминиң орынбасары Файзулло Қосимов мәмлекетимизде «инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.
Мийманлар көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамқорлық ушын миннетдаршылық билдирди. Олар буннан былай 10 күн даўамында дем алыста бийпул дем алады ҳәм саламатландырыў процедураларын қабыл етеди.
М.Сулаймонов, ӨзА