Қарақалпақстан  Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы- Пуқаралық қорғаныў  Баслығының  2022-жыл  29-март күнги  10-санлы буйрығы тийкарында “2022-жылдыӊ 1-апрелинен-1-май күнлери аралығы республикамыз бойлап Айрықша жағдайлардыӊ алдын алыў ҳәм пуқаралық қорғаныў айлығы” етип жәрияланды.

Бүгинги күни усы буйрық тийкарында республикамыздағы барлық улыўма орта билим бериў мектеплеринде Қарақалпақстан  Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери, мектеп жәмәәти ҳәм “Жас қутқарыўшы” дөгереги  ағзалары менен биргеликте оқыў-шынығыўлар болып өтпекте.

Усындай көргизбели әмелий-оқыў шынығыў Нөкис районындағы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде де болып өтти.

Оныӊ биринши басқышында мектептиӊ биология пǝни муғаллими Т.Бекниязов 8-класс оқыўшыларына “Ботулизм”  кеселлиги, геогафия пǝни муғаллими Р.Қалилаева 5-6 класс оқыўшыларына “Жер силкиниў”,  Жасларды шақырыққа шекемги басланғыш таярлаў пәни басшысы М.Примбетов 7-10-класс оқыўшыларына “Ɵрт қǝўипсизлиги” бойынша  ашық сабақлар ѳткен болса, екинши басқышында “Жас қутқарыўшы” отряды  ағзалары сапқа дизилип, оларға арнаўлы  Пуқаралық қорғаныў ǝсбап-ǝнжамлары берилди ҳәм Пуқаралық қорғаныў күнин ѳткериўдиӊ әҳмийети түсиндирилди.

Ал, үшинши басқышта болса, “Жас қутқарыўшы” отряды ағзалары мектепте ѳрт пайда болған жағдайда исленетуғын жумысларды басқышпа-басқыш орынлап, өзлериниӊ теориялық сабақта үйренгенлерин әмелде көрсетти.

Жуўмақлаўшы басқышта болса, Қарақалпақстан  Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының арнаўлы ўазыйпаларды атқарыўшы аймақлық кутқарыў отряд командири аға лейтенант Суннатилла Юлдашев, суўдан қутқарыў топары қутқарыўшылары Қамбар Миров, Жандос Шаўдырбаев ҳәм Ислам Атажановлар илаж қатнасыўшыларына күнделикли жумыс бабында пайдаланатуғын ǝсбап-үскенелери менен таныстырып ҳǝм жаз мǝўсиминде суўға шомылғанда қǝўипсизлик қағыйдаларына ǝмел етиў бойынша түсиниклер берди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы