Өзбекстан  «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң «Ҳаял-қызлар қанаты», «Жаслар қанаты» тәрепинен ҳаял-қызларды реабилитация етиў ҳәм бейимлестириў аймақлық орайы, Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайы, Қарақалпақстан Республикасы Agro IT техникумы менен биргеликте «Саламат турмыс тәризи» атамасында жас ҳаял-қызлар арасында ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Илажда Нөкис қаласы медицина бирлеспесиниң халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин арттырыў орайының шыпакери Т.Fәниева, ҳаял-қызларды реабилитация етиў ҳәм бейимлестириў аймақлық орайының тәжирийбели психологы Р.Аманова, 5-санлы шаңарақлық поликлиникасының гинекологи Р.Низаматдинова, поликлиника мийирбийкеси Г.Даўлетназарова тәрепинен медициналық мәсләҳәтлер берилип, психологиялық ойынлар өткерилди.

– Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың шаңарақ ҳәм жәмийеттеги ролин арттырыў, басым ҳәм зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша қатнасықларды тәртипке салыў, ҳуқықый мәдениятын жетилистириў менен бир қатарда ҳаял-қызлардың денсаўлығын беккемлеў, физикалық саламат ҳәм ҳәр тәреплеме жетик жаңа әўладты дүньяға келтириў ҳәм тәрбиялаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарына айланды,-дейди ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў мәселелери бойынша жетекши қәнигеси  Г.Джумагулова. – Усы мақсетте партиямыз тәрепинен орынларда бир қатар бирге ислесиўши шөлкем ҳәм орайлар менен биргеликте өткерилип атырған үгит-нәсиятлаў илажлары, ушырасыўлар да усы мақсетке хызмет етеди. Өткерилген ойынлар арқалы берилген билимлер, мәсләҳәтлер, билдирилген пикир-усыныслар илажға қатнасқан ҳаял-қызлар ушын пайдалы болды, деген пикирдемиз.

Илажда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги