«Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Хожели районлық Кеңеси менен биргеликте усы райондағы 6-санлы сколиоз балалар ушын арнаўлы мектеп-интернатында «Баланың қуўанышы-әлем қуўанышы» атамасында ушырасыў болып өтти.
«Перзентлери саламат журт-қүдиретли болады»жойбары шеңберинде өткерилген илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Нурлыбай Қайыпбергенов билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм балалардың саламатлығы жолында ислеп атырған барлық хызметкерлердиң пидәкерлик мийнетине тоқтап өтти. Бул жердеги билим алып атырған оқыўшылардың бәркамал болып ер жетиўине тилеклеслик билдирди.
Илаж даўамында партия тәрепинен балалар ушын таярланған саўғалар тапсырылды. Усы арнаўлы мектеп-интернатындағы партияға ағза болыў тилегиндеги хызметкерлер партия қатарына қабыл етилген ҳалда, басланғыш шөлкем дүзилди.
Елимиз бойлап әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарына үлес қосыў мақсетинде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды. Партия белсендилери тәрепинен мактеп-интернаты әтирапына мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери егилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги