Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы директоры лаўазымына Қуўандық Өскинбаевич Бекбаўлиев тайынланды.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, Қуўандық Бекбаўлиев журналистлик мийнет жолы даўамында Қарақалпақстан телерадиокомпаниясында редактор, Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы телевидениесинде  бас редактор, Өзбекстан миллий телерадиокомпанияси «O’zbekiston teleradiokanali» ныӊ  Қарақалпақстан Республикасы бойынша өз хабаршысы лаўазымларында жумыс ислеген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги