Жәҳән банки президенти Дэвид Мэлпас азық-аўқат баҳасы көтерилгени мүнәсибети менен ең кәмбағал мәмлекетлерде турмыс шараяты төменлеп атырғанын ескертти ҳәм олардың қарызларын есаптан шығарыўды усыныс етти.
Бул ҳаққында Мэлпас Германияның «Wirtschaftswoche» журналына берген интервьюинде айтып өткен. – Ең кәмбағал мәмлекетлер ушын жоқары инфляция экономикалық апатшылық, – деди Мэлпас. Ол мәмлекет қаншелли кәмбағал болса, баҳалар көбейиўине ҳәм буның ақыбетлерине қарсы турыў сонша қыйын болатуғынына айрықша тоқтап өтти.
– Биз кәмбағал мәмлекетлерди қарызларынан азат етиўимиз керек, – деди Жәҳән банки басшысы.
Қарақалпақстан хабар агентилиги