Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәҳәллелерде жаслар арасында ғалабалық спорт жарысларын системалы шөлкемлестириў арқалы саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды ғалабалық спортқа тартыўды жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының 67-мақсетинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ушын:
- Төмендегилер ғалабалық спортты раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
мәҳәллелерде жаслардың ғалабалық спорт пенен шуғылланыўы ушын материаллық-техникалық базаны беккемлеў ҳәм спорт имаратларын заманагөй спорт қураллары менен тәмийинлеў, сондай-ақ, имканияты шекленген жаслар ушын тийисли спорт инфраструктурасын жаратыў;
халықтың кең қатламлары, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, олардың арасында ғалабалық спорт жарысларын шөлкемлестириў арқалы жаслардың ғалабалық спорттағы үлесин арттырыў;
ғалабалық спорт пенен турақлы шуғылланатуғын шаңарақларға мәҳәллелер ҳәм дем алыў бағларында шараят жаратыў ҳәм шаңарақлық спортты хошаметлеў механизмлерин енгизиў;
ғалабалық спорт илажлары даўамында оқыўшылары жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған улыўма билимлендириў мектеплериниң денетәрбия пәни муғаллимлери ҳәм спорт-тәлим мәкемелери тренерлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў ҳәм олардың жумыс алып барыўы ушын шараят жаратыў.
- Мәҳәллелерде жаслар арасында ғалабалық спортты және де раўажландырыў бойынша илажлар бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Министрлер Кабинети жанындағы Халық саламатлығы миллий кеңеси (А.Н.Арипов):
жасларды денетәрбия ҳәм ғалабалық спортқа кеңнен тартыў, соның ишинде, усы Бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўы бойынша жуўапкер министрлик, уйым ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын муўапықластырсын;
мәҳәллелерде ғалабалық спорт жарысларын өткериў бойынша жумысшы топарлар жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин, оларға методикалық жәрдем берсин ҳәм жарыслардың нәтийжелилигин баҳалаў рейтинг системасын енгизсин;
ғалабалық спорт жарыслары шөлкемлестирилетуғын, олимпиада, олимпиада емес ҳәм миллий спорт түрлери дизимин тастыйықласын;
жасларды ғалабалық спортқа тартыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын ҳәм ҳәр жылы еки мәўсимде ғалабалық спорт жарысларының өткерилиўин тәмийинлесин және барлық басқыш нәтийжелерин талласын ҳәм системалы мониторингин алып барсын;
ғалабалық спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша тийисли қарарларды қабыл етсин, жол карталарын, бағдарламаларды тастыйықласын және орынланыўы үстинен қадағалаў орнатсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
а) 2022-жылдан баслап ҳәр жылы дәстүрий түрде 30-июнь – Өзбекстан Республикасы жаслары күни және декабрь айында өткерилетуғын «Жаслар форумы» шеңберинде спорттың футбол, мини-футбол, волейбол, жеңил атлетика, шахмат, шашка, стол тенниси, стритбол, воркаут түрлери бойынша бес басқышлы ғалабалық спорт жарысларын өткериў системасы енгизиледи:
биринши басқышта – көшелер аралық мәҳәлле жарыслары;
екинши басқышта – мәҳәллелер аралық сектор жарыслары;
үшинши басқышта – сектор жарысларында жеңимпаз болған мәҳәлле командалары арасында район (қала)лық жарыслар;
Төртинши басқышта – район (қала)лық жарысларда жеңимпаз болған мәҳәлле командалары арасында ўәлаятлық жарыслар;
бесинши басқышта – ўәлаятлық жарысларда жеңимпаз болған мәҳәлле командалары арасында республикалық (финал) жарыслар.
Онда, усы киши бәнтте көрсетилген ғалабалық спорт жарыслары мәҳәллелерде жаслардың бос ўақытын мазмунлы шөлкемлестириў, китапқумарлық, мәденият ҳәм көркем өнер, интеллектуаллық ойынлар, мәлимлеме технологиялары және спорт түрлери бойынша шөлкемлестирилип атырған бес басқышлы «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткериледи;
б) 2023-жыл 1-марттан баслап олимпиада, олимпиада емес ҳәм миллий спорт түрлери бойынша үш басқышлы улыўма республикалық спорт жарысларын өткериў системасы енгизиледи:
биринши басқышта – район (қала)лық жарыслар;
екинши басқышта – ўәлаятлық жарыслар;
үшинши басқышта – республикалық (финал) жарыслар.
Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) олимпиада, олимпиада емес ҳәм миллий спорт түрлери бойынша спорт жарысларын өткериў бағдарламасының ислеп шығылыўын, спорт жарыслары өткерилетуғын спорт объектлери инфраструктурасының жақсыланыўын ҳәм зәрүр спорт инвентарлары менен тәмийинлениўин, спорт жарысларының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилиўин сондай-ақ, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийеелериниң мүнәсип хошаметлениўин тәмийинлесин.
- а) «Бес баслама олимпиадасы» шеңбериндеги спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумысларды муўапықластырыў:
мәҳәлле басқышында – Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги;
сектор басқышында – сектор басшылары;
район (қала)лық басқышында – район (қала) ҳәкимлери;
ўәлаят басқышында – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери;
республикалық (финал) басқышында – Спортты раўажландырыў министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
Онда, жарыслардың ҳәр бир басқышында жеңимпаз болған жаслар усы киши бәнтке жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен хошаметленетуғыны;
б) олимпиада, олимпиада емес ҳәм миллий спорт түрлери бойынша үш басқышлы улыўма республикалық спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумысларды муўапықластырыў:
районлық басқышта – район (қала) ҳәкимлери, Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлигиниң район (қала)лық бөлимлериниң басшылары;
ўәлаятлық басқышта – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳәм Спортты раўажландырыў министрлиги аймақлық бөлимлериниң басшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары;
республикалық (финал) басқышта – Спортты раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Жаслар ислери агентлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны.
Онда, жарыслардың ҳәр бир басқышында жеңимпаз болған жаслар усы киши бәнтке жуўапкер мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен хошаметленетуғыны белгиленсин.
- Төмендегилер «Бес баслама олимпиадасы» және олимпиада, олимпиада емес ҳәм миллий спорт түрлери бойынша үш басқышлы улыўма республикалық спорт жарысларын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
«Бес баслама олимпиадасы» шеңбериндеги спорт жарысларын системалы шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын Спортты раўажландырыў министрлигине Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан 2022-жылдан баслап ҳәр жылы 50 миллиард сум муғдарындағы қаржылар;
Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қаржылары;
қорлар, спорт федерация (ассоциация)лары, клублары, сырт ел инвесторлары, денетәрбия ҳәм спорт жәмийетлериниң қаржылары;
юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери;
нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) :
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) менен биргеликте үш ай мүддетте аймақларда жасларды ғалабалық спортқа кеңнен тартыў мақсетинде балалар – жас өспиримлер спорт мектеплериниң инструктор-методист штат бирликлери есабынан балалар-жас өспиримлер спорт мектеби директорының ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм селекция бойынша орынбасары лаўазымын енгизсин;
Өзбекстан Миллий олимпиада комитети (О.Касимов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте спорт түрлери бойынша район (қала)лардың сайланды ҳәм сектор командаларын қәлиплестирсин ҳәм спорт-тәлим мәкемелерине қәбилетли жасларды таңлап алыў бойынша жуўапкер етип белгиленсин.
Сондай әмелият енгизилсин, оған муўапық «Бес баслама олимпиадасы» және олимпиада, олимпиада емес ҳәм миллий спорт түрлери бойынша үш басқышлы улыўма республикалық жарыслар даўамында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин (1-3-орын) таярлаған улыўма орта билимлендириў мектеплериниң денетәрбия пәни муғаллимлери ҳәм спорт-тәлим мәкемелериниң тренерлери маманлық аттестациясына тартылмайды ҳәм оларға төмендеги маманлық категориялары тиккелей бериледи:
район (қала)лық басқыш жарысларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин таярлағаны ушын – екинши маманлық категориясы;
ўәлаятлық басқыш жарысларында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин таярлағаны ушын – биринши маманлық категориясы;
республикалық (финал) басқышында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин таярлағаны ушын – айрықша маманлық категориясы.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) :
а) спорт федерация (ассоциация)лары менен биргеликте еки ай мүдетте:
мәҳәллелерде ғалабалық спорт жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша ҳәр бир жуўапкердиң жумыс барысын толық баҳалаўға қаратылған рейтинг системасын енгизсин;
жаслар арасында ғалабалық спорт жарысларын кеңнен ен жайдырыў ҳәм олардың қызығыўшылықларын күшейтиў мақсетинде тәжирийбели ҳәм белгили спортшылардың қатнасыўында мотивациялық ушырасыўлар шөлкемлестириў системасын жолға қойсын;
б) Жаслар ислери агентилиги менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем 6 миллион жастың ғалабалық спорт илажлары менен қамтып алыныўын тәмийинлесин.
- Жаслар ислери агентилиги (А.Саъдуллаев) :
үш ай мүддетте жаслар арасында «Бес баслама олимпиадасы», ғалабалық спортты үгит-нәсиятлайтуғын материалларды (буклет, баннер ҳәм басқалар) креатив қураллардан пайдаланған ҳалда таярласын ҳәм мәҳәллелерге тарқатыў илажларын көрсин;
социаллық тармақларда жасларды денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, олар арасында ғалабалық спорт жарысларын кеңнен ен жайдырыўға қаратылған мотивациялық роликлер таярласын;
Спортты раўажландырыў министрлиги менен биргеликте ғалабалық спорт жарысларын үлгили шөлкемлестирип атырған жаслар жетекшилери ҳәм басқа да жуўапкер шахслар ушын оқыў семинарларын шөлкемлестирсин ҳәм арнаўлы сертификат бериў системасын жолға қойсын;
мәҳәллелерде жарысларды үлгили шөлкемлестирип атырған жаслар жетекшилерин хошаметлеў илажларын көрсин.
- Халық билимлендириў министрлиги (Б.Саидов):
2022-2023-оқыў жылынан баслап улыўма орта билимлендириў мектеплеринде оқыўшылардың қызығыўшылықлары, талап ҳәм тилеклеринен келип шыққан ҳалда, денетәрбия пәни муғаллимлери және белгили ҳәм ветеран спортшылар тәрепинен кеминде 1 спорт түри бойынша дөгереклер жумысын шөлкемлестирсин;
дөгереклердиң жумысын кеңнен жарытыў ҳәм оларға оқыўшыларды қамтып алыў мақсетинде барлық улыўма орта билимлендириў мектеплеринде дөгерек кестесиниң болыўын тәмийинлесин;
ҳәр бир улыўма орта билимлендириў мектебинде футбол, баскетбол, волейбол, гандбол ҳәм басқа да командалық ойын түрлери бойынша командалар дүзсин және турақлы түрде мектеп командалары арасында жарыслар өткерсин;
Спортты раўажландырыў министрлиги менен биргеликте балалар-жас өспиримлер спорт мектеплериниң инстуктор-методистлери тәрепинен ҳәр шеректе бир мәрте улыўма орта билимлендириў мектеплериниң денетәрбия пәни муғаллимлерине методикалық жәрдем көрсетилиўин шөлкемлестирсин.
- Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошкулов):
2022-жыл 1-майға шекем студентлер спортын және де раўажландырыў ушын жоқары билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилген спорт клублары арасында жарысларды өткерсин;
еки ай мүддетте жоқары билимлендириў мәкемелерин спорт түрлерине қәнигелестириў дизимин студентлердиң тилегин инабатқа алған ҳалда қайта көрип шықсын;
әмелге асырылған жумыслар бойынша ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Министрлер Кабинети жанындағы Халық саламатлығы миллий кеңесине мәлимлеме киргизип барсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәр жылы 1-февральға шекем ғалабалық спорт жарысларын өткериў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын илажлар бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
спорт жарысларының республикалық (финал) басқышлары болып өтетуғын аймақлар ҳәм ол жерде жайласқан спорт инфраструктурасы объектлерин қәўендерлик қайырқомлықлары және бюджеттен тысқары қаржыларды тартқан ҳалда талап дәрежесинде таярлаў;
ғалабалық спорт жарысларын жоқары дәрежеде өткериў ушын спорт имаратларын спорт қураллары менен тәмийинлеў;
ғалабалық спорт жарысларының мәҳәлле басқышынан ўәлаятлық басқышқа шекем өткерилген жарысларда жеңимпаз болған қатнасыўшыларды 1-, 2- ҳәм 3-дәрежели диплом, медаль, кубок, естелик саўғалары менен сыйлықлаў;
аймақларда шөлкемлестирилетуғын басқа да спорт жарысларының район (қала)лық ҳәм ўәлаятлық басқышы жеңимпазлары ушын ҳәким сыйлығын шөлкемлесириў;
спорт жарыслары даўамында ҳәр бир қатнасыўшының кеўлинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий мақтаныш сезимлерин пайда етиў, олардың уллы ата-бабаларымыздың мәртлик ҳәм батырлық дәстүрлерин мүнәсип даўам еттире алатуғын инсанлар болып жетисиўине хызмет ететуғын мәдений-ағартыўшылық илажлар бағдарламасын әмелге асырыў.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Хаджаев) еки ҳәпте мүддетте усы қарар тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды ғалаба ен жайдырыўға қаратылған мақалалар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестириў және төмендегилерди нәзерде тутатуғын ғалабалық спорт жарысларын кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша медиа-реже ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын:
ғалабалық спорт жарысларының өткерилиўи ҳаққында арнаўлы роликлер таярлаў ҳәм эфирге жайластырыў;
ғалабалық спорт жарысларын және де кеңнен ен жайдырыў бойынша ветеран устазлар ҳәм абырайлы жарыслардың жеңимпазлары қатнасыўында бир қатар көрсетиўлерди шөлкемлестириў;
ғалабалық спорт жарысларында жаслар тәрепинен ерисилген жетискенликлер, сондай-ақ, ғалабалық спорт жарысларының өткерилиў процесслерин кеңнен жарытыў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларын турақлы әмелге асырыў.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери бир ай мүддетте аймақлық телеканаллар, ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпалары, ғалабалық спорт жарыслары ҳаққындағы мағлыўматларды кеңнен жарытып барыў бойынша медиа-реже ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.
- Спортты раўажландырыў министрлиги (А.Икрамов) еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип спортты раўажландырыў министри А.И.Икрамов, спортты раўажландырыў министриниң орынбасары А.У.Аслонов, Жаслар ислери агентлигиниң директоры А.З.Саъдуллаев, халық блимлендириў министри Б.О.Саидов, жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошкулов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр ярым жылда Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 11-апрель