Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў, сондай-ақ, инклюзив ҳәм турақлы экономикалық өсимге ерисиў арқалы кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў, экономикалық бәсекиликти тәмийинлеў, исбилерменлик субъектлерине теңдей шараятлар жаратыў, базар қатнасықларына толық өтиўди жеделлестириў, миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жеке инвестициялардың көлемин кескин кеңейтиў және бизнес топарлардың исенимин буннан былай да беккемлеў мақсетинде:
- Төмендегилер экономикалық өсимди тәмийинлеўде жеке сектордың ролин арттырыў, барлық тармақлар менен тараўларда жеке сектордың раўажланыўы ушын қолайлы шараят жаратыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
жеке мүлкке қол қатылмаслық ҳәм исбилерменлик жумысының еркинлигине кепиллик бериў бағдарындағы институционаллық ҳәм админстративлик реформаларды даўам еттириў және бул бағдарда нызам үстинлигин тәмийинлеў;
аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын ашық түрде меншиклестириў механизмлеринен, бәринен бурын, жеке инвесторларды тартыўдың әҳмийетли факторы сыпатында пайдаланыў ҳәм жерлерди аукционға шығарыўда олардың тартымлылығын арттырыў ушын инфраструктура ҳәм басқа да зәрүр шараятларды жаратып бериў;
мәмлекеттиң қатнасы сақланып қалып атырған товар ҳәм хызметлер базарын еркинлестириў және бул тараўларға жеке сектордың кирип келиўи ушын шараят жаратыў, монополияға қарсы уйымның институционаллық потенциалын ҳәм ўәкиллигин күшейтиў арқалы саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў;
«тәртипке салыўшы гильотина» усылын мәнзилли қолланыў арқалы жеңилликлер, эксклюзив ҳуқық ҳәм үстинликлерди бийкарлаў;
мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханалар ҳәм коммерциялық банклерди трансформациялаў және меншиклестириўди жеделлестириў, экономикада нәтийжесиз ислеп атырған кәрханалардың үлесин азайтыўдың есабынан сапасы жағынан жаңа, атап айтқанда, экологиялық, социаллық ҳәм корпоративлик басқарыў (ESG) принциплерине тийкарланған инвестициялар ҳәм өндирис өнимдарлығы жоқары болған технологиялардың көбейиўин хошаметлеў;
пул ҳәм капитал базарларын буннан былай да еркинлестириўдиң есабынан қаржы базарындағы ҳәр қыйлы сегментлердиң раўажланыўына түртки болыў, сол арқалы меншиклестирилген ҳәм трансформация процесиндеги кәрханаларға өз жумысын қаржыландырыўдың альтернатив дәреклерин қәлиплестириўге шараят жаратыў;
экономиканың драйвер тармақлары, атап айтқанда, таў-кән, нефть-газ, химия, қурылыс материаллары санааты ҳәм басқа да тараўларды кепилленген шийки зат базасы менен тәмийинлеў ушын геология-излеў жумысларына, қазып шығарыў ҳәм қайта ислеў процесине сырт ел инвесторларын тартыўды жеделлестириў, минерал шийки зат базасы резервлерин көбейтиўди қоллап-қуўатлаў;
энергия ресурсларын, транспорт ҳәм коммуникация базарларын раўажландырыў ҳәм тараўға жеке инвестициялар кирип келиўи ушын шараятлар жаратыў;
ишимлик ҳәм ақаба суў тәмийнаты, ыссылық тәмийнаты, абаданластырыў, жол қурылысы, авиация инфраструктурасы тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын кескин көбейтиў;
барлық тараўларда ҳәм тармақларда коррупция жағдайларының ҳәр қандай көринисине маўасасыз мүнәсибетте болыў ҳәм оған қарсы аяўсыз гүресиў;
мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханалар ҳәм коммерциялық банклерде корпоративлик басқарыўдың заманагөй усылларын, соның ишинде, «комплаенс» қадағалаў системасын кеңнен енгизиў, сатып алыў системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў арқалы коррупцияның алдын алыў.
- 2. Меншиклестириў процесслерин жеделлестириў, инвестициялық орталықтың тартымлылығын арттырыў және мәмлекетлик активлерди (мәмлекетлик акция пакетлери, үлеслери, көшпес мүлк объектлери) сатып алған инвесторларға қосымша қолайлылықлар жаратыў мақсетинде:
аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын мүлк ҳуқықы тийкарында аукцион арқалы сатыўда мәмлекетлик активлерди сатыўда қолланылатуғын үш жылға шекем бөлип-бөлип төлеў тәртиби енгизилсин;
бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатылған мәмлекетлик активлер ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары бойынша кеминде 35 процент муғдарындағы басланғыш төлемди бирден әмелге асырған қарыйдарларға бул мәмлекетлик активлер ҳәм жер участкаларын кредит тәмийнаты сыпатында гиреўге қойыў ҳуқықы берилсин.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы бәнттиң үшинши пункти менен енгизилип атырған мәмлекетлик активлерди ҳәм жер участкаларын кредит тәмийнаты сыпатында гиреўге қойыў ҳуқықын бериў тәртибин ислеп шығып тастыйықласын.
- 2022-жыл 1-майдан баслап дизими Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланатуғын сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығын талап етпеген ҳалда, жаңадан қурылып атырған төмендеги көшпес мүлк объектлерин (буған жер участкалары кирмейди) сатып алыў тәризинде инвестиция киргизиў ҳуқықы берилсин:
Ташкент ўәлаяты, Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында – қурылыс дәўиринде дүзилген шәртнамаларға тийкарланып нырқы 150 000 АҚШ доллары эквивалентинен, пайдаланыўға қабыл етилген көшпес мүлк объектлеринде нырқы 180 000 АҚШ доллары эквивалентинен аз болмаған көшпес мүлк объектлери;
Басқа да аймақларда – қурылыс дәўиринде дүзилген шәртнамаларға тийкарланып нырқы 70 000 АҚШ доллары эквивалентинен, пайдаланыўға қабыл етилген көшпес мүлк объектлеринде нырқы 85 000 АҚШ доллары эквивалентинен аз болмаған көшпес мүлк объектлери.
Онда, усы бәнтте нәзерде тутылған көшпес мүлк объектлерин сатып алыў сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасында турақлы дизимнен өтиў ҳәм жасаў гүўалығын алыў ушын тийкар болмайды.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-январьдағы ПП-5611-санлы Пәрманына 6-қосымшаға муўапық сырт ел пуқараларына көшпес мүлк сатып алыў шәрти менен Өзбекстан Республикасында жасаў гүўалығын алыў ушын талап етилетуғын көшпес мүлк баҳасының муғдары Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында 400000 АҚШ долларынан 300000 АҚШ доллары эквивалентине азайтылсын.
- Экономикада бәсеки орталығын буннан былай да жақсылаў ҳәм жеке сектор алдындағы бюрократлық тосқынлықларды қысқартыў мақсетинде Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:
а) кейинги календарь жылында товарлар (хызметлер)ды сатыўдан түскен түсим базалық есаплаў муғдарының он мың есесинен аспайтуғын юридикалық тәреплер ямаса жеке тәртиптеги исбилерменлер яки шахслар топарын (тәбийғый монополия субъектлери, мәмлекетлик сатып алыўлар ҳәм биржа саўдалары қатнасыўшылары, өнимлердиң баҳасы мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын хожалық жүргизиўши субъектлерден тысқары) товар ямаса финанс базарларында тийкарғы орынды ийелеген деп тән алмаў және оларға монополияға қарсы шараларды қолланбаў;
б) 2022-жыл 1-сентбярьден баслап, бәсекиге қарсы ҳәрекетлерди ислеген хожалық жүргизиўши субъектлерге төмендегилер ушын қаржылай жәриймаларды қолланыў;
товар ҳәм қаржы базарында бәсекини шеклеўге алып келетуғын келисимлер (келисип алынған ҳәрекетлер) ҳәм экономикалық жумысты муўапықластырыў;
товар ямаса финанс базарындағы тийкарғы (монопол) орынды және жоқары қарым-қатнас үстинлигинен пайдаланыў, социаллық ҳәм стратегиялық әҳмийетке ийе өнимлердиң баҳаларын тийкарсыз көтериў ҳәм инсапсыз бәсеки;
хожалық жүргизиўши субъектлерди қосып жибериўде, қосып алыўда ҳәм устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды (үлеслерди) сатып алыў бойынша келисимлер дүзиўде бәсеки ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны;
ғалабалық саўдаларда бәсекиге қарсы ҳәрекетлер әмелге асырғаны ҳәм монополияға қарсы талапларды бузғаны.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте қаржы жәриймаларының анық муғдарлары ҳәм оларды қолланыў тәртибин нәзерде тутатуғын жаңа редакциядағы «Бәсеки ҳаққында»ғы нызам жойбарын Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына киргизсин. Онда, өндирилген жәриймалардың суммасын толық Мәмлекетлик бюджетке қаратыў және бәсекиге қарсы ҳәрекетлердиң басқа да түрлери ушын да жуўапкершилик нәзерде тутылсын;
в) 2022-жыл 1-сентябрьден баслап, төмендегилер ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти күшейтиў:
мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен шийки зат, товарлар ҳәм хызметлердиң еркин ҳәрекетлениўи ҳәм реализицияланыўын (көрсетилиўин) нызамсыз шеклеў;
лицензиялаў, дизимге алыў, аккредитациядан өткериў ҳәм рухсат бериў ўәкиллиги берилген мәмлекетлик унитар кәрханалар ямаса мәкемелер, юридикалық тәреплер бирлеспелери тәрепинен бәсекини шеклейтуғын қарарлар қабыл етиў;
монополияға қарсы уйым талапларына бола, зәрүр ҳүжжет ҳәм мәлимлемелерди усынбағаны, надурыс ямаса жалған мағлыўматлар бергени.
Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына тийисли нызам жойбарын киргизсин;
г) 1-қосымшада нәзерде тутылған илажлар режесине муўапық жеке секторды кеңнен тартыў және эксклюзив ҳуқықларды бийкарлаў арқалы жүзеге келген монополияларды сапластырыў;
д) 2023-жыл 1-январьдан баслап Монополияға қарсы гүресиў комитети тәрепинен ҳәр жылы Олий Мажлис Сенатына мәлимлеме берилетуғын Бәсеки раўажланыўы индексин енгизиў.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Монополияға қарсы гүресиў комитети, Қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик хызметлер ҳәм функцияларды атқарыўға жеке секторды кеңнен тартыўды жеделлестириў бойынша қарардың жойбарын киргизсин.
- Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте 2022-жылдың ақырына шекем жынайый истен алынған дәраматларды легалластырыў ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамшылық талапларын есапқа алған ҳалда, Өзбекстан Республикасының резидентлери ямаса резидентлери болмаған қарыйдарлар ушын олардың жеке қатнасыўысыз баҳалы қағазлар ушын депо есапбетлерин аралықтан турып ашыў имканиятын жаратсын.
- Қаржы министрлигиниң 2022-жыл 1-майдан баслап резидент емес физикалық тәрептиң Өзбекстан Республикасындағы дәреклеринен алынатуғын дәраматлары (дивидентлер, процентлер ҳәм фрахттан алынатуғын дәраматлардан тысқары) бойынша физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының ставкасын 12 процент муғдарында белгилеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Қаржы министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте Салық кодексине усы бәнттен келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Исбилерменлик субъектлери ушын теңдей бәсеки шараятларын жаратыў, сондай-ақ, салық ҳәм бажыхана төлемлери бойынша жеңилликлерди бериўди тәртипке салыў мақсетинде:
а) 2022-жыл 1-майдан баслап:
исбилерменлик субъектлерине теңдей шараятларды жаратыў ушын шекленген субъектлерге енгизилип атырған салық ҳәм бажыхана жеңилликлери 2-қосымшаға муўапық тармақлардағы барлық субъектлер ушын енгизилсин;
Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары бойынша 2020-жыл 1-июльге шекем мақулланған ҳәм Өзбекстан Республикасының коммерциялық банклери арқалы қайта қаржыландырылатуғын ямаса қайта кредитленетуғын халықаралық финанс институтларының ҳәм сырт ел шөлкемлериниң қаржылары (қарызлары, кредитлери) есабынан алынатуғын товарлар (хызметлер) бойынша салық ҳәм бажыхана жеңилликлери бийкар етилсин. Бул норма коммерциялық банклер ҳәм исбилерменлик субъектлери арасында жаңадан дүзилетуғын келисимлер (рәсмийлестириў түрине ҳәм усылына қарамастан) тийкарында алынатуғын товарларға (хызмтлерге) енгизиледи;
б) айырым салықлар ҳәм бажыхана жеңилликлери 3-қосымшаға муўапық басқышпа-басқыш бийкар етилсин;
в) Минисрлер Кабинети хатлаў нәтийжеси бойынша анықланған Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимети тәрепинен енгизилген айырым салықлар ҳәм бажыхана жеңилликлериниң әмел етиўин даўам еттириў зәрүрлигин сын көз қарастан қайта көрип шығып, 2022-жыл 1-августқа шекем оларды бийкарлаў бойынша усыныс киргизсин;
г) 2022-жыл 1-июльден баслап:
бажыхана бажылары бойынша жеңилликлер тек ғана Өзбекстан Республикасы нызамлары менен берилсин. Онда, Тариф ҳәм тарифсиз тәртипке салыў кеңесиниң жуўмағы алыныўы мәжбүрий есаплансын;
тармақлық министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары тараўды ҳәм (ямаса) аймақты раўажландырыў ушын берилген өз алдына салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң нәтийжелилиги ҳаққында есабатларды жылдың жуўмағы бойынша ҳәр жылы 1-мартқа шекем Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитетине берип барсын.
- Қаржы министрлиги Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Энергетика министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Транспорт министрлиги ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте:
а) 2022-жыл 1-майға шекем тәжирийбели инвестициялық банкти тартып, 2022-жылдың ақырына шекем «Өзбекнефтгаз» АЖның, соның ишинде, акцияларын ғалаба орналастырыў (IPO) арқалы кеминде 49 процент үлесин, сондай-ақ, «Ыссылық электр станциялары» АЖдағы 51 процент ҳәм оннан жоқары муғдардағы мәмлекетлик үлести меншиклестириў жумысларын басласын;
б) 2022-жыл 1-сентябрьге шекем халықаралық консалтинг компаниясының жуўмақлары тийкарында «Өзбекгидроэнерго» АЖны реформалаў стратегиясын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин
Онда, жаңа киши ҳәм орта гидроэлектростанцияларды қурыўда жеке сектор қатнасындағы, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарындағы жойбарларды әмелге асырыўға әҳмийет берилсин;
в) 2022-жыл 1-сентябрьге шекем «Uzbekistan airways» АЖ устав капиталындағы 51 процент ҳәм оннан жоқары муғдардағы мәмлекет үлесиниң саўдаға шығарылыўын, соның ишинде, акцияларды ғалаба орналастырыў (IPO) жумысларын басласын;
г) 2022-жыл 1-августқа шекем халықаралық инвестиция банкин ҳәм консультантларды артқан ҳалда «UzAuto Motors» АЖ акциялар пакетиниң 10 процентке шекемги бөлегин жергиликли фонд базарларына ғалаба орналастырыў (IPO) ҳәм усы кәрханананң қалған үлесин және «UzAuto Motors Powertrain» АЖ, «Samarqand Avtomobil zavodi» ЖШЖны стратегиялық инвесторларға сатыў стратегиясын Минисрлер Кабинетине киргизсин.
- Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:
«Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖның магистрал тармақларын толық мәмлекеттиң балансында сақлап қалыўды нәзерде тутқан ҳалда, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ тәрепинен 2023-жылдың ақырына шекем, «Өзтрансгаз» АЖ тәрепинен 2024-жылдың ақырына шекем халықаралық кредит рейтинги қолға киргизилиўи, қаржы интизамына қатаң әмел еткен ҳалда еркин түрде халықаралық банклер ҳәм капитал базарынан қаржы тартыўға ерисилиўин;
Халықаралық финанс институтлары ҳәм консультантлардың жуўмақлары тийкарында 2022-жыл 1-сентябрьге шекем «Аймақлықгазтәмийнат» АЖ ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» АЖның жумысын жетилистириў, соның ишинде, олардың операциялық нәтийжелилигин арттырыў, тараўға жеке секторды тартыў, онда тәжирийбе тәризинде, дәслеп он төрт қала ҳәм районда, халық ушын белгиленетуғын тарифлерди арттырмаған ҳалда тәбийғый газ ҳәм электр энергиясын көтере сатып алыў ҳәм сатыў функциясын жеке операторға бериў бойынша қарар қабыл етилиўин тәмийинлесин.
- Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Транспорт министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети:
а) еки ай мүддетте « Uzbekistan Airports» АЖның Ташкент қаласындағы ҳәм аймақлық халықаралық аэропортларын модернизациялаў ҳәм операциялық нәтийжелилигин арттырыў ушын жеке секторға мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында басқарыўға бериў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин. Онда, Ферғана ойпатлығындағы аэропортларды оптималластырыў арқалы олардан нәтийжели пайдаланыў илажлары нәзерде тутылсын;
б) бир ай мүддетте Жәҳән банкин тартып, 2022-жыл 1-июньге шекем «Өзбекстан темир жоллары» АЖны трансформациялаў, раўажландырыў ҳәм меншиклестириў стратегиясы ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
арнаўлы жумысшы топар 4-қосымшаға муўапық қурамда тастыйықлансын.
Жумысшы топар (Ж.Қўчқаров) 2022-жыл 1-августқа шекем «Өзбекстан темир жоллары» АЖны трансформациялаў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын киргизсин:
өзиниң жолаўшы ҳәм жүк вагонларына ийе жеке операторлардың жумысын раўажландырыў және темир жол транспорты хызметлери базарында бәсекини раўажландырыўға қаратылған ашық-айдын ҳәм бейимлесиўши тариф системасын жаратыў жолы менен тариф сиясатын жетилистириў;
темир жол транспорты кәрханаларында операциялық ҳәм бизнес процесслердиң нәтийжелилигин арттырыў, соның ишинде, хызмет көрсетиўши ҳәм тутыныўшы арасындағы қатнасықларды санлы трансформациялаў жолы менен интеграциялаў;
темир жол арқалы ишки ҳәм халықаралық жүк және жолаўшы тасыўларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ямаса франшиза тийкарында жеке секторға бериў;
в) 2022-жыл 1–августқа шекем халықаралық финанс институтлары менен биргеликте Ташкент қалалық жәмийетлик транспорт системасын 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясы шеңберинде жәмийетлик транспорт жумысына жеке секторды, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында жойбарларды әмелге асырыўға тартыў бойынша усыныслар ислеп шығылып, Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин.
Министрлер Кабинети 2022-жыл 1-декабрьге шекем Ташкент қаласы мысалында Нөкис қаласы ҳәм барлық ўәлаятлардың орайларында жәмийетлик транспорт инфраструктурасын раўажландырыў стратегиясын ислеп шығып, енгизиўди басласын.
- Автомобиль жоллары комитетин реформалаў бойынша арнаўлы жумысшы топар 5-қосымшаға муўапық қурамда тастыйықлансын.
Жумысшы топар (Т.Ишметов) еки ай мүддетте тараўда қадағалаў ҳәм хожалық функцияларын анық шегаралаў, монополиядан шығарыў, жеке сектор кәрханаларын тартыў, бюджет қаржыларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Автомобиль жоллары комитети системасынан жумысты бөлип алыў ҳәм өндирис кәрханаларын шығарыў арқалы оны реформалаў бойынша қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги ҳәм тартылған профессионал консультантлар менен биргеликте 2022-жыл 1-сентябрьге шекем «Өзбектелеком» АК ҳәм «Өзбекстан почтасы» АЖны реформалаў стратегиясы ислеп шығылыўы ҳәм тастыйықланыўы ушын бақлаў кеңесине киргизилиўин тәмийинлесин.
- Мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған хожалық жәмийетлери ҳәм мәмлекетлик унитар кәрханалары (кейинги орынларда – мәмлекет қатнасындағы кәрханалар) басқарыў уйымларының жумыс нәтийжелилигин, жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде:
2022-жыл 1-апрельден кейин атқарыў уйымы басшысы сыпатында тайынланған (қайта тайынланған) шахс қатара еки мүддеттен артық атқарыў уйымының басшысы болыўы мүмкин емеслиги;
2022-жыл 1-майдан баслап бақлаў кеңеси ағзаларынан ибарат Стратегия ҳәм инвестициялар комитети, Аудит комитети, Тайынлаўлар ҳәм ҳақы төлеў комитети, Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм этика комитети дүзилетуғыны;
бақлаў кеңесиниң қурамына мәмлекет үлеси бойынша сайланған ағзалардың жумысы кәрханада трансформация процесслерин нәтийжели шөлкемлестириў, кәрхананың сыртқы қарызларын оптималластырыў, заманагөй сатып алыў системасын енгизиў, усы Пәрманда нәзерде тутылған талапларды орынлаў, инвестициялық жойбарларды қаржыландырыўға альтернатив қаржыларды тартыў сыяқлы нормалар тийкарында баҳаланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң 2022-жыл 1-июльден баслап, мәмлекет қатнасындағы кәрханалар бақлаў кеңесиниң ағзаларын хошаметлеў ҳәм атқарыў уйымының ағзаларының мийнетине ҳақы төлеў бойынша бирден–бир хошаметлеў сиясатын енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин. Онда, атқарыў уйымы ағзаларына айлық мийнет ҳақы ҳәм жыл жуўмақлары бойынша бир мәрте төленетуғын хошаметлеў төлемлеринен тысқары ҳәр қандай қосымша төлем түрлери бийкар етилсин.
- Қаржы министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 6-қосымшада көрсетилген акционерлик жәмийетлеринде трансформация ҳәм меншиклестириў процесслерин нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған арнаўлы басқарыў системасын енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин. Онда:
жәмийет бақлаў кеңесиниң Стратегия ҳәм инвестициялар комитетиниң баслығы оның бийғәрез ағзалары арасынан тайынланады ҳәм усы комитет кәрхананың трансформация ҳәм меншиклестириў процесслерин турақлы басқарыў ўазыйпалары жүкленеди;
жәмийеттиң атқарыў уйымы басшысының трансформация мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымы енгизиледи ҳәм оған бойсынатуғын жойбар офиси шөлкемлестириледи;
жәмийеттиң атқарыў уйымы басшыларының трансформация мәселелери бойынша биринши орынбасарына атқарыў уйымының барлық басшы орынбасарлары ҳәм структуралық бөлимлер трансформацияға тийисли мәселелер бойынша есап береди;
жәмийеттиң атқарыў уйымы басшысының трансформация мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәм жойбар офисиниң қәрежетлер сметасы бақлаў кеңеси тәрепинен өз алдына тастыйықланады;
жәмийеттиң бақлаў кеңеси тәрепинен атқарыў уйымы басшысына меншиклестириў процесслерин, соның ишинде, акцияларды ғалаба орналастырыўды (IPO) сапалы ҳәм белгиленген мүддетлерде әмелге асырғаны ушын өз алдына хошамет (усы Пәрманның 16-бәнтинде нәзерде тутылған хошаметлеўден тысқары) ямаса әмелге асырмағаны ушын жуўапкершилик шаралары белгиленеди.
- Мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың экономикадағы қатнасын шеклеў ҳәм қысқартыў мақсетинде, оларға Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимети қарарларында нәзерде тутылмаған жағдайларда:
тийкарғы жумысына сәйкес болмаған жаңа көшпес мүлк объектлерин сатып алыў ямаса қурыў;
бәсеки раўажланған тараўда тийкарғы жумысынан тысқары қосымша жумыс пенен шуғылланыў;
тийкарғы жумысына сәйкес болмаған хожалық жәмийетлериниң устав капиталына қатнасыў ямаса ондағы үлести сатып алыў қадаған етилсин.
Мәмлекет қатнасындағы кәрханалар тәрепинен тийкарғы жумысына тән болған жаңа көшпес мүлк объектлерин сатып алыў ямаса қурыў және хожалық жәмийетлери устав капиталындағы үлесин сатып алыў, сондай-ақ, тийкарғы жумысынан тысқары қосымша жумыс пенен шуғылланыў бақлаў кеңесиниң қарары тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
Мәмлекет қатнасындағы кәрханалар ҳәм мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған коммерциялық банклер тәрепинен мүлкти реализациялаў, оны сатыў түри ҳәм механизми, мәмлекет қатнасындағы кәрханалар ҳәм олардың қурамындағы кәрханалардың устав капиталына үшинши шахслар тәрепинен инвестиция киргизиў бойынша келисимлер (келисим, шәртнама, меморандум ҳәм басқалар) мәжбүрий тәризде усы кәрханалар бақлаў кеңеси менен келисилгеннен кейин дүзиледи;
мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың қәўендерликке жумсалатуғын ҳәр жылғы қәрежетлери өткен жылы алынған сап пайданың 3 процентинен аспаўы керек және бул қәрежетлер олардың бизнес-режесиниң өткен есап бериў дәўириндеги сап пайдаға тийисли бөлегиниң көрсеткишлери орынланғанда әмелге асырылады (буған Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимети қарарларында нәзерде тутылған жағдайлар кирмейди).
- Мәмлекетлик салық хызмети уйымларына хожалық жәмийетлеринде мәмлекет үлеси бойынша дивидентлер муғдарын белгилеўде қаржы нәтийжесиниң дурыс қәлиплестирилиўи үстинен қадағалаў ўазыйпасы жүкленсин.
- Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында 2022-2024-жыллар даўамында әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлардың тараўлар кесиминде «Жол картасы» 7-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қаржы министрлиги Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик салық комитети, Орайлық банк ҳәм Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти менен биргеликте 2022-жыл 1-июньге шекем жасырын экономикаға қарсы гүресиў ҳәм оны қысқартыўға қаратылған комплескли илажлар ҳаққындағы қарардың жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
Бас министр А.Н.Ариповтың басшылығында Муўапықластырыўшы жумысшы топар дүзилсин ҳәм оның қурамы 8-қосымшаға муўапық;
Исбилерменлик орталықты жақсылаў ҳәм экономикалық өсиўди тәмийинлеўде жеке меншик сектордың ролин арттырыў бойынша қосымша илажлар режеси 9-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Муўапықластырыўшы жумысшы топар (А.Н.Арипов):
бир ай мүддетте орынлаў мүддетлери ҳәм жуўапкерлердиң ўазыйпасын анық белгилеген ҳалда, ҳәр бир кәрхана бойынша әмелге асырылатуғын жумыслардың тармақ кестесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
6-қосымшада нәзерде тутылған кәрханалардың бақлаў кеңеслериниң басшылары ҳәм орынлаў уйымы басшысының трансформация мәселелери бойынша биринши орынбасарларының жумысын додалап, олардың жумысын муўапықластырсын ҳәм қадағаласын;
ҳәр бир кәрхана басшысының усы Пәрманда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын сөзсиз ҳәм белгиленген мүддетлерде тәмийинлеў бағдарындағы есабатын тыңлап барсын, зәрүр жағдайларда олардың өз лаўазымына ылайық екени бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин;
мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында әмелге асырылатуғын жойбарлардың орынланыў жағдайы бойынша министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының жеке есабатын ҳәр шеректе сын көзқарастан додалап барсын;
зәрүр жағдайларда, мәмлекеттиң сыртқы қарызы есабынан әмелге асырылған өз алдына инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилигин бийғәрез аудиторлық компаниясын тартқан ҳалда баҳалаў басламасы менен шықсын;
ҳәр айдың жуўмағы менен әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти жанында додалап барсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 10-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлери 11-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 8-апрель