Нөкис қаласындағы орайлық майданда «Қарақалпақтан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 29 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.

Оған жазыўшы-шайырлар, илимпазлар, көркем өнер ғайраткерлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының ҳәм «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 29 жыллығы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң 1993-жыл 9-апрельдеги он екинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилип, усы күн ҳәр жылы кең түрде белгиленип келинбекте.

Айрықша атап өтиў керек, мәмлекетлик нышанлар ҳәмийше халқымыздың мақтанышы есапланған. Себеби онда халықтың өтмиши, бүгини ҳәм келешеги сәўлеленген.

Нызамда белгиленгениндей, гербимиз елимиз суверенитетиниң нышаны есапланып, оған айрықша ҳүрмет пенен қараў ҳәр бир пуқараның миннети болып табылады. Қарақалпақтан Республикасының мәмлекетлик герби-халқымыздың ар-намысы, мақтанышы болып есапланады.

Шайыр Р.Отарбаев өзиниң қосығын оқып берди.

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының ҳәм «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 29 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық илажлары республикамыздың районларында да болып өтпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.