Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 8-октябрьдеги ПП-5847-санлы Пәрманы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясында белгиленген стратегиялық ўазыйпаларға муўапық Самарқанд мәмлекетлик медицина институтында жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў, оның институционаллық, оқыў-педагогикалық потенциалын күшейтиў, оқыў процесин халықаралық стандартларға сәйкес түрде шөлкемлестириў, халықтың саламатлығын қорғаў, реабилитология ҳәм спорт медицинасы тараўындағы әҳмийетли машқалалар бойынша илимий изертлеўлерди системалы алып барыў, сондай-ақ, аймақ халқына медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын буннан былай да арттырыў мақсетинде:

  1. Самарқанд мәмлекетлик медицина институтының бақлаў кеңеси, Денсаўлықты сақлаў министрлиги және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:

а) Самарқанд мәмлекетлик медицина институтын Самарқанд мәмлекетлик медицина университети (кейинги орынларда – Университет) етип қайта шөлкемлестириў;

б) Университеттиң қурамында төмендегилерди шөлкемлестириў;

Самарқанд ўәлаяты, Самарқанд районы, Орташиқ аўылында жайласқан Самарқанд ўәлаяты саламатлықты тиклеў емлеўханасы тийкарында Самарқанд мәмлекетлик медицина университети жанындағы Реабилитология ҳәм спорт медицинасы илимий-изертлеў институтын;

Самарқанд мәмлекетлик медицина институтының биринши ҳәм екинши клиникалары негизинде Самарқанд мәмлекетлик медицина  университетиниң көп тармақлы клиникасы ҳәм Самарқанд мәмлекетлик медицина университети қәнигелескен балалар хирургиялық клиникасын (кейинги орынларда – Университет клиникалары);

Республикалық қәнигелескен эпидемиология, микробиология, жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлер илимий-әмелий медицина орайының Л.М.Исаев атындағы Микробиология, вирусология, жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлер илимий-изертлеў институты ҳәм оның клиникасын;

Самарқанд мәмлекетлик медицина университети жанындағы Нейрохирургия ҳәм нейрореабилитация қәнигелестирилген илимий-әмелий орайын;

Самарқанд мәмлекетлик медицина университети жанындағы Иммунология, аллергология ҳәм инсан геномикасы илимий орайын.

  1. Университеттиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс түрлери етип төмендегилер белгиленсин:

үзиликсиз медициналық-кәсиплик билимлендириў системасында  жоқары маманлықтағы медицина кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў;

оқыў процесин әмелий көнликпелерди қәлиплестириўге қаратыў, халықаралық билимлендириў стандартларына тийкарланған алдыңғы педагогикалық технологиялар, оқыў бағдарламаларын ҳәм инновациялық оқыў-методикалық материалларды кеңнен енгизиў, клиника ҳәм оқыў базаларының жумысында теориялық билим ҳәм әмелияттың сәйкеслигин тәмийинлеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық илимий-изертлеў жумысларын медицина әмелиятындағы машқалалардың шешимине қаратыў, медициналық билимлендириў, илим, инновация ҳәм илимий изертлеўлер нәтийжелериниң өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў;

сырт ел медицина жоқары билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў шеңберинде студентлер, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий излениўшилер академиялық мобиллиги бағдарламалары және қоспа билимлендириў бағдарламаларын енгизиў ҳәм раўажландырыў;

Университеттиң илимий потенциалын турақлы түрде арттырып барыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий излениўшилердиң абырайлы халықаралық  илимий журналларда мақалалар шығарыўын тәмийинлеў;

республика ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў және илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм кадрлар буйыртпашылары менен биргеликте медицина тараўындағы әҳмийетли мәселелерди додалаў бойынша халықаралық илимий-әмелий конференциялар, семинарлар ҳәм симпозиумлар шөлкемлестириў;

Университеттиң материаллық-техникалық базасын модернизациялаў ҳәм беккемлеў, симуляциялық орай, оқыў ҳәм илимий-изертлеў лабораторияларын шөлкемлестириў және заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў;

Самарқанд ўәлаяты және қоңсылас аймақлардың денсаўлықты сақлаў системасындағы талапларын ҳәм машқалаларын турақлы үйренип барыў, оларды ўәкиллиги көлеминде сапластырыў мақсетинде денсаўлықты сақлаў системасы және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында өз-ара биргеликтеги жумысты жолға қойыў.

  1. Төмендегилер:

а) Университет Самарқанд мәмлекетлик медицина институтының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

б) Самарқанд мәмлекетлик медицина институтында билим алып атырған студентлер Университетте сәйкес бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлеринде оқыўын даўам еттиретуғыны және питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте мәмлекетлик үлгидеги Университет дипломы берилетуғыны;

в) Университет клиникалары, академиялық лицейи, Л.М.Исаев атындағы Микробиология, вирусология, жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлер илимий-изертлеў институты, Нейрохирургия ҳәм нейрореабилитация қәнигелестирилген илимий-әмелий орайы, Иммунология, аллергология ҳәм инсан геномикасы илимий орайы және Реабилитология ҳәм спорт медицинасы илимий-изертлеў институтының (кейинги орынларда – Университет қурамындағы структуралар) шөлкемлестириўшиси Университет есапланатуғыны ҳәм олардың жумысы Университет тәрепинен муўапықластырылатуғыны;

г) Университет қурамындағы структуралар мәмлекетлик мәкемелер болып есапланатуғыны ҳәм жеке ғазна есап бетлерине ийе болатуғыны;

д) Университет қурамындағы структуралардың басшылары Университет Кеңесиниң усынысына бола денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны;

е) Самарқанд ўәлаяты Әбиў Әлий ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумлары ҳәм медицина колледжлери (кейинги орынларда – техникумлар ҳәм колледжлер) Университетке бириктирилетуғыны;

Онда, Университет:

техникумлар ҳәм колледжлердеги билимлендириў ҳәм әмелият сапасы ушын тиккелей жуўапкер болып, оларда зәрүр материаллық-техникалық, оқыў-методикалық базаны жарататуғыны ҳәм оқыў процесине тәжирийбели қәнигелерди тартып баратуғыны;

техникумлар ҳәм колледжлерде жумыс ислейтуғын оқытыўшыларға илимий-методикалық жақтан жәрдемлесетуғыны;

клиникалары техникумлар ҳәм колледжлер ушын клиникалық база болып хызмет ететуғыны;

кафедралары өз бағдарында техникумлар ҳәм колледжлерге заманагөй оқытыў методикасын ҳәм технологияларын үйрететуғыны, оқытыўшыларының ҳәм оқыўшыларының билимин баҳалап баратуғыны белгилеп қойылсын.

4.Төмендегилер:

2022-2025-жылларда Самарқанд мәмлекетлик медицина университетин комплексли раўажландырыў бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Самарқанд мәмлекетлик медицина университетин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) 2-қосымшаға муўапық;

Самарқанд мәмлекетлик медицина университети кафедраларын Самарқанд ўәлаяты район (қала)ларына бириктириў дизими 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Университетке төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисилген ҳалда, академиялық лицейдиң оқыў-методикалық процесин муўапықластырыў, оның структурасын, оқыў режелерин ҳәм бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, қабыллаў параметрлерин ҳәм билимлендириў бағдарларын белгилеў;

Университетте бакалавриаттың питкериўши басқыш студентлери ушын денсаўлықты сақлаў системасының басланғыш буўын мәкемелерин (көп тармақлы орайлық емлеўханалар, шаңарақлық поликлиинакалар, шаңарақлық шыпакерлик пунктлери) және күнлик базаларда 6 айлық маманлық әмелият көринисиндеги субординатураларды енгизиў;

Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан Университет профессор-оқытыўшыларының халықаралық илимий-техникалық мағлыўматлар базалары (Scopus, Web of Science ҳәм басқалар) тәрепинен тән алынған жоқары рейтингли журналларда илимий мақалалар басып шығарыў қәрежетлерин қаплаў.

Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қосымша қәрежетлер Университеттиң бюджеттен тысқары қаржыларының есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Университеттиң клиникаларына төмендеги ҳуқықлар берилсин:

Университет ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен келисилген ҳалда клиникалардың улыўма орынлар саны және әмелдеги штат бирликлери шеңберинде штатлар кестесин қайта көрип шығыў ҳәм тастыйықлаў;

төлемли хызметлер көрсетиў бөлимлерин шөлкемлестириў;

төлемли маманлығын арттырыў цикллерин ҳәм заманагөй технологияларды өзлестириў бойынша шеберлик сабақларын шөлкемлестириў;

медициналық хызметлерди көрсетиўден түскен дәраматлар шеңберинде хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў муғдарларын исленетуғын жумыслардың қурамалылық дәрежеси, сапасы ҳәм көлемине қарай еркин түрде белгилеў.

  1. Университеттиң қәнигелескен балалар хирургиялық клиникасы 2023-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 28-июльдеги «Денсаўлықты сақлаў тараўында қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5199-санлы қарарында белгиленген республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларының жумысын жүргизиў тәртиби ҳәм қаржыландырыў механизми тийкарында жумыс алып баратуғыны;

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Самарқанд ўәлаяты филиалы жаңа имаратқа көширилиўи мүнәсибети менен усы филиалдың босайтуғын Самарқанд қаласы, Маҳмуди Аъзам көшеси, 18-жай мәнзилинде жайласқан имараты Университетке оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында бийпул берилетуғыны және усы имаратта Нейрохирургия ҳәм нейрореабилитация қәнигелестирилген илимий-әмелий орайы, сондай-ақ, Иммунология, аллергология ҳәм инсан геномикасы илимий орайы бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (Б.А.Мусаев) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев), Қаржы министрлиги (А.Я.Хайдаров) және Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги (Э.О.Турдимов) менен биргеликте 2024-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасында:

Нейрохирургия ҳәм нейрореабилитация қәнигелескен илимий-әмелий орайы және Иммунология, аллергология ҳәм инсан геномикасы илимий орайы жайластырылып атырған Самарқанд қаласы, Маҳмуди Аъзам көшеси, 18-жай мәнзилиндеги имаратты ири оңлаў ҳәм үскенелеў ушын;

Университеттиң қәнигелескен балалар хирургиялық клиникасы аймағында қәнигелестирилген эндоскопиялық консультатив-диагностикалық ҳәм емлеў бөлимин шөлкемлестириў, тийисли имаратлар менен объектлерди қурыў және заманагөй эндоскопиялық диагностика ҳәм емлеў үскенелери менен тәмийинлеў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.

  1. Төмендегилер:

а) Университет жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

Университеттиң бюджеттен тысқары қаржылары;

Нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) Университет клиникаларының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Университет клиникаларының бюджеттен тысқары қаржылары;

Нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

в) Реабилиталогия ҳәм спорт медицинасы илимий-изертлеў институты,  Л.М.Исаев атындағы Микробиология, вирусология, жуқпалы ҳәм паразитли кеселликлер илимий-изертлеў институтының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Усы институтлардың бюджеттен тысқары қаржылары;

Нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

г) Нейрохирургия ҳәм нейрореабилитация қәнигелескен илимий-әмелий орайы және Иммунология, аллергология ҳәм инсан геномикасы илимий орайының жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Усы шөлкемниң бюджеттен тысқары қаржылары;

Нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Ш.Иноятов), Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги (Э.О.Турдиев) Университет және Университет қурамындағы структуралардың профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлериниң қатнасыўында аймақ халқының денсаўлығын беккемлеў, саламат турмыс тәризин жүргизиў бойынша басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде (шаңарақлық шыпакерлик пункти, шаңарақлық поликлиника, көп тармақлы орайлық поликлиника) және басқа да аўыл ҳәм мәҳәллелерде орынларға шыққан ҳалда хызмет көрсетилиўин тәмийинлесин. Онда, төмендегилерге итибар қаратсын:

 Халықтың  саламатлық жағдайын, кеселликлерди келтирип шығыаратуғын қәўип факторларының тарқалыў дәрежесин үйренген ҳалда халықты қәўип топарларына классификациялаў;

қәўип топарларына қарай олар индивидуал мәсләҳәт бериў, тексериў ҳәм қадағалаўды әмелге асырыў, саўалландырыў ҳәм реабилитацияның индивидуал илажларын белгилеў;

халық арасында  ең көп тарқалған ҳәм өлимниң тийкарғы себепшиси болған кеселликлерди ерте анықлаў илажларын көриў, мақсетли скрининг илажларын әмелге асырыў;

халықтың саламатлық жағдайы, кеселликлерди келтирип шығаратуғын қәўип факторларының тарқалыў жағдайы ҳәм кеселлениў дәрежесинен келип шығып, арнаўлы электрон бағдарлама тийкарында «Саламатлық профили»н жаратыў;

аўыл ҳәм мәҳәллелерде «Саламатлық мектеби» жумысын жолға қойыў, напақадағы оқытыўшы ҳәм медицина хызметкерлери, зыялылар және жаслардан ибарат волонтёрлық жәмийетлерин дүзиў;

көп тармақлы орайлық поликлиникада «Дурыс аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи» бөлмелерин шөлкемлестириў, арнаўлы таярлықтан өткен шыпакер ҳәм мийирбийкелер тәрепинен халықтың арасында үгит-нәсиятлаў жумысларын әмелге асырыў, сондай-ақ, индивидуал мәсләҳәт бериў системасын енгизиў;

барлық басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелеринде шыпакер алды тексериўлери арқалы орта медицина хызметкерлери тәрепинен ең көп ушырасатуғын кеселликлерди келтирип шығаратуғын қәўип факторларын анықлаў, халықты антропометрикалық өлшеўлерден өткериў, 5 жасқа шекем балалардың өсиўи ҳәм раўажланыўының мониторингин алып барыў сыяқлы ўазыйпалардың еркин орынланыўын тәмийинлеў;

жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы, саламат турмыс тәризи тийкарлары бойынша медицина бригадасы ўәкиллериниң әмелий ҳәм теориялық билимлерин арттырыў;

халық арасында дурыс аўқатланыў тийкарлары, кеселликлер профилактикасы, физикалық белсендилик, жеке ҳәм жәмийетлик гигиенасы, күн тәртибин дурыс шөлкемлестириў ҳәм зыянлы әдетлерден ўаз кешиў бойынша үгит-нәсиятлаўдың заманагөй усылларын (акция, спорт жарыслары, таңлаў, флешмоб) әмелиятқа енгизиў ҳәм ғалаба ен жайдырыў илажларын көриў.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Ш.Иноятов) 2022-жыл 1-декабрьге шекем Самарқанд ўәлаяты тәжирийбесиниң нәтийжелеринен келип шығып, оны басқа медициналық жоқары билимлендириў мәкемелерине де енгизиў бойынша усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Президенти мәсләҳәтшисиниң биринши орынбасары Л.Н.Тўйчиев, Самарқанд ўәлаяты ҳәкими Э.О.Турдимов, денсаўлықты сақлаў министри Б.А.Мусаев және жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқулов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 1-апрель