Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университетин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарардың толық тексти Қарақалпақстан хабар агентлигинде жәрияланды.
Қарарға муўапық, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети етип қайта шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалы негизинде – Нөкис кәншилик институты шөлкемлестирилди.
Қарар тийкарында:
– Университет ҳәм оның жанындағы Нөкис кәншилик институтына студентлерди қабыллаў параметрлери ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы шеңберинде анықланады;
– Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты ҳәм оның Нөкис филиалының студентлери оқыўын тийислилиги бойынша университет және оның жанындағы Нөкис кәншилик институтында даўам еттиреди;
– Университет, оның жанындағы Нөкис кәншилик институты, Кармана ҳәм Ғазған политехника техникумлары тийислилиги бойынша Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты, оның Нөкис филиалы, Кармана хызмет көрсетиў ҳәм сервис техникумы ҳәм Нурата санаат-кәншилик колледжиниң ҳуқықлары, миннетлемелери менен шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасқоры болып есапланатуғыны белгиленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.