Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм жеке секторды раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, мәмлекетлик активлерди ашық-айдын ҳалда меншиклестириў процессин жеделлестириў мақсетинде:

  1. Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (кейинги орынларда – Агентлик) тәрепинен Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханалар менен биргеликте 60 қа шамалас министрлик, уйым ҳәм 2 мыңнан зыят мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханалардың 12 мыңнан аслам үлеслери ҳәм көшпес мүлк объектлери жалпы хатлаўдан өткерилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң, министрлик, уйым ҳәм хожалық жүргизиўши уйымлар басшыларының мәмлекетлик активлерди басқарыў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип, бос турған, нәтийжесиз пайдаланылып атырған ҳәм тийкарғы жумысына байланыслы болмаған активлерди анықлаў бойынша хатлаў жумысларын үзликсиз әмелге асырыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў илажларын көриў белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

Хожалық жәмийетлери устав капиталындағы меншиклестирилетуғын акция пакетлери (үлеслери)ниң дизими 1-қосымшаға муўапық;

Ғалаба саўдалар арқалы сатылатуғын көшпес мүлк объектлериниң дизими  2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдаларын өткериў бойынша мәмлекетлик комиссия (кейинги орынларда – Мәмлекетлик тендер комиссиясы) он күн мүддетте усы қарардың  1-ҳәм 2-қосымшаларындағы объектлерди 2022-жылда саўдағы шығарыў графиклерин тастыйықласын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2022-жыл 1-апрельден баслап, мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша район (қала) ҳәкиминиң жәрдемшилери (кейинги орынларда – ҳәким жәрдемшилери) тәрепинен өзиниң аймақларында бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объекти ямаса жер участкалары анықланған жағдайларда, олар:

аймағы 2 000 квадрат метрге шекемги мәмлекетлик көшпес мүлк объекти болғанда – ҳәким жәрдемшилериниң онлайн-буйыртпахатына тийкарланып Агентлик тәрепинен тастыйықланатуғын тәртипке муўапық тиккелей электрон онлайн-аукцион саўдаларына шығарылады;

аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары (кейинги орынларда – жер участкалары) болғанда – «Yerelektron» автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы жиберилген онлайн-буйыртпахаты үш күн мүддетте тийисли уйымлар тәрепинен көрип шығылады және унамлы шешим берилген жағдайда, еки ҳәпте мүддетте тиккелей электрон онлайн-аукцион саўдаларына шығарылады;

б) министрлик ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына қараслы болған, үш айдан артық пайдаланылмай бос турған объект, социаллық объектлер буған кирмейди, Агентлик тәрепинен тастыйықланатуғын тәртипке муўапық олардың келисимисиз ижараға бериў ямаса сатыў ушын саўдаға шығарылады;

в) аймағы 10 000 квадрат метрге шекемги мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин сатыўдан түскен қаржылар, баҳалаў ҳәм сатыў қәрежетлерин және Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформациялаў ҳәм меншиклестириў қорының қарамағына өткерилетуғын бөлеги шегирилген ҳалда, Қарақалпақстан Республикасының бюджетине, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлерине және объект жайласқан район (қала) бюджетине теңдей үлеслерде бөлистириледи.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшылары Агентлик ҳәм Кадастр агентлиги менен биргеликте:

турақлы түрде устав капиталында мәмлекеттиң үлеси 50 процент ҳәм оннан көп болған хожалық жәмийетлери, сондай-ақ, устав капиталының 50 проценти ҳәм оннан артық муғдары мәмлекетттиң үлесине ийе юридикалық тәрепке тийисли болған юридикалық тәреплер (кейинги орынларда – мәмлекет қатнасындағы кәрханалар) және мәмлекетке тийисли бос турған, нәтийжесиз пайдаланып атырған ҳәм тийкарғы жумысына тийисли болмаған активлерди (кейинги орынларда – активлер) анықлаў бойынша хатлаў жумысларын даўам еттирсин;

үш ай мүддетте анақланған активлерди басқышпа-басқыш саўдаға шығарыў бойынша Мәмлекетлик тендер комиссиясына усыныслар киргизип барсын.

  1. Агентлик, Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги:

2022-жыл 1-майға шекем «Universal Mobile Systems» ЖШЖны баҳалаў ҳәм сатыў процесине халықаралық консалтинг, аудиторлық ҳәм инвестициялық мәсләҳәтшиси, инвестиция банки ямаса басқа да қәнигелескен компанияны (кейинги орынларда – профессионал шөлкем) тартқан ҳалда, 2023-жыл 1-апрельге шекем оны меншиклестириў илажларын көрсин;

еки ҳәпте мүддетте «Ўздонмаҳсулот» АК қурамындағы дән кәрханаларын Агентликке өткерген ҳалда, ғалаба саўдалар арқалы сатыў бойынша «Жол картасы»н Мәмлекетлик тендер комиссиясына тастыйықлаў ушын киргизсин. Онда, 25 дән кәрханасын 2022-жыл 1-апрельге шекем, қалғанларын болса усы жылдың ақырына шекем басқышпа-басқыш саўдаға шығарсын;

2022-жыл 1-апрельден баслап «Ўзагросервис» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң көшпес мүлк объектлери, зәрүр жағдайларда, оларды өз алдына лотларға бөлген ҳалда, электрон онлайн-аукцион саўдаларына баҳаланған қунда шығарылыўын тәмийинлесин;

2022-жыл 1-апрельге шекем «Ўзагролизинг» АЖның операциялық нәтийжелилигин арттырыў, әмелдеги қарыздарлықты структуралық өзгертиў, жәмийеттиң ликвидлигин ҳәм төлеў қәбилетин тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын «Жол картасы»н  ислеп шығып, Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.

  1. «Ўзагрокимёҳимоя» АЖ ҳәм аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖларды сапластырыў бойынша Республикалық комиссия (Ш.М.Ғаниев) ҳәм Агентлик еки ай мүддетте «Агрокимёҳимоя» АЖ ҳәм аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖлардың тийисли имаратлары менен объектлери, соның ишинде, Агентликке өткерилген ҳалда, электрон онлайн-аукцион саўдаларға шығарылыўын тәмийинлесин.
  2. Қаржы министрлиги мәмлекеттиң үлеси бар коммерциялық банклерди комплексли трансформациялаў ҳәм меншиклестириў арқалы банк секторында мәмлекеттиң үлесин азайтыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-майдағы ПП-5992-санлы пәрманы менен тастыйықланған 2020-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының банк системасын реформалаў стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын избе-из даўам еттирген ҳалда:

2022-жыл 1-октябрьге шекем «Қишлоқ қурилиш банк» АКБның акцияларын ғалаба жайластырыўды (IPO) тәмийинлесин;

2022-жылдың ақырына шекем Халықаралық қаржы корпорациясы, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Азия раўажланыў банкин тартқан ҳалда «Ўзсаноатқурилишбанк» АКБ ҳәм «Асакабанк» АКБның мәмлекетлик үлеслери саўдаға шығарылыўын тәмийинлесин;

2023-жыл 1-июльге шекем АК «Халқ банки», «Микрокредитбанк» АКБ, АК «Алоқабанк», «Агро банк» АКБ, «Ўзмиллийбанк» АЖлардың акцияларын фонд биржасы арқалы ғалаба жайластырыў (IPO) жумысларын шөлкемлестирсин.

Бул бәнтте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын сапалы ҳәм өз мүддетинде тәмийинлеўге тийисли коммерциялық банклердиң басқарма баслықлары (А.Муратов, С.Аннакличев, Н.Сайдуллаев, Ш.Отабоев, О.Бутаев, К.Ирисбекова, Р.Маматкулов, А.Мирсоатов) жеке жуўапкер есапланады.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери:

а) Қурылыс министрлиги, Кадастр агентлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги ҳәм Агентлик пенен биргеликте 2022-жыл 1-апрельге шекем 3-қосымшадағы жер участкаларын үйренип шығып, олардың үстин түрде мүлк ҳуқықы тийкарында, мүлк ҳуқықы тийкарында имканияты болмағанларды ижара ҳуқықы тийкарында саўдаға шығарыўды тәмийинлесин. Онда, Қурылыс министрлиги ҳәм Кадастр агентлиги жер участкаларына қойылатуғын қала қурылысы талапларын орынлаўға айрықша итибар қаратсын;

б) Кадастр агентлиги, Қурылыс министрлиги ҳәм Агентлик пенен биргеликте усы қарардың 3-қосымшасына муўапық:

2022-жыл 1-июльге шекем «Yerelektron» автоматластырылған мәлимлеме системасында уйымлараралық келисимде турған жер участкалары;

усы жылдың ақырына шекем бос жер участкаларын қосымша түрде анықлаған ҳалда олардың белгиленген тәртипте мүлк ҳуқықы тийкарында электрон онлайн-аукцион саўдаларына шығарылыўын тәмийинлесин.

Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқоров жер участкаларының мүлк ҳәм ижара ҳуқықы тийкарында сатылыў жағдайынан келип шығып, аймақларда келеси айда саўдаға шығарылатуғын жер участкаларының реже-графигин айма-ай тастыйықлап барсын ҳәм оның орынланыўын қатаң қадағалаўға алсын.

  1. Мәмлекетлик активлерди меншиклестириўде олардың басланғыш баҳасын жәрияламаған ҳалда талапкерлерди сөйлесиўлерге ғалаба мирәт етиў жолы менен, соның ишинде, профессионал шөлкемлерди тартқан ҳалда сатыў усылы енгизилетуғыны, онда, профессионал шөлкемлерди тартыў арқалы меншиклестирилетуғын мәмлектлик активлердиң дизими Мәмлекетлик тендер комиссиясы тәрепинен тастыйықланатуғыны;

профессионал шөлкемлерди тартқан ҳалда баҳасы 10 миллион АҚШ долларынан артық болған активлер бойынша инвесторлардың усыныслары Агентлик ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымлардың қатнасыўысыз, тартылатуғын профессионал шөлкемлер тәрепинен тиккелей қабыл етилетуғыны;

Мәмлекетлик тендер комиссиясының қарары тийкарында талапкерлерди сөйлесиўлерге ғалаба мирәт етиў жолы менен сатылатуғын мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери ямаса мәмлекеттиң үлеси бойынша инвесторлардың усыныслары «E-auksion» электрон саўда платформасы арқалы қабыл етилутуғыны, буған баҳасы 10 миллион АҚШ долларынан артық болған активлерди профессионал шөлкемлерди тартқан жағдайлар кирмейтуғыны;

халықаралық абырайға ийе аудиторлық компаниялардың Өзбекстанда жумыс алып барып атырған сыңар кәрханаларының баҳалаў есабатлары ҳақыйқый екени экспертизадан өткериў талап етилмейтуғыны;

мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханаларға тийисли үлеслер ҳәм көшпес мүлк объектлерин сатыўдан ҳәм ижараға бериўден, сондай-ақ, жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын сатыўдан түсетуғын қаржылар меншиклестириў ҳәм ижараға бериў нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлемеде мәмлекетлик активлерди меншиклестириўден ҳәм ижарасынан түсимлер сыпатында есапқа алынатуғыны;

Агентлик ҳәм оның аймақлық уйымларынан мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин олар жайласқан жәр учаткалары менен бирге бирден-бир мүлклик комплекси сыпатында меншиклестириў бойынша мүрәжат келип түскенде, аймақтың қала қурылысы талапларынан келип шыққан ҳалда, Қурылыс министрлиги тәрепинен бир ҳәпте мүддетте тийисли жуўмақ берилетуғыны;

мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханалар ҳәм олардың қурамындағы шөлкемлердиң имарат, объектлери ямаса  басқа да активлерин мәмлекетлик уйымларға өткерилиўи товарды реализациялаў бойынша айланба сыпатында қаралмайтуғыны ҳәм экономикалық жақтан өзин ақлайтуғын бийпул товар берилиўине теңлестирилетуғыны;

мәмлекетлик активлерди бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатылғанда дәслепки төлем суммасының 35 процентинен аз болмаған жағдайларда, қалған суммаға Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы муғдарында жыллық процентлер есапланатуғыны;

мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатып алыған ҳәм сатып алыў төлемин толық әмелге асырмағанша «ийелик етиў ҳуқықысыз» мәмлекетлик ордер берилген исбилерменлик субъектлери тәрепинен қосымша қун салығы бул объектлерге салыстырғанда ийелик етиў ҳуқықы толық өткеннен соң төленетуғыны;

меншиклестирилиўи белгиленген мәмлекетлик активлерди, соның ишинде, олардың товар-материаллық байлықлары, пул қаржылары ҳәм басқа да мүлклерин олар сатылғанға шекем пүтинлигин сақлаў бойынша материаллық жуўапкер шахс етип, оларды баланста сақлайтуғын шөлкемлер (кәрханалар)диң биринши басшылары белгиленетуғыны, бунда Агентликке усы талаптың орынланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў жүкленетуғыны белгиленсин.

  1. Қаржы министрлиги мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханалардың басшылары, Агентлик пенен биргеликте бир ай мүддетте усы қарардың 1-, 2-, 4-қосымшаларындағы мәмлекеттиң қатнасындағы кәрханалар активлериниң мәмлектлик уйымларға өткерилиўин тәмийинлесин.
  2. Агентлик, Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң Ташкент қаласы ҳәкимлиги «Муниципиал активлерди басқарыў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасын (кейинги орынларда – Орай) Агентликтиң Ташкент қалалық аймақлық басқармасына қосыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын. Онда, Агентликтиң Ташкент қалалық аймақлық басқармасы Агентликке және Ташкент қаласы ҳәкимлигине есап беретуғыны белгиленсин.

Агентликтиң Ташкент қалалық аймақлық басқармасы Орайдың барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры есапланатуғыны белгиленсин.

Агентлик еки ай мүддете Орайдың барлық ҳуқық ҳәм миннетлемелери, пул қаржылары, тийкарғы қураллары, мүлклери, соның ишинде, көшпес мүлк объектлери ҳәм хожалық жәмийетлериндеги үлеслерин белгиленген тәртипте Агентликтиң Ташкент қалалық аймақлық басқармасына өткерген ҳалда қосылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Респубикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.

Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Министрлик ҳәм уйымлар еки ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Агентлик пенен биргеликте усы қарардың әҳмийетин ҳәм оны әмелге асырыў процесин ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирип барсын.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқаров ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң директоры А.Ж.Ортиқов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 18-март