Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Кейинги үш жылда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 1500 ден аслам аўыл ҳәм мәҳәллелердеги жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары ҳәм социаллық тараў объектлеринде қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды, хызмет көрсетиў шақапшалары шөлкемлестирилди, сондай-ақ, оларда жасап атырған халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған кең көлемли илажлар әмелге асырылды.
Соның менен бирге, республикада өткерилген хатлаў нәтийжесинде социаллық-экономикалық машқалалары көп болған 1 071 аўыл ҳәм мәҳәллелердиң бар екени анықланды.
Буннан тысқары, аўыл ҳәм мәҳәллелердиң 179 ында пақсадан ҳәм қам гербиштен қурылған улыўма билим бериў мектеплери (мектеп филиаллары) жумыс алып бармақта, 5568 инде 29 мың километр топырақ жоллар қатты қапламаға (қум-шағыл тас, асфальт) өткерилмеген, 1540 ы орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленбеген, сондай-ақ, 49 ында жәмийетлик транспорт қатнаўы ҳәм 781 инде шығынды жыйнаў хызметлери жолға қойылмаған.
«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыўды избе-из даўам еттириў арқалы халықтың турмыс дәрежесин буннан былай да жақсылаў мақсетинде, сондай-ақ, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:
- Район (қала)лық халық депутатлары Кеңеслери тәрепинен Халық қабыллаўханалары ҳәм жергиликли ҳәкимликлерге келип түскен мүрәжатлар саны, алыс ҳәм тәбийғый климат шараяты аўыр аймақты биргеликте абаданластырыў ҳаққындағы басламаларының бар екенин есапқа алған ҳалда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары (кейинги орынларда – Бағдарламалар) шеңберинде 2022-жыл ушын:
қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылатуғын жәми 413 аўыл ҳәм мәҳәлле таңлап алынғаны;
таңлап алынған аўыл ҳәм мәҳәллелердеги жол-транспорт инфраструктурасы, инженерлик-коммуникация тармақлары, социаллық тараў ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлерди қурыў, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының мәнзилли бағдарламалары тастыйықланғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Төмендегилер:
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылатуғын аўыл ҳәм мәҳәллелер саны бойынша мақсетли параметрлер 1-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 1а-1н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын қаржыландырыўға бағдарланатуғын қаржылар бойынша мақсетли параметрлер 2-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 2а-2н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде социаллық тараў объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларының мақсетли параметрлери 3-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 3а-3н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде регионаллық жоллар (ишки көшелер) ҳәм ишимлик суў тәмийнаты системаларын жақсылаў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлардың мақсетли параметрлери 4-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 4а-4н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде электр тәмийнаты системасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлардың мақсетли параметрлери 5-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 5а-5н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде газ тәмийнаты системасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлардың мақсетли параметрлери 6-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 6а-6н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде турақ жай фондын жақсылаў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлардың мақсетли параметрлери 7-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 7а-7н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының комплекслери, базар инфраструктурасы объектлерин қурыў ҳәм оңлаў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлардың мақсетли параметрлери 8-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 8а-8н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде байланыс, мәлимлемелестириў ҳәм халыққа транспорт хызметин көрсетиў системасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлардың мақсетли параметрлери 9-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 9а-9н-қосымшаларға муўапық;
2022-2026-жылларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде елатлы пунктлерди абаданластырыў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлардың мақсетли параметрлери 10-қосымшаға, сондай-ақ, 2022-жыл ушын олардың мәнзилли дизимлери 10а-10н-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, зәрүр жағдайларда, усы бәнт пенен тастыйықланып атырған мақсетли параметрлер ҳәм мәнзилли дизимлерге Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң усыныслары тийкарында өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳуқықы берилсин.
- Республикадағы аўыл ҳәм мәҳәллелерде халықтың жасаў шараятларын жақсылаў мақсетинде халық ушын әҳмийетли болған машқалаларды үйрениў бойынша өткерилген хатлаў процесинде анықланған социаллық-экономикалық машқалалары көп болған 1 071 аўыл ҳәм мәҳәллелердиң Бағдарламаларға биринши гезекте киргизилиўи талап етилетуғын 447 синен 263 и 2022-жыл ушын мәнзилли дизимлерге киргизилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги менен биргеликте усы қарардың 2-бәнтине муўапық Бағдарламаларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды ҳәм келеси жыллар ушын мәнзилли дизимлерди қәлиплестириўде, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен тастыйықланатуғын аймақлық бағдарламаларды ислеп шығыўда оларға тийкарғы түрде усы бәнтте нәзерде тутылған 184 аўыл ҳәм мәҳәллелерди киргизиў илажларын көрсин.
- а) Бағдарламалар шеңберинде:
ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системалары және жол-транспорт инфраструктурасы объектлери республикалық бюджет қаржылары есабынан тийислисинше Қаржы министрлиги жанындағы Суў тәмийнаты ҳәм канализация системаларын раўажландырыў қоры ҳәм Автомобиль жолларын раўажландырыў мақсетли қоры арқалы;
социаллық тараў объектлерин ҳәм басқа да объектлерди қурыў, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм ўәлаятлардың жергиликли бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» қорлары арқалы;
электр энергиясы, тәбийғый газ, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў тармақларын қурыў-оңлаў жумыслары тийислисинше «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Аймақгазтәмийнат» АЖ, «Өзбектелеком» АКниң өз қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны;
б) объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып ажыратылған қаржылар жетиспеген жағдайда, бул объектлерди қурыў, оңлаў ҳәм абаданластырыўға байланыслы қосымша қәрежетлер тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм ўәлаятлар бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан қапланатуғыны;
в) жолларды оңлаў ушын қалдырылған резерв қаржылары халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслери тәрепинен белгилеп берилген аўыл ҳәм мәҳәллелердеги жолларды оңлаўға «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыўды муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссияның (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қарарына тийкарланып бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Қаржы министрлиги республикалық бюджеттен Бағдарламалар шеңберинде ишки жолларды оңлаў ушын 2 триллион сум ҳәм ишимлик суў тәмийнатын жақсылаў ушын 1 триллион сум қаржы ажыратсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджети ҳәм жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклери есабынан социаллық тараў ҳәм басқа да объектлерди қурыў (оңлаў) ҳәм абаданластырыўға 1,4 триллион сум қаржыны усы қарардың 2, 2а-2н-қосымшаларында белгиленген муғдарларда ажыратылыўын тәмийинлесин.
- Бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылатуғын қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша буйыртпашы етип:
ишимлик суў тәмийнаты объектлери (социаллық шериклик жойбарлары буған кирмейди), социаллық тараў объектлери ҳәм қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумыслары орайласқан қаржылар есабынан әмелге асырылатуғын басқа да объектлер бойынша – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» ИК МУК;
ишки автомобиль жоллары бойынша – Автомобиль жоллары комитети жанындағы «Регионаллық жолларға буйыртпашы хызмети» МУК;
электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм байланыс тармақлары бойынша – тийислисинше «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Аймақгазтәмийнат» АЖ ҳәм «Өзбектелеком» АК аймақлық филиаллары;
ишимлик суў тәмийнаты тараўындағы социаллық шериклик жойбарлары бойынша – Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги белгиленсин.
- «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылған объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў ҳәм эксплуатациялаўды шөлкемлестириў схемасы 11-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2023-жылдан баслап:
аўыл ҳәм мәҳәллелердеги өндирислик ҳәм социаллық инфраструктура объектлериниң ҳақыйқый жағдайы тастыйықланған нормалар тийкарында баҳаланып барылады;
баҳалаў нәтийжелерине бола ең төмен көрсеткишке ийе болған ҳәм өткен дәўир даўамында Бағдарламаларға киргизилмеген аўыл ҳәм мәҳәллелер Бағдарламаларға биринши гезекте киргизиледи.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм Қурылыс министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте аўыл ҳәм мәҳәллелердеги өндирислик ҳәм социаллық инфраструктура объектлериниң ҳақыйқый жағдайын баҳалаў нормаларын ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Республикалық комиссияға киргизсин.
- Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте усы жыл 15-майға шекем ислеп шығылған нормалар тийкарында аўыл ҳәм мәҳәллелерди баҳалаўдан өткерсин және олардың реестрин қәлиплестирсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери:
2022-жыл 15-апрельге шекем аўыл ҳәм мәҳәллелерде жол-транспорт ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларын, социаллық тараў ҳәм басқа да инфраструктура объектлерин қурыў, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының мәнзилли дизимлерине муўапық объектлердиң жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң ислеп шығылыўын тәмийинлесин. Онда, ҳәр бир объект идентификация номери берилген ҳалда, «Ашық-айдын қурылыс» миллий мәлимлеме системасы ҳәм «Бюджет қадағалаўы» электрон бағдарламасына киргизиледи;
Бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслардың көлеми ҳәм смета баҳаларының тийкарсыз түрде артып кетпеўи үстинен турақлы қадағалаў орнатсын;
Бағдарламаларға киргизилген аўыл ҳәм мәҳәллелердиң бас реже схемалары ҳәм толық режелестириў жойбарлары аймақлық жойбарлаў шөлкемлери тәрепинен алдыннан ислеп шығылыўын ҳәм оларға байланыслы илажлардың тийисли жергиликли бюджетлердиң қаржылары есабынан қаржыландырылыўын тәмийинлесин;
орынларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, инфраструктуралық объектлерди қурыў және оңлаў жумысларын қаржыландырыўға халық ҳәм интакер исбилерменлердиң қаржылары, қәўендерлик қайырқомлықлары, коммерциялық банклердиң кредитлерин ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыларды тартыў илажларын көрсин;
Бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылатуғын қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларына, биринши гезекте, усы аймақта жасап атырған ҳәм «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен бирине киргизилген ямаса мийнет миграциясынан қайтқан жумыссыз ҳәм бәнт болмаған халықты тартыў илажларын көрсин;
ҳәр айдың жуўмағы бойынша Республикалық комиссия, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Қурылыс министрлигине Бағдарламалар шеңберинде орынланған жумыслар ҳәм қаржыландырылған қаржылар ҳаққында мәлимлеме киргизип барсын.
- Қурылыс министрлиги:
бир ай мүддетте Бағдарламаларға киргизилген аўыл ҳәм мәҳәллелердиң бас реже схемалары, толық режелестириў жойбарларын ҳәм аўыл және мәҳәллелер орайының заманагөй көринистеги жойбарын ислеп шықсын;
Бағдарламалар шеңберинде объектлерди қурыў, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлериниң белгиленген тәртипте мәмлекетлик экпертизадан өткерилиўин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен системалы мәмлекетлик қадағалаўдың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын қадағалаў ҳәм муўапықластырыў бойынша республикалық штабқа (Э.Т.Юлдашев) Бағдарламалар шеңберинде:
таңлаў (тендер)лар өз ўақтында ҳәм ашық-айдын өткерилиўин, қурылыс-жумысты бөлип алып ислеў жумысларының сапалы орынланыўы ҳәм жойбарлаў ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырылыўын қадағалаў;
жойбарлар буйыртпашылар тәрепинен өз ўақтында қаржыландырылыўы ҳәм белгиленген мүддетлерде жуўмақланыўы, сондай-ақ, ажыратылатуғын қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўы үстинен системалы қадағалаўды әмелге асырыў;
орынланыўы кешигип атырған ҳәм машқалалы жойбарларды орынларға шыққан ҳалда үйрениў ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажларды көриў;
ҳәр айдың жуўмағы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына мәлимлеме киргизип барыў ўазыйпалары жүкленсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары А.Ж.Раматов, Ж.А.Қўчқоров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр айда додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2022-жыл 18-март