Қай-қайсы заманда да инсан өзиниң көпке өрнек боларлық пидайы хызметлери, ийгиликли ислери менен қәдирленеди. Халықтың кеўил төринен орын алған озық ойлы ақыл-парасат ийелериниң «жақсылар» қатарында ардақланыўы да олардың өзгелерден ажыралып туратуғын инсаныйлық тулғасы, ағла пазыйлетлери менен байланыслы.
«Жақсының жақсылығын айт — нуры тассын!» деп жақсылардың үлгили ислерин үгит-нәсиятлаў — ата-бабаларымыз қәлиплестирген миллий тәрбияның тийкарғы тиреги болып келген. Ҳәрқалай, Уллы Жаратыўшымыз жақсыларға берилетуғын сынақ пенен қатар, узақ жасты да сыйлаған, жақсыларды өзиниң жақты әлемдеги сәўлеси деп билген. Аўа, Жаратыўшының инамлары шексиз!
Қараң, тоқсанның алтаўынан асып, тоқсан жетиге қараған шағында көзәйнексиз күнине елиў бет китап оқыйтуғын адам инсаният тарийхында шенде-шен болса керек. Соның менен бирге, усы жаста турып тек оқыў менен ғана шекленбей, бирдейине жаңа басламалар менен шығатуғын, бәрқулла ой үстинде толғанып жүретуғын, өз пикирлерин кең жәмийетшилик пенен бөлисетуғын қайсыдур инсанды еситкенсиз бе?
Бундай инсан — өз арамызда бар. Бәршеңиз билетуғын бул мақаламыз қаҳарманы — Қарақалпақстан Республикасын шерек әсир басқарған, бүгинги күнде мийнет нураныйы, ардақлы жасүлкен, «Ел-журт ҳүрмети» ордениниң ийеси Қәллибек Камалов десек, асыра тәриплеген болмаспыз!
Халқымыздың әдиўли перзенти, журтшылық ардақ тутқан ақсақал, данагөй тулға — Қәллибек Камалов ҳәзир де ҳәрқашанғыдай китап оқыўдан жалыққан емес, жақсы идеяларды ен жайдырыўдан ҳасла өзин шетке алған емес! Халқымыздың әдиўли перзенти, пүткил халқымыз ардақ тутқан ақсақал Қәллибек Камалов — мине, усындай инсан!
Орта әсирлерде жасап өткен уллы ойшыл, данышпан алым Әбиў Насыр әл-Фарабий жәмийеттиң ең сыйлы ўәкиллери қатарына «даналарды, түсинимпаз кисилерди, әҳмийетли ислерде абырайлы адамларды, дилўар инсанлар менен уламаларды, қара қылды қырық жарған шешен-шайырларды» киргизеди. Алымның пикиринше, даналар менен түсинимпаз инсанларда болатуғын ақыл-парасат күши — адамның ой-пикирине, дүньяны түсиниўине, илим менен өнерди жетик меңгериўине жеткеретуғын да сол пазыйлети болып есапланады. «Адам өзи дөреткен ийгиликли ислериниң ишиндеги ең уллы шоққысына — ақыл-закаўаты арқалы жетиседи. Ақыл-парасат ҳақыйқый болыўы керек. Адамдағы руўхый күш — терең ақыл менен озық ой нәтийжесинде пайда болады. Жақсы минез-қулық пенен ақыл күши бириксе, абзаллық, адамгершилик қәсийетлери жүзеге келеди. Ақыл-парасаттың еки түри болады: биреўи — билиў менен ғана шекленип, ҳәрекет етпеў, екиншиси — билиў және ҳәрекет етиў. Билим менен ҳәрекетти теңдей жүргизген ақыл-парасат бар болған жерде — биз не ислеў кереклигин, не ислеў мүмкинлигин, және усыны ислей алыўға қәбилетимиз бар яки жоқ екенлигин билемиз». Қаншелли теңи-тайы жоқ даналық сөзлер!
Әне, биз сөз етпекши болып отырған Қәллибек ата Камалов та — өз заманында өзгелерден пүткиллей озық турған, өзгелер жете түсине билмеген, меңгере алмаған мәселелерге халқымыздың терең тарийхы көзқарасынан үңилип, өз дәўиринде қыйсыны келмеген аўыр машқалаларды шешиўге бар жигер-күши менен ат салған, сол бир қыйын-қыстаў, қатаң сынақлар ўақтында қарақалпақ халқының пәраўанлығын сақлап қалыўға жан-тәни менен умтылған уллы инсан, қарақалпақ халқының ҳақыйқый жанкүйер ҳәм зәбердес перзенти болып есапланады.
«Ер қәдирин — ер билер, зер қәдирин — зергер» дегендей, көпти көрген Ақсақал ел-журт ийгилиги жолында бар күш-жигерин жумсап, жан рәҳәтинен халқының келешегин жоқары қойған ҳүрметли Журтбасшымыздың да тәкирарланбас жақсы сыпатларын бәршеге үлги етеди.
Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстанға ҳәр келгенинде Ақсақал менен ушыраспай кеткен емес. Дәслеп 2016-жылы Президентликке талабан сыпатында келгенинде, Қәллибек Камалов Шоманай районындағы ушырасыўда шығып сөйледи. Телеканалларда Атаның шығып сөйлеген сөзинен тек 2 минутын ғана көрсетти. Тийкарында 16 минут сөйлеген еди. Журтбасшымыздың Атаның ҳәрбир айтқан сөзинен руўхланғаны, ол кисиге айрықша миннетдар болғаны видеокөринислерде айқын сәўлеленди. 2017-жылда Қ.Камалов Президент пәрманы тийкарында «Ел-журт ҳүрмети» ордени менен сыйлықланды. Президент Атаға сыйлықты өз қолы менен тапсырды. Сонда Қ.Камалов өз миннетдаршылығын былайынша билдирдиF «Президентимиздиң қолынан орден алыў мен ушын үлкен бахыт. Бул сыйлық тек өзиме емес, ал пүткил Қарақалпақстанның мийнеткеш халқының қаҳарманлық хызметлери ушын берилген орден, деп ойлайман. Ҳәр бир елдиң, ҳәр бир миллеттиң, ҳәр бир мәмлекеттиң өсип-раўажланыўы биринши басшының адамгершилигине, ақылына ҳәм жумысты алып барыў усылына байланыслы. Бизиң сүйикли Президентимиз Шавкат Мираманович бир жыл ишинде бурыннан дослық қарым-қатнаста болып келген қоңсылас мәмлекетлер менен жақын болып, Өзбекстанның 2017-2021-жыллар арасында қурылатуғын үлкен қурылыс объектлерине жететуғын инвестицияларды алып келди. Халықаралық аренада Шавкат Миромонович анық хәм исенимли қәдем таслады. Бул қәдем менен, қуда қәлесе, жақын арада Өзбекстан ең раўажланған мәмлекетлер қатарынан орын алады».
Бундай пикирлер Ата кеўлинде мудамы жаңаланып, жаңа мағлыўматлар менен толықтырылып отырады. Биз бенен бир сәўбетинде Ата мыналарды айтып берди: «Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёев ийгиликли басламалары нәтийжесинде елимизде мисли көрилмеген жаңаланыўлар жүз бермекте. «Жақсыдан шарапат» дегендей, қарақалпақ халқы да усындай уллы ислердиң гүўасы болып отыр. Көриңиз, бүгин Мойнақ қандай қалаға айланбақта. Бозатаў районы қайта ашылып, халық не деген қуўанышқа бөленди. Пүткил үлкемиз бойлап абаданластырыў ислери қызғын түс алмақта. Санаат, өндирис раўажланбақта. Өсиў пәтлери жоқары басқышқа көтерилди. Нөкис қаласының жамалы пүткиллей өзгерди.
Экономикамыз жаңа басқышқа көтерилди. Республикамыздың түпкир-түпкирлеринде де үлкен өзгерислер жүз бермекте. Илим-билимге де айрықша кеўил бөлинбекте. Ҳәзир Нөкис қаласында он еки жоқары оқыў орны бар. Жақын жылларда олардың санын және де арттырыў нәзерде тутылған. Барлық тараўлар бойынша қәнигеликлер ашылып, енди перзентлеримиз өз журтында тыянақлы билимге ийе болады.
Ғәрезсизлик шарапаты менен, ең баслысы, миллий тарийхымызды тиклеўимизге имканият жаратылды. Усы ўақытқа шекем қарақалпақ халқының тарийхы үстиртин үйренилген еди. Аўқам дәўиринде тийкарынан сиясий тарийхқа басым орын берилди. Сол дәўирдеги идеология «көсемлери» асыра мақталды, шын тарийхымыз қыпсаланды. Енди бизге Президентимиз кең мүмкиншилик берип атырған усындай бир пайытта, биз өзимиздиң ҳақыйқый тарийхымызды жаратыўымыз керек!
Ҳақыйқатында қарақалпақ халқының тарийхы оғада бай. Ата-бабаларымыз дүньялық тарийхта ылайықлы из қалдырған. Усы ҳақыйқатлық бурын айтылмай келди. Оны енди айтпасақ, енди жазбасақ, келешек әўладқа мийрас етип қалдырмасақ — өтмишимиз гүңгирт ҳалында қалады, бул биз ушын оғыры үлкен айып болады. Ашынарлысы, биздеги жоқары оқыў орынларының тарийх факультетинде тәлим алыўшылар, дипломлы қәнигелер миллий тарийхымызды жарытыўлы билмейди. Жоқары оқыў орнында сабақ беретуғын тарийхшы оқытыўшылар да «Ҳәр молла билгенин оқыйды» дегендей, бурынғы қәлиптен шыға алмай, тек «өзиниң түлкишеги» менен ғана шекленип қалған.
Ҳәзир Қарақалпақстанда жүзден аса илим докторы, бес жүзден аслам илим кандидатлары менен РhD докторлардың болыўы, шынында жетискенлик белгиси. Тилекке қарсы, көпшилик илимпазларымызда бир жаман иллет бар, илимий дәреже, илимий атақ алғаннан кейин өзлерин «илимниң шоққысына шықтым» деп санап, излениўден тоқтап қалады, өз үстинде ислемейди. Бир мысал айтайын, пайдаланылмаса, пышақты да тат басып, топыр болып, ҳәр жерде жатады. Илим-билим де сондай! Удайы изленис — сананы, пикир-ойды жаңалап барады. Олай болмаса, инсан тубалайды, сайызланады».
Ақсақалдың бул айтқан сөзлери мәзи гәп болып қалған жоқ. Ол киси өз интасы бойынша Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң фундаментал китапханасына 674 дана китап тапсырды. Пүткил дүнья жүзине белгили алымлардың, ойшыллардың терең илимий пикирлери жәмленген усы китапларда улыўма түркий халықлардың көп мың жыллық тарийхы сәўлеленген. Түркий халықлар ишинде өз орны бар қарақалпақ халқының узақ тарийхынан дәрек бериўши мағлыўматлар да жетерлише табылады. Бул демек, тарийхымызды жаңаша жазыўға толық мүмкиншиликлер бар деген сөз. Буннан тысқары, Атамыз фундаментал китапханамызға қәўендерлик етип, он миллион сумлық оңлаў-жөнлеў жумысларын әмелге асырды, китаплар қойылатуғын шкафлар саўға етти. Енди бул жерде оқыў залы ҳәм Атамыздың саўға еткен китаплары сақланатуғын бөлме китапқумар инсанлардың сүйикли орнына айланды. Бул Ақсақалымыздың китап сыйлаў бойынша биринши мәрте әмелге асырып атырған иси емес, буннан алдын жоқары оқыў орынларына, мектеплерге де көплеп китаплар саўға еткенинен журтшылық хабардар.
Жақында бизге «История татар» атамасындағы жети томнан ибарат китаплар топламын да саўға етти. Бундағы гейпара томлардың көлеми 1100 беттен артады. Китаплар топламының салмағы 30 кг. әтирапында. Бир адам зорға көтереди.
Усы орында тағы да соны еслеткимиз келеди, Ақсақал сол жети томның дерлик ҳәр бир бетин оқып шыққан. Булай деўимиздиң себеби, томлардың ҳәр бир бетлерине белгилер қойылып, текстлердиң асты сызылған еди. Бул еле бәри емес. Ата китапханаға саўға еткен жети жүзге шамалас китаплардың ҳәр бир бетинде мине усындай белгилер бар. Бул китаплардың барлығын Ақсақал өзиниң жеке қәрежетлери есабынан алған. Мысалы, бир ғана «История татар» жети томлығының баҳасы шама менен он жети миллион сум турады.
Енди өзи бас болып, өз үйине он бес-жигирма илимпазды шақырып, қарақалпақлар тарийхын көптомлық етип шығарыў бойынша баслама көтерди ҳәм бул мәселеде ҳәр бир тараўды жазыў бойынша анық тапсырмаларды белгилеп берди. Ҳәзир бул бойынша таярлық жумыслары баслап жиберилди, ал Ақсақал бул жумыслардың барысы туўралы жийи-жийи бизден сорап, және де мәсләҳәтлер берип турады.
Ақсақал тарийхы толық жазылмаған халықтың тили қысық, руўхы төмен болатуғынын, ақыбетинде «қалақ» жағдайдағы бийшара ҳалатқа түсетуғынлығын жийи тәкирарлайды. Тийкарында бул ислердиң өзи де ертең тарийхқа айланады. Соның ушын да бул ийгиликли иске өзи бас-көз болмақта, алымларды бул басламаға белсене кирисиўге шақырмақта.
Жәмийетшилигимиз усындай инсанлардың халқымыз арасында барына қуўанады, мудамы ол кисиге тилеклес екенлигин айтпақта. Бердақ бабаның «Жәҳән бизге ҳәўес етип қарасын» дегениндей, биз де енди өзимиздиң бай тарийхымызды сәўлелендирип, тарийхқа мөрлеп, оның менен мақтаныўға ҳақылымыз! Соның менен бирге, усындай қәдирдан Ақсақалымыздың әйне жүз жастың босағасында турған шағында усы саўаплы иске бас-қас болыўы, шынында да, кимди болса да жигерлендиреди.
Биз — ҳәмийше жаслардың тилекшиси болып, халықтың қәдирданына айланған, миллет руўхын улығлап, қарақалпақ халқының бүгинги дүньядағы жарқын келбетин көркейтиў ушын ат салысып киятырған, тарийхымызды, мәдениятымызды, салт-дәстүрлеримиз бенен руўхый қәдириятларымызды кең жәмийетшилигимизге, әсиресе, жас әўладқа сиңдириўде бай аўызеки көркем дөретпелеримиздиң сарқылмас булақ екенлигин қәстерлеўди уран етип көтерген, мәмлекетимиздиң келешеги ушын, оның мәңгилиги ушын аталық ақыл-нәсиятын берип, ел-журт пидайыларын тәрбиялаўға үлкен үлес қосып атырған бир пайытында, ҳүрметли атамыз Қәллибек Камаловқа узақ өмир, беккем саламатлық, зор күш-жигер тилеймиз, миллеттиң руўхын және өрлетип, халықтың келбетин көркейтиў ушын миллий тарийхымыз бенен мәдениятымызды қәстерлеп, халқымыздың мәртебесин асырыў жолындағы шын инсаныйлық хызметлерин удайы терең ҳүрмет етемиз ҳәм бул нәсиятларын булжытпай орынлаўды өзлеримиздиң азаматлық ўазыйпамыз деп билемиз. Бахтымызға саў болың, әдиўли Ел Ақсақалы, қәдирли Ел Ағасы!!!
Айтмурат АЛЬНИЯЗОВ,
филология илимлериниң докторы,
Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў
институтының директоры.
«Еркин Қарақалпақстан» газетасының 2022-жыл 15-марттағы №30 (20740) саны