Қарақалпақстан радиосына-90 жыл
(Белгили радиожурналист Сейдабулла Пиржановтыӊ еске түсириўлеринен)
Дүньяда мәӊгилик ҳеш нәрсе жоқ, гөнениӊ орнына жаӊа пайда болғанындай ҳәмме нәрсе өседи, раўажланады. Халқымыз «жақсыдан жақсы ат қалады» деп бийкарға айтпаған. Өмирде халық аўызында атадан балаға өтип сақланып киятырған жақсылар да көп. Мине, усындай жақсы адамлар ҳаққында ойлансам негедур, еле топырақтан изи өшип үлгермеген Сағыйдулла аға Аббазов жийи-жийи көз алдымызға келеди.
Умытпасам, 1977-жыллары еди. Сағыйдулла ағаныӊ да, мениӊ де радиода ислеп жүрген күнлеримиз еди. Ол жыллары съездлер ҳүрметине республика районлары бойынша радио фестивалларын өткериў үрдиске айланғанлықтан Сағыйдулла аға, мен, Жийемурат Қайыпбергенов (радио хабаршы) ҳәм басқа да жолдаслар менен бирликте арқа районлардыӊ бирине командировкаға бардық. Жийемуратқа радиозаписин жүргизиў ушын жеӊиллеў көликтиӊ рети болмай жүк машинасында жүриўге туўра келди.
Қулласы үш күн район аймағын айланып шығып, алдыӊғы мийнет адамлары менен ушырастық, олардыӊ сөзлерин магнит пленкаларына жазып алдық, тәжирийбелери менен ортақластық. Сөйтип, барлығымыз районлық партия комитетиниӊ идеология бойынша секретарыныӊ кабинетине жыйналысып Нөкиске қайтпақшы болып отыр едик. (Үшинши секретарь сыртта еди) Асығыслы түрде бир жас жигит кирип келди де:
– Ағайлар, сизлерди биринши секретарымыз қабыллаўға шақырып атыр,-деди.
Сағыйдулла аға бирден қуўанып кетти. Шамасы ол районныӊ биринши басшысы радио фестивальды өткериўде табыслар тилейтуғын шығар деп ойласа керек. Ал, мен болсам ол ўақлардағы биринши секретарьлардыӊ тегинликте алдыларына шақыра бермейтуғынына гүманланып:
-Иним, жасы үлкениӊиз бизлерди алдына жайша шақырып атыр ма,-дедим.
-Жайша емес,-деди ол суўық демин алып, бизлер отырған әйнектен сыртқа қарап:
-Анаў жүк машинасын минип келген сизлер ме,-деди ашыўлы түрде.
-Аўа, бизлер едик. Ол машинаныӊ не жазығы болып қалды, иним,-дедим мен ҳайран қалып.
-Жазығы сол, бул дөгерекке жүк машинасы қойылмайды, биринши секретарымыздыӊ кабинетиниӊ әйнегинен кузовы көринипти, ашыўланып атыр,-деди ол зилли жуўап пенен. Зорға дегенде оған шофёрдыӊ буннан хабарсыз екенлигин айтып түсиндирген болдық. Правамнан айырылып қаламан ба деп қорыққан байғус шофёр бул ўақлары сыртқа қарай зып берип те үлгерген еди. Жаӊағы жигит те найлажлықтан кабинеттен тысқа шығыўға бейимлести.
-Үҳ-ҳ!-деди Сағыйдулла аға суўық демин алып―иним, тас болмаса биринши секретарьдан алғыснама аламыз ба десек, қайтама ғарғыснама ала жазлаппыз-аў,-деди күлип.
Қарақалпақстан хабар агентлиги