Ата-аналар ҳәм абитуриентлер тәрепинен мәмлекетлик емес ҳәм жеке меншик жоқары оқыў орынлары, олардың дипломлары Өзбекстанда тән алыныўы ямаса керисинше екенлиги ҳаққында көплеген сораўлар келип түседи. Соңғы жылларда Өзбекстанда мәмлекетлик емес ҳәм жеке меншик жоқары оқыў орынларының саны бирқанша көбейип, ҳәзирги ўақытта 34 ке жетти, – деп жазды Өзбекстан жаслар ислери агентлигиниң директоры А.Саъдуллаев.

Мәлим болыўынша, ўәкилликли мәмлекетлик уйым есапланған Билимлендириў сапасын қадағалаў инспекциясы тәрепинен лицензия алған мәмлекетлик емес ҳәм жеке меншик жоқары оқыў орынларының дизими жәрияланған болып, ҳәзирги ўақытта усы дизимдеги жоқары оқыў орынларының дипломы Өзбекстанда тән алынады.

Усы категориядағы ЖООлар дизими келтирилген файлды жүклеп алыў ушын көрсетилген силтемеге басың: СИЛТЕМЕ

Ата-аналар ҳәм абитуриентлер мәмлекетлик емес ямаса жеке меншик жоқары оқыў орнын сайламақшы болса яки болмаса қандай да бир жоқары оқыў орнының дағазасына дус келсе, усы файлда көрсетилген дизимнен тексерип көриўи кереклиги усыныс етилген.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.