(Филология илимлериниң докторы, белгили әдебияттаныўшы илимпаз Зайтуна Насуруллаеваны еслеп )

Бул дүнья деген қуўанышы менен қайғысы қабатласып келе беретуғын бала-шағасы көп биймаза үйге уқсайды. Оныӊ жарма қапысын биреў кеш, биреў ерте жаўып шығып кетип баратырған сыяқлы.

Мен оныӊ халыққа белгили алым, үлкен жыйынларда орны гиреўли адам болып жетисетуғынлығына әўел бастан исенетуғын едим. Лекин, бизди бирден буншелли муӊайтып таслап кететуғынлығына ҳаслан исенгеним жоқ. Ондай қара бояў араласқан ой үш уйқылағанда түсиме енбес еди

Өлим қорқынышлы емес. Өлимниӊ ҳеш бир қәтереге қарамай қапыӊызды қақпастан рухсатсыз қалай болса солай бастырып кирип келе беретуғын жери қорқынышлы.

Мине, мен оныӊ үй китапханасында отырман. Жазған сайын жүрегиме ширик шөӊгедей шаншылып сала беретуғын усы суп-суўық сурғылт қатарлар қағаз бетине түсип атыр. Олай демей не дейин? Ақыры, тири адам ҳаққында жазып атырғаным жоқ ғой. Еле қәбириниӊ ызғарлы топырағы кеўип жарымаған адам ҳаққында жазып атырман. Өйтпеске илажым жоқ.

Батым баратырған күнниӊ қызғылт сағымы кеӊ әйнектиӊ көзлеринен қырғаўылдыӊ пәриндей қубылып өтип, өжирениӊ төр таманындағы темир стеллажларға түсип тур. Онда үлкен-киши китаплар, атлары алтын менен аламышланып жазылған қалыӊ-қалыӊ томлар.

Китаплар…  Рус, сырт ел классиклери, ҳәзирги заман совет әдебиятыныӊ атақлы ўәкиллери шығармаларыныӊ ҳәммеси дерлик… Саўаты бардыӊ бәрине белгили илимпазлардыӊ монографиялары. Сөзликлер, түсиндирме сөзликлер, брошюралар… Бәри бир-бири менен ийин тиресип дизилисип тур. Лермонтовтыӊ, Сергей Есенинниӊ, Анна Ахматованыӊ, Евгений Евтушенконыӊ, Андрей Вознесенскийдиӊ, Роберт Рождественскийдиӊ, Белла Ахмадулинаныӊ бир томлықлары дөӊгелек столдыӊ үстинде бөлек жатыр. Булар оныӊ еӊ сүйикли шайырлары. Үйине қай ўақытта барсам да солардыӊ биреўин ашып көрип атырғаныныӊ үстинен шығатуғын едим.

Китаплар… китаплар…  Әйнектиӊ алды, жазыў столыныӊ, орынлықлардыӊ, үлкен диванныӊ үсти, бәри китап, журнал, газета… Қаяғына қарасаӊ да көзлериӊ қабатласып жатырған қағазларға түседи.

Бунда ҳәмме зат үй ийесиниӊ ўақтындағыдай қәстерлеўли тур. Былайынша қарағанда ҳеш қандай өзгерис болмағанға мегзейди. Ийеси ҳәзир ғана бир жумыс пенен сыртқа шығып кеткендей, енди-енди ишке кирип келетуғындай, сөйтип мениӊ арқама өзиниӊ меҳрибан жүрегиндей жумсақ алақанын қойып, қарағым, саў жүрсеӊ бе?» дейтуғын болады да турады.

Зайтуна Ҳәкимовна Насуруллаева алпыстыӊ асқарына енди ғана шамаласқанда қайтыс болды. Бул ҳәзирги заманныӊ тоқ турмысы менен медициналық мүмкиншилик тәрезисине салып қарағанда оғада аз жас. Ҳәттеки, қыршын кеткен деўге де болады. Оныӊ изинде мал-дүнья, мүлк, бисяр байлық қалған жоқ. Ол ушын илимнен асатуғын байлық жоқ еди. Айтатуғыны китап, илимий-әдебий, сиясий жаӊалықлар болды. Булар оныӊ жарқын сәўлели қуўанышлы күнлеринен, көйлеӊкели, қайғылы таманы басымлаў болып өткен өмириниӊ ажыралмас бир бөлеги сыяқлы. Илимниӊ ийрекей соқпақларыныӊ ҳәммесин қалдырмай басып өтип, оныӊ шыӊына шыққанда қолынан китап түскен жоқ. Ол өмиринше излениў менен өтти.

Жерди көгертетуғын қуяш емес.  Қуяш жердиӊ өзинде бурыннан бар күшти оятады. Жер ушын қуяш қандай әҳмийетли болса, адам ушын китап та сондай әҳмийетли. Китап адамныӊ тәбиятында бурыннан бар үлкен уқыптыӊ көзин ашады.

Ол өзиниӊ билетуғынлары ҳаққында басқалар пикир алысыўға қуштар еди. Пайдалы сәўбет, мазмунлы сәўбет, мазмунлы әӊгиме десе таққа турып жүрди. Пикир таласы туўған пайытларда өзиниӊ басқалардан көбирек билетуғынлығын көрсетип, көкирек көтергеннен аўлақ болды. «ағаш мийўе питкен сайын төменшик» деген даналық сөзди тәкирарлай беретуғын еди.

Жақында орайлық баспасөзден Семен Липкинниӊ «Бухарин, Сталин ҳәм «Манас» деген тереӊ мәнили мақаласын оқыдым.

Сизлерге партиямыздыӊ көрнекли искери болған Бухаринди таныстырып отырыўдыӊ кереги жоқ. Сондай-ақ, қырғыз халқыныӊ уллы эпосы «Манас» туўралы да айтпай-ақ қояйын. Оны өзлериӊиз де билесизлер. Ал, Семен Липкин ҳаққында азы-кем тоқтап өтким келип тур. Бул ийгиликли мақсетимниӊ айтылыўыныӊ усы жерде онша артықмашлығы жоқ-аў деймен.

Семен Липкин атақлы шайыр-дилмаш. Советлер Союзындағы түркий тиллес халықлардыӊ ядтан кетпес даӊқлы фольклорлық нусқаларын билекти сыбанып жиберип рус тилине аўдарған, олар ҳаққында жан күйдиретуғын докладлар жасап, қызғыштай қорғап айтысқа түскен адам.

Семен Липкин буннан бираз жыл бурын бизиӊ белгили шайырымыз Дәўлен Айтмуратовтыӊ «Қарақалпақстаным» қосығын рус тилине аўдарды ҳәм оны «Огонёк» журналында бастырды. Буған шекем бундай маржан қатарлар орайлық баспасөзде басылмақ түўе, ҳәзирги заман қарақалпақ қосық искусствосында дөретилген жоқ еди. Өз басым еле бизиӊ поэзиямызда түп аўдарманыӊ буншелли жүйи билинбестен қыйыўы келисип түскен үлгисин көргеним жоқ.

Лалаўласқан аламанныӊ ортасында басқаларға үш қайнаса сорпасы қосылмайтуғын тәнҳа өз пикирин ғана айта алатуғын, дәўжүреклер жекке сийрек ушырасады. Мине Семён Липкин усындай азаматлардыӊ қатарына жатады.

Елден ерек, дара пикирине ийе болғаны ушын Семён Липкин заманымыздың жуӯан жудырықларынан талай-талай дәкки жеди. Әсиресе, күйиктен шашы ағарып, қәдди бүгиле баслаған кексе шайырға тубалаӯ дәӯириниң таяғы дым қатты тийип кетти. Ол Жазыӯшылар союзының ағзалығынан шығарылды.  Зайтуна Ҳәкимовна Семён Липкинди жақсы таныйтуғын адам еди. Оның шыршадай таза талантының алдында бас ийди. Автономиялы республика мәденият министри, оннан кейин илимий дәрежеге жеткенде де ғарры шайырға барып қалыс сәлем берип турыӯды есинен шығарған жоқ. Ол ӯақытта Семён Липкинниң тәбият тәрепинен берилген тулғасы ғана қалған еди. Ал, ҳүкимет тәрепинен берилгенлериниң ҳеш қайсысы қалмады. Награда, атақ дегеннен журдай етилди. Ҳеш жерге басы батпаған ғарры шайыр сандалып, сарасаң кесекке түсип жүр еди.

Бир сапары Зайтуна Ҳәкимовна менен Москваға барғанымда Семён Липкинди мен де көрдим. Оның тар өжиресинде Шыңғыс Айтматов, Олжас Сүлейманов ҳәм Әнӯар Алимжановлар отыр еди. Алма-Атада оқып жүрген жылларымда ара-тура студентлер арасында ушырасып турғанымыз болмаса олар менен дастурханлас болып көргеним жоқ еди.

Әдебият майданының ири жулдызлары арасында қызғын әңгиме басланып кетти. Өзлериниң сөзин бул салдамлы шайырға тыңлатып отырған усы үш адам төркинин сағынып келген келиншеклерге уқсап кететуғын еди. Тынбай сөйлеп, шаӯланып күлип, жайнап-жаснап отыр. Тек тыңлайтуғын қулақ, болған да нағыз қуйма қулақ керек.

Бир таласлы пикирдиң үстинде Зайтуна Ҳәкимовнаның «Скажите прямо, я же не слушательница «института благородных девиц!» дегени есимде. Ал, және бирде Семён Липкин маған бурылып бурылып: «Что за акцент у вас молодой человек?!» деп еди.

Түн жарпында мийманханаға қайтып киятырғанда Зайтуна Ҳәкимовна: «Мине, көрдиңбе, Кеңес қарап турып Липкинниң нәзерине илиндиң. Ара-тура акценттиң пайдасы да тийип турады» деп ҳәзиллести.

Минези, турмыс қәлпи түрли-түрли бул адамлардың буншелли қатықтай гүрриңге берилиӯине не себеп болар еди деп ойлайсыз ғой.  Ол дүньяға көз- қарас, турмысқа түсиник бирлигинен келип шыққан дослық емеспе екен?

Семён Липкинниң сол «Бухарин, Сталин ҳәм Манас» мақаласында «полуграмотный профессор русской литературы Еголин» деген қатар бар. Былайынша қарағанда «Саӯатсыз» «Саӯаты шамалы», сөзлери менен, «профессор» деген атақ дым үйлеспей турған сыяқлы. Бирақ, тереңирек ойласақ бунда үлкен мәни бардай көринеди.

Рус тилинде «стадное чувство» деген сөз бар. Кимге болса да түрпидей тиймей ме? Бул көбинше өзиниң ужыбатлы пикири жоқ, тәрезиниң қаяғы басым болса сояғына аӯып кетеберетуғын тайғақ табан адамлар ҳаққында айтылады. Ондайлар шуӯласқан аламанға қосыла шуӯласып қосыла мақуллап, қосыла қол көтерип, қосыла шаппат урып отыра береди. Не ушын олай еткенин өзлери де билмейди. Себеби оларда жуӯмақ деген нәрсеге алып баратуғын белгили пикир, турақлы ой, принцип жоқ.

Адам изленбесе, өз үстинде күн сайын ислеп, оқып бармаса сөзсиз падаға тән сезимниң шырмаӯығына түсип қалады. Билим де спорт сыяқлы зәрре қол үзсең кешикпей қатардан шығып кетиӯин тәәжип емес.

Зайтуна Ҳәкимовна Насуруллаева заман жүрегиниң соғысын тыңлай билди. Илимий гүзар туйыққа тирелген ӯақытта да ҳеш қандай албыраған жоқ. Европалық дәрежедеги билим, соған сәйкес фанатикалық ақылы жипектей жумсақ, бирақ ийини келгенде темирдей қатты бола билетуғын минез оны талай-талай таслақлы қыспақлардан аман-есен алып өтти.

Зайтунаның әкеси Ҳәким аға Шымбайдың төбе бийи Насурулланың баласы еди. Насурулла заманының белгили алғыр адамларының бири болып, Октябрь революциясы орнамастан бир жыл бурын өзине қарсы тәрептеги күншиллер тәрепинен қулағына қайнаған суӯ қуйып өлтирилди.

Ҳәким Насуруллаев «айттым-болды, кестим-үзилди» дегендей наятый қатал адам еди. Қасарыса қойса қыйсайған жағынан нәрсе тикеймейди. Ҳәттеки үлкен ағасы болған мениң әкемниң де айтқанын тыңламаған ӯақытлары болды. Оның барлық турқынан  бурынғы қыткершилик заманның өзинде жоқшылық дегенди түсинде де көрмей өскен бай баласының қылӯалары көринип туратуғын еди. Мине усы минези жеңгемиз Бийбинурдың қатты қарсылығына ушырады ҳәм екеӯиниң арасында жийи-жийи жәнжеллер туӯғызып турды. Бирақ туӯысқанлары болған биз олардың «ишки ислерине» араласпайтуғын едик.

Ҳәким аға Төрткүлдеги интернатта тәрбияланды. Оннан кейин Ташкентте, соңынан Москвадағы қызыл профессура институтында оқыды. Ол терең билимге ийе еди, бирақ шын мәнисиндеги интеллигент дәрежесине жете алған  жоқ.

Ҳәким Насуруллаев партия, совет органларында көп жыллар даӯамында басшы лаӯазымларда иследи. Ол ҳәмел креслосында отырған пайытларда тек рус тилинде сөйлеген екен. Оғыры жек көрген адамларын «халтурщик» деп атайтуғын болған. Бул Ҳәким ағаның ең аӯыр сөгиси еди.

Арадан жыллар өтип, Ҳәким ағам қайтыс болып кеткеннен кейин оның соншама өшиккен адамына ғана айтатуғын «халтурщик» сөзиниң мәниси излестирдим. Латынша болып шықты. «Өли адамлардың дизими» дегенди аңлатады екен. Оғыры қатал Ҳәким аға өз перзентлери дегенде жүрегин үзип бериӯден қайтпайтуғын елжиреген меҳрибан еди. Олардың ҳәммесин оқытты, өз заманының ең алдыңғы қатарлы азаматлары етип шығарды. Зайтунадан киши Раиса Өзбекстан Илимлер академиясының Карақалпақстан бөлиминде илимий хызметкер техника илимлериниң кандидаты, Руслан үлкен бир мәкемеге басшы болып ислеп атыр… Олардың балалары да жан-жақлы билим алған заман азаматлары болып жетисип киятыр. «Орнында бар оңалар» деген усындай болса керек.

Турмыс деген кийим менен тамақтан ғана туратуғын қарапайым нәрсе емес. Тәбият қандай болса ол да сондай рәң-бәрең болады. Ақ пенен қарасы  қатара  қабатласып, араласып жүре береди.

Жаздың жайма-шуӯақ күнлериниң биринде Зайтуна апамның үйине бардым. Соңғы ӯақытлары жийи-жийи хабар алып турыӯды өзимниң инилик парызымдай көретуғын едим. Ҳал-аӯҳал сорасыӯдың изи әдебият ҳаққында гүрриңге уласып кетеди. Мен оған өзи унататуғын шайырлардан оқып беремен. Әсиресе, Городецкийдиң «Сен мениң баламдай едиң…» деп басланатуғын қосығын оғада унататуғын еди. Косық Сергей Есенинниң өлимине арналған жоқлаӯ есабында екен. Көз жаслары парлап отырып тыңлайды. Оннан кейин Евгений Евтушенконың өзи оқып пластинкаға жаздырған «Со мною вот что происходит» деген қосығын қосылып, уйып тыңлаймыз. Буның бәри хожалық ғалма-ғалын сорасыӯдан гөре, әдебий сәӯбетке уқсап кететуғын еди.

Бирақ, бул сапары бәри басқаша болып шықты.

Мен барғанда ол диванда көпшикке сүйенип отырған екен. Колында Анна Ахматованың қабы көк китабы көринеди. Былайша қарағанда қосық оқып, дем алып отырғанға уқсайды. Дәслебинде менде солай ойлап едим. Сәлем бергенимде орнынан турмады. Бурын бундай әдети жоқ еди. Дөгерегимде епелеклеп айналып, елжиреп сөйлеп апақ-шапақ бола қалатуғын еди.

-Мазам қашып отыр?!-деди ол.

-Мазасы қашқан адам китап оқымай көрпеге кирип жатыӯы керек емес пе?-дедим мен. Кашанға шекем өзиңе өзиң реҳимсизлик көрсете бересең?!

Иниси сыпатында қайырқомсып айта қойып едим. Жанымның шын ашып кеткени рас еди. Оның он бес күнлик өмириниң қалғанын қайдан билейин?! Егер жан апамның желкесине дөнип турған әжелди ғайбана сезим менен аңлағанымда ма… ҳәргиз ондай нәрсени аӯзымнан шығармас едим ғой… Оның қабарған кеӯилин көтеретуғын дүньяда жоқ сөзлерди таӯып айтқан болар едим ғой… Оның қабарған кеӯилин көтеретуғын дүньяда жоқ шийрин сөзлерди таӯып айтқан болар едим… Кеӯлине келе қойды-аӯ..

-Жүр, әжапа аӯылға барып қайтайық,-дедим мен.-Ағайинлерди қыдырып, дем алайық?!

Бир ҳайран қалған жерим Зайтуна Ҳәкимовна бурынғыдай қолының жумыстан босамайтуғынын айтып, қарсыласқан жоқ. Сол ӯақытта машина шақырттық та жүрип кеттик.

Ол аӯылды асықпай аралады. Ағайин туӯғанлардың үйлерине барып, аман-түӯеллигин қалдырмай көрип шықты. Әкеси Ҳәким атаның қәбирин зыяратлады. Оның басына салынған жайдың тас дийӯалына маңлайын тийгизип турып, өксип жылағанын қалай умытарман?!

Нөкиске  қайтар күн шамаласқанда мениң үлкен ағам Даниярға бурыннан ойлап жүрген өтинишин айтты. «Маған мына үш қызыңның бирин бер?!-Касымда ес болады. Өз перзентимнен ҳеш кем етпеспен!».

Зайтуна Ҳәкимовнаның еки улы бар еди. Әкесиз қалған оларға турмыс таршылығын көрсетпей өсирди. Олар анасының сүтин ақлады. Биреӯи филолог болып жетисти. Биреӯи Совет Армиясының офицери еди. Ол ӯақытта ҳүкимет тапсырмасы менен афған жерине барып, өзиниң интернационаллық миннетин орынлап атыр еди.

Бизде «атадан алтаӯ болсаңда Ӯатаныңа жалғызсаң» деген сөз бар. Бул жердеги Ӯатан ошақ басы, ашңырақ мәнислерин аңлатып тур. Гейде «қыз бала ер жеткенше ата-ананың қуӯанышы» деген нақылды ҳәзирги заман жигитлериниң адресине қолланыӯға болады.

Зайтуна Ҳәкимовнаның еки баласы да үй-жайлы болып, басқа шығып кеткен еди. Зайтуна өз анасы Бийбинур менен қалды. Бирақ, ол көп узамай қайтыс болды.

Даңғырлаған жайда бир өзи жасап атырған илим докторының перзентлери, сиңлиси, иниси басқа ағайин-туӯысқанларының ҳәммеси тынбай хабар алып турды. Лекин хабар алыӯ басқа да, бирге жасаӯ басқа. Екеӯиниң парқы асапан менен жердей ғой.

Тап усы жерде  Анна Ахматованың айтқан бир сөзи есиме түседи.  Картайған бирақ туғырдан түспеген уллы шайыраға аяқ жетер жердеги қәлем услап қағаз шыжбайлайтуғынлардың ҳәммеси шетинен келип қосықларын оқый береди екен. Сонда ғарры шайыра «мениң гөнерген иштейиме жағатуғын жыллы, жумсақ аӯқат ҳаққында нәрсе айтпайсызлар ғой» деген екен.

Кан басымы көтерилип, жүриӯинен төсек тартып жатыӯы көбейе баслаған Зайтуна апам ушын күтим деген ҳаӯадай қәжет еди. Сол ушын ағамның оған берген қызы, оның қасында ес болып, шай-суӯына қарасып турыӯы тийис. Бирақ азғана ӯақыттан кейин Зайтуна апама ҳеш нәрсениң кереги болмай қалатуғынын биз қайдан билейик?

Мен бундайды сырт ел кинофильмлеринен ғана көретуғын едим. Ондай нырыққа сыймайтуғын ипласлық күнлердиң күнинде айналып келип өз басыма түседи-аӯ деген ой қыялыма да келмеген еди.

Бул сапары барғанымда ол талықсып атыр екен. Қасында ҳеш ким жоқ. Бара сала бас ушында дизерлеп отыра кеттим.

Ол көзин ашты. «келдиң бе қарағым?»-деди. Жанының бар екенин сонда барып билдим. Есим енди енип телефонға асылдым. «Кереги жоқ?!-деди қырылдаған даӯыс пенен :-Сен оннанша аэропортқа барып иниңниң табытын алып қайт!»

-Кандай инини айтып атырсаң әжапа?!

-Даӯысым қаттырақ шығып кетсе керек. Ол селк етип, көзин ашып жиберди де, ап-анық даӯыс пенен:- Афғанстандағы мениң балам… Сениң иниң… өлген… соның табыты… жаңа бир ҳаял звонить етти…»-деди. Мен жүрегимниң тамырлары пытырлап бирим-бирим үзилип баратырғанын ап-анық сезгендей болдым.

«Тез жәрдем» станциясына звонить еткенимди билемен. Көрпесин қымтастырып болып сыртқа шығып киятырғаным да есимде… Басқасы есимде жоқ… Карасам, аэропорта ислейтуғын ағам Ережептиң алдында турған екенмен. Ол: «Саған ондай хабарды ким айтты?! Ҳәммеси аман…» деп бақырып атырған екен. Сонда барып өзиме келдим. Сонда барып өзимниң боз-боран болып жылап турғанымды сездим…

Дәрриӯ ағам екеӯмиз оның машинасына отыра сала Зайтуна апамның үйине қарай татып кеттик. Баласының тири екенин айтып оны қатты қуӯантқымыз келип киятыр. Сөйтсек аӯырыӯынан демде айығып, төсектен турып кететуғындай көринип еди.. Бирақ биз кешиккен екенбиз…

Сөйтип, мен өзимниң анамдай көретуғын апам Зайтуна Ҳәкимовна Насуруллаева менен ырзаласпай да қалдым.

Мен де көп нәрсени басымнан кеширгенмен. Бирақ Зайтуна апамның өмириниң ақырғы күнлери есиме түссе, елжиреп кетеберемен. Көзимниң кермек дәмли жасларын иркиӯге шамам жетпей қала береди.

Жақында ғана совет әскерлериниң Афғанстандағы шекленген контингенти толығы менен Ӯатан қушағына қайтты. Солар менен бирге Совет Армиясының ер жүрек офицери «Кызыл жулдыз ордениниң кавалери Насуруллаев та өз үйине аман қуӯысты. Ол поезддан түсе сала туппа-туӯры анасының басына барды ҳәм қәбириниӊ үстине гүл шеңберин қойды… Зайтуна Ҳәкимовнаның туӯысқанлары болған биз бул азаматлық мийримге қатты қуӯандық… Усындай перзентлери, жазып қалдырып кеткен мийнетлери турғанда оның исминиң ҳеш қашан өлмейтуғынлығына тағы да терең исенгендей болдық… Бирақ қарақалпақ халқының қәдирдан қызының өлимин тезлеткен адам пишиминдеги әзазүл арамызда жер басып жүр-аӯ!

Бул дүнья деген қуӯанышы менен қайғысы қабатласып келеберетуғын бала-шағасы көп үлкен үйге уқсайды. Соның жарма қапысын биреӯ кеш, биреӯ ерте жаӯып шығып кетип баратырған сыяқлы.

Кеңес Смамутов,

жазыӯшы.

1989-жыл.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.