«8-март Халықаралық ҳаял-қызлар күни» меҳрийбан аналарымыз, дилбар қызларымыз, шаңарағымыздың уйытқысы болған үй бийкелерине деген айрықша ҳүрметтиң көриниси сыпатында тән алынады. Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында байрам кешеси өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм Филиал директоры А.Аяпов шығып сөйлап, жыйналғанларды жасарыў ҳәм жаңаланыў паслының дәслепки байрамы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соң, байрам мүнәсибети менен филиалға көп жыллық мийнети сиңген ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған бир топар профессор-оқытыўшылар «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Жаслардың келешекке исенимли қәдем таслап, жәмийетте, турмыста өз орнына ийе болыўында, оқытыўшы ҳаял-қызларымыздың мийнети айрықша. Бүгинги күнде филиалда жасларға илим-билим сырларын үйретип атырған профессор-оқытыўшылардың 47 процентин ҳаял-қызлар қурайды. Олардың арасында 5 илим кандидаты, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист, «Ниҳол» сыйлығы лауреаты, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық ийелери де бар.

Илаж соңында қатнасыўшыларға байрам саўғалары тапсырылып, концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги