Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышланған байрам илажы даўам етпекте.
Жақында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша өткерилген мәжилисте орынланыўы зәрүр болған ең әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланған еди.
Сол тийкарда әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Бул ўазыйпаларды системалы ҳәм нәтийжели әмелге асырыўды тәмийинлеў мақсетинде Бас министрдиң орынбасары лаўазымы қайта тикленди және Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәмлекетлик комитети дүзилди. Республикадағы 9,5 мыңға шамалас мәҳәлле баслығының ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ бойынша орынбасарлары да комитет системасына өткерилди. Ҳәр бир мәҳәлледе ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымы жаңадан енгизилди.
– Бул арқалы апа-қарындасларымыздың машқалалары, дәрт-тәшўишлери менен турақлы шуғылланатуғын әдалатлы ҳәм нәтийжели система жаратылды. Енди мәмлекетимизде ҳаял-қызларды социаллық қорғаў бойынша қатнаслар да түп тийкарынан қайта көрип шығылады. Соның ишинде, мүтәж ҳаял-қызларға зәрүр шараятлар жаратыў, олардың денсаўлығын тиклеў ҳәм қорғаў, әсиресе, аўыллық жерлерде жасайтуғын ҳаял-қызлардың кәсип-өнер ийелеўине көмеклесиў, бәнтлигин тәмиийнлеў, исбилерменликке тартыў бойынша әҳмийетли илажлар әмелге асырылады, – Президент. – Мәмлекетимизде исбилерменлик тараўында ислеп атырған ҳаял-қызлардың санын еле де көбейтиў мақсетинде «Бизнесши ҳаяллар» бағдарламасы қабыл етилип, оның шеңберинде 8 триллион сум қаржы қаратылды. Сондай-ақ, усы жылы ипотекалық кредитлер бойынша берилетуғын субсидиялардың 40 проценти ҳаял-қызлар ушын ажыратылады. Бул мүтәж ҳаялларды 12 мың қолайлы турақ жай менен тәмиийнлеў имканиятын береди.
Тарийхымызда алдын болмаған бундай кең көлемли жумыслардың орынланыўы ушын 15 триллион сум қаржы қаратылмақта. Барлық аймақларымызда жәмийетшиликке, бәринен бурын, жасларға тәрбиялық тәсир көрсете алатуғын, абырай-мәртебели ҳаял-қызларды өз қатарында бирлестирген «Шаңарақ ҳаял-қызлар» ҳәрекетин сизлер менен бирге дүзсек, бул ийгиликли ҳәрекет шын мәниде жәмийетимиздиң ҳаўазына, мәҳәллениң ҳүжданына айланады, деп ойлайман. Сондай-ақ, мүлк түрине қарамастан, барлық мийнет жәмәәтлеринде ҳаял-қызлардың машқалаларына нәтийжели шешим табыў ушын «Ҳаял-қызлар кеңеслери» дүзилмекте. Бир пикирди айрықша атап айтпақшыман, ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақ мәселеси – бул тек ғана бүгинги күнимиз емес, ал ертеңги келешегимизди де белгилеп беретуғын шешиўши фактор болып табылады.
Егер биз меҳир-муҳаббат ҳәм садықлық тымсалы, үйлеримиздиң периштеси болған ҳаял-қызларға бир жақсылық етсек, әлбетте, бул он жақсылық болып қайтады. Дуўаға қол жайған әжелеримиз, әзийз аналарымыз ҳәм апа-қарындасларымыз бул ҳүрмет-итибардың әлбетте қәдирине жетеди.
Ҳаял қәдири, инсан қәдири улығланған елде болса, тынышлық ҳәм абаданлық, аўызбиршилик ҳәм берекет, әлбетте, мәңги болады.
ӨзА