Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районы аймағында жайласқан Судочье көли көп түрли қуслардың ўатаны саналады. Ол жерде 240тан аслам түрдеги қуслар, соның ишинде әжайып қус –фламинго да мәкан етеди.
Фламинголар буннан басқа Қарақалпақстанның бирнеше орынларында, яғный Возрождение атаўында, батыс Қаратерең көлинде, Шегекөлде (Междуречье суў сақлағышы), Сарықамыс көлинде, Әмиўдәрьяның оң жағалығында, Жалтырбас көлинде ҳәм басқа жерлерде де ушырасады.
Орнитолог илимпазлардың пикиринше, жергиликли тилде қызылғаз деп аталатуғын фламинго қуслары Қарақалпақстанда тийкарынан ушып өтиўши, ушыў алдынан азықланыўшы қус сыпатында белгили. Бирақ, қарақалпақстанлы орнитолог илимпазлар 2014-жылы Судочье көллер системасында алып барылған изертлеўлер ўақтында фламингоның үлкен уялаўшы колониясын тапқан еди.
Фламингоның тийкарғы азығы майда қызыл артемия ҳәм оның мәйеклери (цисталары) саналады. Оннан тысқары фламинголар моллюскалар, шыбын-ширкейдиң личинкалары ҳәм қуртлар менен де азықланады. Олар азықты суўдың сайыз жерлеринде излейди. Фламинголар уялаған суўында азықланыўы да мүмкин, бирақ азық аз болса, азық көплеў жерлерге ушып барып-қайтады (30-40 ҳәттеки 50-60 км).
Арал теңизинде артемия жәнликлерин аўлаў менен шуғылланыўшы «Аральская аквакультура» кәрханасының бас директоры Владимир Часовниковтың мәлим етиўинше, бәҳәр-гүз айларында Арал теңизи жағаларында фламинголар топарын ушыратыў мүмкин. Фламинголар бул жерге жақын Судочье көлинен ушып келип, артемиялар менен азықланады.
Ең қызығы сонда, фламинголар усы артемиялар менен азықланып, денесине май топлайды, нәтийжеде қызғыш түске кире баслайды. Олар көбейиў ўақтында қостарына тартымлы көриниўи ушын қызғыш түске ениўге ҳәрекет етеди, яғный көбирек артемия жейди.
Фламинго қусы Өзбекистан Республикасының Қызыл китабына кирген 40 түрдеги қустың бири саналады.
Анвар Насирлаев, ӨзА